Өзбекстан Сыртқы ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, 27-октябрь күни интернетте Таиланд ҳүкимети тәрепинен 2026-жыл 15-сентябрьден енгизилген, Өзбекстан пуқараларының усы мәмлекетке, соның ишинде, туристлик мақсетлерде барыўы ушын электрон виза рәсмийлестириўди нәзерде тутатуғын қарар бийкар етилиўи мүмкин екенлиги ҳаққында хабарлар тарқалған.

Министрликке бола, Өзбекстан пуқараларының Таиландқа сапарларын жеңиллетиў мақсетинде усы жылдың май айынан берли жедел дипломатиялық сөйлесиўлер алып барылмақта.

Атап айтқанда, Таиланд Сыртқы ислер министрлиги менен тиккелей сөйлесиўлер нәтийжесинде еки мәмлекет арасында визасыз сапар етиўлер ҳаққындағы келисимге қол қойыў бойынша келисимге ерисилген. Ҳәзирги ўақытта келисим тексти Тайланд тәрепинен көрип шығылмақта.

Сондай-ақ, өзбекстанлылардың Таиланд электрон визасын рәсмийлестириўде ушырасып атырған машқалаларын шешиў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.

Өзбекстанның Таиландтағы Бас консульханасы усы мәмлекет Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Туризм ҳәм спорт министрлиги менен турақлы ушырасыўлар өткермекте. Өзбекстанның Россиядағы елшиханасы болса Таиландтың Москвадағы дипломатиялық ўәкилханасы менен бирге ислеспекте.