Орайлық ҳәм Қубла Азияның жетекши мәмлекетлери болған бул еки мәмлекет бир-бирин стратегиялық шерик сыпатында барған сайын анық көз алдына келтирип атыр. Кейинги жылларда Ташкент ҳәм Исламабад арасындағы сиясий сөйлесиў избе-из жеделлесип, жоқары дәрежедеги байланыслар турақлы ҳәм мазмунлы түс алды. Әсиресе, 2021-жыл июльде Стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойылғаны еки тәреплеме қатнасықларды жаңа сапа басқышына көтерди. Бул ҳүжжет бирге ислесиўди узақ мүддетли стратегиялық мақсетлер тийкарында раўажландырыўға қаратылған беккем институционаллық тийкар болды.
2022-жыл март айында мәмлекетимиз басшысының Пакистанға рәсмий сапары болса сиясий жақынлықты әмелий мазмун менен байытты. Бул сапар етиў даўамында саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды алға қойыў ҳәм тармақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди. Нәтийжеде еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар декларациялық билдириўлер шеңберинен шығып, анық экономикалық ҳәм социаллық нәтийже берип атырған бирге ислесиў моделине айлана баслады.
Қатнасықлар раўажланыўындағы кейинги әҳмийетли басқыш 2025-жыл февральда Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға сапары менен байланыслы. Сапар етиў жуўмақлары бойынша жоқары дәрежедеги Стратегиялық шериклик кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилип, еки тәреплеме қатнасықларды муўапықластырыў ҳәм системалы раўажландырыў ушын нәтийжели механизм ислеп шығылды. Бул болса бирге ислесиўди институционаллық жақтан және де беккемлеўге хызмет етеди.
Экономикалық көрсеткишлер де еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў мазмуны жағынан тереңлесип атырғанын айқын тастыйықлайды. 2025-жылдың жуўмағы бойынша өз-ара товар алмасыўдың көлеми 474,2 миллион АҚШ долларын қурады. Тоқымашылық, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында биргеликтеги жойбарлар қәлиплеспекте. Бул болса экономикалық бирге ислесиўдиң диверсификацияланып, турақлы тийкарда раўажланып атырғанын көрсетеди.
Әсиресе, транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы транспорт коридорларын раўажландырыў Орайлық Азия мәмлекетлериниң Қубла Азия базарына шығыў имканиятын кеңейтеди. Бул тек ғана еки мәмлекет емес, ал пүткил регионның экономикалық интеграциясы ушын оғада әҳмийетли.
Еки тәреплеме қатнасықларда гуманитарлық бирге ислесиў де айрықша орын ийелейди. Уллы жипек жолына барып тақалатуғын улыўмалық тарийхый ҳәм мәдений мийрас халықлар арасындағы сөйлесиў ушын беккем руўхый тийкар болып хызмет етпекте. Мәденият ҳәм билимлендириў тараўындағы алмасыўлар көлеми кеңейип бармақта. 2021-жыл июльде қол қойылған мәдений бирге ислесиў бағдарламасы бул бағдарда системалы бирге ислесиўди тәмийинлемекте.
Туризм тараўындағы байланысларды раўажландырыў бағдарында да унамлы қәдемлер тасланбақта. 2024-жыл ноябрьде Ташкент ҳәм Лаҳор қалалары арасында тиккелей авиақатнаўлардың тиклениўи саўда, туризм ҳәм исбилерменлик байланысларына жаңа пәт бағышлады.
Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў болса айрықша стратегиялық мазмунға ийе. 2021-жыл апрельде қол қойылған мине усы меморандум аграр тараўдағы әмелиятларды жетилистириў, тәжирийбе алмасыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын беккем тийкар жаратты. 2024-жылы Ташкент қаласында болып өткен ҳүкиметлераралық комиссияның 9-мәжилисинде ерисилген келисимлер бул тараўда әмелий нәтийжелер бермекте.
Президентимиздиң Пакистанға гезектеги мәмлекетлик сапары мине усы унамлы динамиканы және де беккемлеўге қаратылған. Сапар етиў шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилип, сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларында жаңа келисимлерге ерисиў режелестирилген. Сондай-ақ, биргеликтеги декларация ҳәм көп қырлы ҳүжжетлер топламын қабыл етиў, еки мәмлекет исбилермен топарларының қатнасыўында биргеликтеги бизнес форум өткериў нәзерде тутылмақта.
Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы қатнасықлар бүгин дәстүрий дипломатия шеңберинен шығып, регионлараралық байланыслылықты беккемлеў, турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў ҳәм халықлардың абаданлығына хызмет етип атырған стратегиялық шерикликке айланбақта. Президентимиздиң Пакистанға мәмлекетлик сапары бул процессте жаңа бет ашып, еки елдиң бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығады.
Гүлжан ХАЛМУРАТОВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты.