2019-жыл февральда басланған ҳәм 2022-жыл июльде жуўмақланған сөйлесиўлердиң нәтийжеси болған бул ҳүжжет 2022-жыл 6-июль күни Брюссель қаласында парафирланған еди. Барлық зәрүр тәртип-қағыйдалардың орынланыўына бир қанша ўақыт талап етилгеннен соң қол қойылыўы келисимниң стратегиялық әҳмийети ҳәм еки тәреплеме қатнасықлар көлеми кеңейип атырғанын тастыйықлайды. Структуралық жақтан 9 бөлим, 356 статья ҳәм 14 қосымшадан ибарат бул келисим бирге ислесиўдиң дерлик барлық бағдарларын қамтып алады.

Келисимге қол қойылыўы Өзбекстанның көп тәреплеме ҳәм тең салмақлы сыртқы сиясатын әмелий нәтийжелер менен тастыйықлайды, қалаберди, ол мәмлекет ишинде халықшыл реформалар, нызам үстинлиги және халықаралық стандартларға сәйкес демократиялық принциплерди избе-из енгизиўге берилген унамлы баҳа болып есапланады. Инсан ҳуқықлары, ашық басқарыў ҳәм базар реформаларында бақланып атырған өзгерислер Европаға бағдарланған шерикликти жаңа басқышқа алып шығыўға тийкар жаратты.

КШБК экономикалық-социаллық раўажланыў ушын анық жол картасын усыныс етип, саўда ҳәм инвестицияларды кеңейтиў арқалы жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, Европа Аўқамы мәмлекетлеринен заманагөй технологиялар ҳәм ноу-хау тартылыўына хызмет етеди. Соның менен бирге, санаатты модернизациялаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм агроқайта ислеў тараўында қун шынжырларын созыўға тийкар жаратады.

Билимлендириў, илим ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў университетлераралық қоспа бағдарлама, стажировка, илимий грант ҳәм стипендиялардың көлемин кеңейтеди. Санлы экономика ҳәм "жасыл" технологиялар бойынша Европа тәжирийбеси болса мәмлекетлик хызметлердиң сапасы ҳәм пуқаралардың турмыс тәризине тиккелей унамлы тәсир көрсетеди.

Ҳуқық үстинлиги, суд-ҳуқық реформалары, коррупцияға қарсы гүресиў, жеке мағлыўматларды қорғаў ҳәм киберқәўипсизлик бойынша аўызбиршилик бизнес ушын исенимли ҳуқықый орталық ҳәм узақ мүддетли инвестициялар ушын беккем тийкар жаратады.

Келисим инфраструктуралық байланыслылықты күшейтиўге де қаратылған. Европа Аўқамының Global Gateway басламасы ҳәм Транскаспий транспорт коридоры шеңберинде логистика хаблары, "жасыл" энергетика, суў ресурсларын басқарыў ҳәм климатқа бейимлесиў бойынша биргеликтеги бағдарламалар алға қойылады. Бул экспортты диверсификациялаў, ишки базарда бәсекини күшейтиў және сапа ҳәм қәўипсизлик стандартларын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.

EPCA, сондай-ақ, "жасыл" ҳәм санлы трансформация ушын зәрүр стратегиялық шийки затлар тараўында бирге ислесиў есиклерин ашады. ЕА - Өзбекстан арасында 2024-жылы қол қойылған түсинисиў меморандумы тийкарында технологиялар шынжырындағы байланыслылықты күшейтиў мақсет етилген.

Қол қойылыўы мүнәсибети менен қабыл етилген биргеликтеги билдириўде тәреплер EPCAны стратегиялық шерикликти тереңлестириўши тарийхый ҳүжжет сыпатында тән алды. Усы тәризде халықаралық ҳуқық, БМШ уставы ҳәм мәмлекетлердиң ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине ҳүрмет принциплерине садықлығы тастыйықланды. ЕА - Орайлық Азия саммитинде белгиленген мақсетлер, соның ишинде, Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген Орайлық Азия - ЕА экономикалық форумы ҳәм Транскаспий байланыслылық бойынша инвесторлар форумы қоллап-қуўатланды.

Тәреплер киберқәўипсизлик, терроризмге қарсы гүресиў, шегара қәўипсизлиги ҳәм гибрид қәўип-қәтерлерди сапластырыў бағдарларында бирге ислесиўди тереңлестириў, Global Gateway шеңберинде санлы ҳәм турақлы транспорт байланыслылығын раўажландырыў және стратегиялық шийки затлар тараўында өз-ара аўызбиршиликти күшейтиўге келисип алды. Париж келисимин толық орынлаў, Өзбекстанның Global Methane Pledge басламасына қосылыўы, суў-энергетика тараўында инновациялық бирге ислесиў ҳәм Аралбойы регионын тиклеў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер айрықша атап өтилди.

Жуўмақлап айтқанда, КШБК сыртқы сиясий жетискенликтен де көбирек - ишки реформаларды жеделлестириўши нәтийжели қурал болып табылады. Ол халықтың абаданлығы, бизнестиң бәсекиге шыдамлылығы ҳәм мәмлекеттиң халықаралық имиджин арттырыўға хызмет етеди. Енди тийкарғы ўазыйпа - қол қойылған миннетлемелерди өлшенетуғын әмелий нәтийжелерге айландырыў ҳәм Өзбекстан - Европа Аўқамы шериклигин әмелде жаңа басқышқа алып шығыў.

Элдар ТУЛЯКОВ,

"Раўажланыў стратегиясы" орайы атқарыўшы директоры