Бундай деўге көплеген тийкарлар бар, олардың ҳәр бири сапар етиўдиң әҳмийети қаншелли жоқары екенинен дәрек береди.
Бириншиден, мәмлекетимиз басшысының Малайзия Бас министриниң мирәт етиўине бола бул мәмлекетке сапары соңғы 20 жылдағы дәслепки рәсмий сапар болды.
Екиншиден, сапар рәсмийликтен жырақ, шын кеўилден өтти. Сапар етиўдиң толық мағлыўматларын бақлап, оған толық исеним пайда еттим. Яғный Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа пүткил күн даўамында, барлық рәсмий илаж ҳәм ушырасыўларда шериклик етти.
Президентимизди күтип алыўға Малайзия парламентиниң спикери шыққаны да бул мәмлекеттиң протокол әмелиятында бурын бақланбаған ўақыя болды. Бул тәреплер соның менен әҳмийетли, мезбанлардың буншелли шын жүректен, қатаң протокол қағыйдаларынан шегинип, жоқары ҳүрмет ҳәм исеним көрсеткени, әлбетте, олардың Өзбекстанға жоқары ҳүрмети, өз-ара бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў мақсетиниң исенимлилигиниң айқын үлгиси болды.
Үшиншиден, Куала-Лумпур қаласында болып өткен нәтийжели сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекетлеримиз арасында Стратегиялық шериклик жолында еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге, сондай-ақ, санаат, қурылыс, бажыхана, билимлендириў, медицина, мәденият сыяқлы бир қатар бағдарлар бойынша әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды. 5 миллиард долларлық саўда-экономикалық келисимлерге ерисилди. Өз гезегинде, сапар даўамында ерисилген бул нәтийжелер жақын келешекте Өзбекстан - Малайзия бирге ислесиўин стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығыўға тийкар жаратыўы менен әҳмийетли болып есапланады.
Төртиншиден, Малайзияның географиялық жайласыўы Өзбекстан ушын үлкен базарға жол ашады. Яғный, Малай ярым атаўындағы бул мәмлекет арқалы мәмлекетимиз тек ғана Малайзия емес, ал пүткил Азия-Тыныш океаны регионының үлкен базарларына шығыў имканиятына ийе болады. Бүгинги қыйын геосиясий ҳәм геоэкономикалық аўыр жағдайда жаңа шериклер табыў, жаңа базарларға жол ашыўдың әҳмийетин артықша түсиндириўге зәрүрлик жоқ.
Бул сапар етиўдиң және бир қатар әҳмийетли тәреплери бар, төменде бир топар жуўапкерлер ҳәм жәмийетлик белсендилердиң бул бойынша пикирлери менен танысыўыңыз мүмкин.
"ӨЗБЕКСТАН - 2030" ҲӘМ "МАЛАЙЗИЯ МАДАНИ" СТРАТЕГИЯЛИҚ БАҒДАРЛАМАЛАРЫ ӨЗ-АРА ҮНЛЕС
Бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Малайзия арасында стратегиялық шерикликти қәлиплестириўге қаратылған тығыз ҳәм көп қырлы бирге ислесиў раўажланып бармақта.
Итибарлы тәрепи сонда, ҳәр еки мәмлекеттиң раўажланыў ҳәм модернизацияға қаратылған стратегиялық бағдарламалары - "Өзбекстан - 2030" ҳәм "Малайзия Мадани" мақсет ҳәм ўазыйпалары жағынан өз-ара үнлес.
Еки стратегияның тийкарғы бағдарлары да көп жағынан бир-бирине сәйкес келеди. Атап айтқанда, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў, суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў, "Қәўипсиз ҳәм тынышлық сүйер мәмлекет" принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириўге айрықша итибар қаратылған.
Өз гезегинде, "Малайзия Мадани" стратегиясында билимлендириў, экономика, қаржы системасын раўажландырыў, мәмлекетлик институтлар ҳәм нызамшылық базасын жетилистириў, сондай-ақ, жәмийетлик ҳәм мәдений байланысларды беккемлеўге қаратылған илажлар нәзерде тутылған.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясы төмендеги әҳмийетли мақсет ҳәм көрсеткишлерди өз ишине алады: дәраматы орташадан жоқары мәмлекетлер қатарынан орын алыў, басқарыў лаўазымларындағы ҳаял-қызлардың үлесин 30 процентке арттырыў, жумыссызлық дәрежесин 7 процентке түсириў, Коррупцияны қабыл етиў индексинде кеминде 50 текшеге көтерилиўге ерисиў, "Жаңа Өзбекстан" - бәсекиге шыдамлы өнимлер ели" идеясы тийкарында миллий экспортёрларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, глобал инновациялық индексте топ-50 мәмлекетлер дизимине кириў ҳәм бюджет жетиспеўшилиги ЖИӨге салыстырғанда 3 процент дәрежесинде болыўын тәмийинлеў.
"Малайзия Мадани" стратегиясы болса Малайзияны дүньядағы ең жоқары 30 экономикалық раўажланған мәмлекет дизимине киргизиў, ҳаял-қызлардың мийнет базарында қатнасыўын 60 процентке жеткериў, мийнеткешлердиң дәраматын 45 процентке арттырыў, Коррупцияны қабыл етиў индексинде кеминде 25 текшеге көтерилиўге ерисиў, глобал бәсекиге шыдамлылық индексинде 12 жетекши мәмлекет қатарына кириў ҳәм халыққа қолайлы экономикалық шараят жаратыўды мақсет етеди.
Соның менен бирге, ҳәр еки мәмлекетте миллий стратегиялардың әмелге асырылыўын еркин мониторинг етиў системасы жолға қойылған. Мәселен, Өзбекстанда "Раўажланыў стратегиясы" орайы усы бағдарда жумыс алып бармақта, оның ўазыйпаларына "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳәм ҳәр жылы қабыл етилетуғын мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын нәтийжели жәмийетлик қадағалаў арқалы тәмийинлеў киреди.
Малайзияда "Малайзия Мадани" стратегиясының әмелге асырылыўын мониторинг етиў ҳәм баҳалаў, сондай-ақ, сиясий усыныслар бериў жумысын Мадани изертлеў орайы әмелге асырмақта. Бул шөлкем стратегияның әмелге асырылыў процеси ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етип барыўға да жуўапкер.
Улыўма, стратегияларымыздың әҳмийетли уқсаслығы сонда, еки бағдарлама да мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўына қаратылған.
Фотиҳжон ҚОДИРОВ,
"Раўажланыў стратегиясы" орайы бас қәнигеси