Зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға салық жеңилликлери бериледи

    Саноат[kk] 12 желтоқсан 2024 160

    2027-жыл 1-сентябрьге шекем "Өзбекзаргарсанаати" ассоциациясына ағза болған зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы исбилерменлер мүлк ҳәм жер салығынан азат етилиўи мүмкин.

    Сондай-ақ, сырт елде ислеп шығарылған қымбат баҳалы металлардан ҳәм қымбат баҳалы таслардан исленген зергерлик ҳәм басқа да буйымларды бажыхана төлемлери төленгенин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз сатыўға қойыў және усақлап сатыўда реализациялаў қадаған етилиўи күтилмекте.

    Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде көрип шығылған зергерлик санаатын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған нызам жойбарын додалаў даўамында айтып өтилди.

    Атап өтилгениндей, нызам жойбарында айырым нызам ҳүжжетлерине зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылардың қымбат баҳалы металларға болған талабын қанаатландырыў, олардың раўажланыўы ушын қолайлы бизнес орталығын жаратыў ҳәм нызамшылықтағы бюрократиялық тосқынлықларды либералластырыўға қаратылған бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.

    Атап айтқанда, аффинаж кәрханаларына (қурамында қымбат баҳалы металл ҳәм таслар болған шийки зат пенен ислесиў жумысын лицензия тийкарында әмелге асырыўшы кәрханалар) қымбат баҳалы металларды зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар ушын қолайлы түрде ҳәм муғдарларға келтирип сатыў және қымбат баҳалы металлардан сувенир теңгелер таярлаў ҳәм реализациялаў ҳуқықын бериў нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға да өзлери ислеген зергерлик буйымларының нағыс өнимлерин басқа ислеп шығарыўшыларға реализациялаў ҳуқықы берилмекте. Буннан тысқары, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден қымбат баҳалы металларды ҳәм зергерлик буйымларын сатып алыў жумысы ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғыны белгиленбекте.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates