Елимизде өсимликлердиң 4,5 мыңға шамалас түри өседи. Биологиялық ҳәм ландшафт ҳәр түрлилиги де тийкарғы миллий байлықларымыз болып есапланады.
Бүгинги күнде қорықханалар ҳәм миллий тәбият бағларының хызметкерлери тәрепинен тек ғана өз аймағындағы тәбийий байлықларды сақлаў емес, ал халық арасында қорғалатуғын тәбийий байлықлардың қаншелли әҳмийетли екенин түсиндириў, қоршаған орталықтың тазалығы ҳәм биокөптүрлиликти сақлаўға байланыслы үгит-нәсият жумыслары да алып барылмақта.
Бирақ, бүгин үлкен қәўипке дус келгенимизде үгит-нәсият жумыслары менен шекленип қалмастан, қатаң илажлар қолланыўымыз зәрүр екенлигин түсинип жеттик.
Усы жерде бүгинги күнде әмелге асырылып атырған "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары ықлымның өзгериўи, шөллениў, шорланыў, топырақ эрозиясы ҳәм басқа да машқалаларға шешим болып атырғанын тән алыў зәрүр. Дүньяның басқа мәмлекетлеринде экология менен байланыслы машқалаларды шешиў бойынша тәжирийбелерге нәзер тасласаңыз, ҚХРда ҳәзирги күнге шекем даўам етип атырған терек егиў, жасыл "белбеў"лер (қорғанлар) жаратыў арқалы шөллениўди тоқтатыўға ерисилгени итибарға ылайық.
Өткен әсирдиң 70-жылларында Қытайдағы Гоби ҳәм Такламакон шөлистанлықлары қәўипли дәрежеде кеңейе баслағаны, қумлықлардың мәдений өсимликлер өсип атырған майданларға кирип барғаны Қытай халқын тәшўишке салып қойған еди. 1978-жылы ҚХР ҳүкимети тәрепинен арнаўлы бағдарлама ислеп шығылып, оны әмелге асырыўға кирисилди. Яғный, еки үлкен шөл әтирапында жасыл "белбеў"лер жаратыўға миллионлаған халық тартылды. Нәтийжеде шөллениў процеси тоқтатылып ғана қоймастан, ал қумлықлар жутып жиберген егин майданлары қайтарып алынды. Енди қытайлылар шөллерди шегиниўге мәжбүрлеп, егин майданларын кеңейтиў ушын гүрес баслаған. Бул гүресте де нәл егиў, қорғаў тоғайлықларын жаратыў тийкарғы қурал ўазыйпасын атқармақта.
Мәмлекетимиздеги бар шөл аймақларының кеңейип барыўы азық-аўқат қәўипсизлигине де айрықша тәсир көрсете баслады. Нәтийжеде егислик жерлердиң өнимдарлығы төменлеп, егислик майданлары жылдан-жылға қысқармақта. Халықтың саны артып баратырғанын есапқа алғанда, бул қатаң жар салыўға тийкарлы хабар болып есапланады. "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары биз ушын соншелли әҳмийетке ийе, оның орынланыўын тәмийинлеўге жас та, жасы үлкен де бирдей жуўапкер болыўы керек.
2024-жылдың бәҳәр мәўсиминде Жиззақта 9,8 миллион түп нәл егиў белгиленген еди. Ўәлаят бойынша жәми 10,6 миллион түп нәл егилип, реже 107 процентке орынланды. Районлық (қалалық) экология инспекциялары тәрепинен жәми 294 кәрхана ҳәм шөлкемге саяманлы, мийўели тереклер ҳәм путалар және нәллерди азықландырыў ҳәм тәрбиялаў бойынша көрсетпелер берилди. Бирақ, көрсетпелерди өз ўақтында орынламағаны, суўғарыў жумысларын шөлкемлестирмегени және тереклер ҳәм нәллерди қорғаў илажларын көрмегени ҳәм басқылаў жағдайлары бойынша 167 жуўапкер хызметкерге 543 миллион 730 мың сум ҳәкимшилик жәриймалар қолланылды.
Жаз ҳәм гүз мәўсиминде ҳаўа температурасы кескин артып кеткен ўақытларда егилген терек ҳәм пута нәллериниң қуўрап қалыўының алдын алыў, егилген нәллерди сақлап қалыў мақсетинде 4 миллион 700 мыңнан аслам нәл суўғарылды.
Сондай-ақ, 2024-жыл гүзги нәл егиў мәўсиминде ўәлаят бойынша 6 миллион 668 мың 570 түп саяманлы терек ҳәм пута нәли егилип, белгиленген реже 105,2 процент орынланды.
Қулласы, бәҳәрги ҳәм гүзги егис жуўмағы бойынша ўәлаятта 17 миллион 268 мың 570 түп нәл егилди. Егер усы пәт сақлап қалынса, ўәлаятта жасыл майданлар сезилерли дәрежеде кеңейеди.
Бирақ, қағаздағы есабатларға қарап ис көрилгенде ҳәмме жер тоғайға айланып кеткен болар еди. Тилекке қарсы, ондай емес, айырым шөлкемлер ҳәм мәкемелер санлардың изинен қуўып, жердиң жағдайы, күнниң егиске сәйкеслиги, суўғарыў имканияты, шараятты есапқа алмастан нәл егиўге пәт салды. Нәтийжеде мыңлаған нәллер көгермей қуўрап қалды. Қанша мийнет, қанша қаржы ҳаўаға шашылды.
Аймақларда егилетуғын терек ҳәм пута нәллериниң көгерип шығыўын тәмийинлеў ушын суўғарыў системасы жоқ жерлерге және жасы 5 жылдан аз болған нәллерди егиў қадаған етилген болса да, усы жылдың бәҳәр мәўсиминде Арнасай, Бахмал, Ғаллаорол, Ш.Рашидов, Замин, Зарбдор, Зафарабад, Фориш ҳәм Янгиобод районларында жәми 14 кәрхана, шөлкем ҳәм мәкеме тәрепинен 42 мың 390 түп нәл суўғарыў системасы жоқ жерлерге егилген.
Бул бойынша басқарма тәрепинен 181 кәрхана ҳәм шөлкем жуўапкер шахсларына 589 миллион сумлық жәриймалар қолланылып, өндирип алынды.
Жаңадан қурылатуғын имарат ҳәм объектлерди жойбарластырыўда оларға тутас аймақлардың көклемзарластырыў майданлары жойбар ушын ажыратылатуғын жер участкалары улыўма майданның 25 проценттен аз болыўына жол қойылмайды деп белгиленген. Бирақ, бул мәселеге қурылыс шөлкемлери, буйыртпашы, жойбарлаўшы, жумысты бөлип алып ислеўши тәрепинен итибар берилмей, қурылыслар жойбарластырылып, пайдаланыўға тапсырылып жиберилмекте.
Соның менен бирге, мәмлекетлик әҳмийетке ийе автомагистраллар шетинде шөлкемлестирилип атырған "жасыл белбеўлер" суўғарыў системасының жоқ екенлиги ҳәм агротехникалық қағыйдаларға әмел етилмегенлиги себепли өнимдарлық дәрежеси төмен болып қалмақта. Район (қала) лардың ишки ҳәм орайлық көшелеринде егилген нәллердиң қуўрап қалыў жағдайлары көп ушыраспақта.
Жоқарыда келтирилген 42 мың 390 түп нәлдиң көпшилиги бәҳәрги егиў дәўиринде егилген ҳәм көгермегенлиги анықланған. Гүзги егисте көгермейтуғынлары енди белгили болады. Бундай көзбояўшылық, қаржыларды ҳаўаға шашыў есабынан режени орынлағаннан орынламаған жақсырақ емес пе? Әттең...
Тез арада бәҳәрги егис мәўсими басланады. Бирақ, ақылы бар басшылар, мәҳәлле жетекшилери қыстың жыллы күнлеринен пайдаланып, белгиленген орынларға нәл ҳәм пута нәллерин әлле қашан егип қойған. Жаңа мәўсим алдынан жол шетлеринде дәслеп суўғарыў системасын қәлиплестирип, кейин нәл егиўди баслаў керек.
Сондай-ақ, шөл аймақларында да қорғаў тоғайлықларын жаратыўдан алдын оларды суўғарыў мәселесин ойлап қойыў зәрүр. Болмаса қумлықлар сездирмей егислик жерлерге кирип келеди.
Асад МУСТАФОЕВ,
журналист