Халықты зыянлы шаўқым тәсиринен қорғаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде ислеп шығылған бул нызам жойбары сиясий партиялар фракциялары, депутатлар, комитет жанындағы жәмийетлик кеңес ағзалары ҳәм тараў қәнигелериниң усынысларын есапқа алған ҳалда екинши оқыўға таярланды ҳәм жетилистирилди.
Атап айтқанда, нызам жойбары менен пуқаралардың тынышлығы ҳәм нормаль дем алыўын бузбаўға жол қойылмайтуғын ўақытты ҳәзирги 7 сааттан (саат 23:00 ден 06:00 ге шекем) 8 саатқа шекем (саат 23:00 ден 07:00 ге шекем), нызамшылықта белгиленген дем алыс ҳәм жумыс исленбейтуғын байрам күнлеринде болса саат 22:00 ден 09:00 ге шекем етип өзгертиў усыныс етилмекте. Бул дәўирде пуқаралардың тынышлығы ҳәм нормаль дем алыўын бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.
Сондай-ақ, нызам жойбары менен көп қабатлы турақ жайларда шаўқым дәрежеси нормадан жоқары болған қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары тек ғана жумыс күнлери саат 09:00 ден 18:00 ге шекем әмелге асырылыўы белгиленбекте.
Шаўқымның зыянлы тәсири ақыбетинде жеткерилген зыян суд тәртибинде қапланыўы нәзерде тутылмақта. Онда компенсация төлениўи нызамбузыўшыларды шаўқымның зыянлы тәсириниң алдын алыўға қаратылған илажларды орынлаўдан азат етпейди. Сондай-ақ, жол қойылатуғын дәрежеден жоқары шаўқым шараятындағы жумысларда бәнт болған хызметкерлерге мийнет нызамшылығына муўапық арттырылған муғдарда мийнет ҳақы төленеди.
Сондай-ақ, системалы түрде белгиленген нормадан жоқары шаўқым шығарып атырған объектлердиң жумысын пуқаралардың тынышлығы ҳәм нормаль дем алыўы бузылыўы мүмкин болмаған ўақытқа тоқтатып турыў механизми анықластырылмақта.
Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи халықтың денсаўлығы ҳәм тынышлығын ҳәр қандай зыянлы шаўқым тәсиринен қорғаў бойынша нәтийжели ҳуқықый механизмлерди жаратыўға хызмет етеди.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.








