Кейинги жылларда еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў көп қырлы түрге енип, стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта.
Малайзияның географиялық жайласыўы Өзбекстан ушын әҳмийетли абзаллықлар жаратады. Малай ярым атаўында жайласқан бул мәмлекет арқалы мәмлекетимиз Азия-Тыныш океаны регионының үлкен базарларына шығыў имканиятына ийе болады. Әсиресе, Малакка транспорт жолы айрықша әҳмийетке ийе. Бул жол Қубла Қытай теңизин Ҳинд океаны менен тутастырып, Европа ҳәм Шығыс Азия арасындағы саўда ағымларын байланыстырыўшы көпир ўазыйпасын атқарады.
Малакка коридоры дүньяның ең тығыз аймақларынан бири болып есапланады. Ол Ҳиндстан, Қытай ҳәм АСЕАН мәмлекетлери сыяқлы халқы тығыз жайласқан регионларды бир-бирине байланыстырады. Бул болса Өзбекстан ушын тек ғана Малайзия емес, ал пүткил Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлери менен саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў имканиятын береди.
Еки мәмлекет арасындағы саўда байланыслары өзине тән өзгешеликлерге ийе. Малайзиядан тийкарынан май өнимлери, машина ҳәм транспорт аўысық бөлеклери, азық-аўқат ҳәм химиялық өнимлер импорт етиледи. Өзбекстан болса химия санааты өнимлери, тоқымашылық буйымлары ҳәм қайта исленген аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етпекте.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Малайзияға сапары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа бет ашты. Бул сапар етиў тек ғана дипломатиялық байланысларды беккемлеў емес, ал бар жоқары потенциалдан нәтийжели пайдаланыў арқалы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди. Дүньядағы геосиясий жағдай ҳәм анық емес экономикалық қатнасықлар шараятында бул фактор оғада әҳмийетли. Бул сапар етиў еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм стратегиялық шерикликти күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы дипломатиялық байланыслар 1992-жылы орнатылған, бүгинги күнге шекем еки мәмлекет бирге ислесиўи избе-из раўажланып келмекте. Мәмлекетлераралық қатнасықлардың барлық тараўларында, атап айтқанда, экономикалық-сиясий, илимий-мәдений ҳәм билимлендириў тараўларында нәтийжели нәтийжелерге ерисилмекте. Сиясий тараўда турақлы түрде жоқары дәрежедеги ушырасыўлар өткерилип, парламентлераралық байланыслар раўажланбақта. Мәмлекетлер халықаралық шөлкемлер шеңберинде де белсене бирге ислесип келмекте.
Бул сапар етиў шеңберинде ерисилген келисимлер мәмлекетимиздиң экономикалық, илимий-мәдений потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтиў орынлы. Атап айтқанда, Стратегиялық шериклик жолында еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге қол қойылыўы бирге ислесиўдиң барлық бағдарларын буннан былай да раўажландырыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратты. Бул болса, өз гезегинде, билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў имканиятын береди.
Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар, әсиресе, экономикалық тараўда соңғы дәўирде жедел пәтлерде өспекте. Буны еки тәреплеме саўда айланысының артыўы ҳәм ҳәр қыйлы тараўлардағы жедел бирге ислесиў мысалында көриў мүмкин. Санларға нәзер таслайтуғын болсақ, 2017-2024-жыллар аралығында еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми 65,5 миллион доллардан 102,4 миллион долларға шекем көбейип, 1,6 есеге өсиў атап өтилди. Экспорт 1,3 есеге, импорт болса 1,6 есеге артты. Бул көрсеткишлер өз-ара саўданы раўажландырыўға умтылыў күшейгенин көрсетеди.
Кейинги сегиз жылда Өзбекстан тийкарынан химиялық төгинлер ҳәм хызметлерди экспорт еткен болса, Малайзиядан пальма майы, ҳайўан ҳәм өсимлик майлары, химиялық ҳәм жуўыў қураллары, азық-аўқат өнимлери, таяр өнимлер ҳәм хызметлер импорт етилди.
2024-жылғы экспорт 6 миллион долларды қурап, оның 41 проценти азық-аўқат өнимлери (овош, собықлы өсимликлер ҳәм мийўелер), 55 проценти химиялық элементлер, атап айтқанда, төгинлерге туўра келди. Импорт болса 96,4 миллион долларды қурады. Оның қурамында азық-аўқат өнимлери (какао унтағы, кофе экстракты, соуслар ҳәм кондитер өнимлери) - 23, ҳайўан ҳәм өсимлик майлары - 44, жуўыў қураллары ҳәм спиртли араласпалар - 14, машина ҳәм транспорт үскенелери - 9, транспорт хызметлери - 4, медициналық өнимлер - 2,1 процентти қурады.
2017-2024-жыллар даўамында Малайзиядан тартылған тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң көлеми 12,9 миллион долларға жетти.
Келтирилген санлар ҳәм бағдарлар еки мәмлекет арасындағы экономикалық-саўда байланысларын және де раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин көрсетеди. Өз-ара саўда ҳәм инвестицияларға қызығыўшылықтың артыўы тийкарғы тармақларда бирге ислесиўди күшейтиў имканиятын бермекте. Бул болса экономикалық өсиўге, бәнтликти арттырыў ҳәм халықтың абаданлығын жоқарылатыўға хызмет етеди. Бирге ислесиўди нәтийжели раўажландырыў ушын комплексли қатнас ҳәм бар имканиятлардан үнемли пайдаланыў талап етиледи.
2025-2026-жылларды Өзбекстан - Малайзия шериклигин инновациялық раўажландырыў дәўири, деп жәрияланыўы айрықша итибарға ылайық. Бул дәўирде санлы технологиялар, жасалма интеллект ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Бул болса жасларымыздың заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеўинде айрықша әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, Ташкент ўәлаятында Малайзия компаниясы басқарыўында арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестирилиўи режелестирилгенин де атап өтиў керек. Бул жойбар шеңберинде тек ғана экономикалық емес, ал илимий-технологиялық бирге ислесиў де жолға қойылады. Бул зонада инновациялық орай, изертлеў лабораториялары ҳәм оқыў орайын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Товар алмасыў көлемин арттырыў мақсетинде жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў, өз-ара санаат көргизбелерин өткериў, санаат кооперациясы бағдарламасын қабыл етиў бойынша келисимлерге ерисилди. Бул болса, өз гезегинде, еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў имканиятын береди.
Бул сапар етиў нәтийжелери бойынша қабыл етилген ҳүжжетлердиң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады. Усы мақсетте турақлы түрде парламентлик қадағалаўды алып барыў, орынларда мониторинг илажларын өткериў мақсетке муўапық. Буннан тысқары, келисимлердиң орынланыўы бойынша ҳәр шеректе есабатлар тыңланыўы, зәрүр жағдайларда тийисли министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының мәлимлемелери тыңланыўы нәтийжелиликти тәмийинлеўге хызмет етеди.
Сапар даўамында инвестициялық бирге ислесиўди күшейтиў бойынша бир қатар келисимлерге қол қойылды. Атап айтқанда, оларда энергетика ҳәм қайта тиклениўши дәреклер тараўында инвестициялық жойбарларды турмысқа енгизиў, нефть-химия ҳәм фармацевтика тараўларында қоспа кәрханаларды шөлкемлестириў, Малайзияның жетекши банклери ҳәм финанс институтлары менен бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери орын алған.
Бул сапар етиў даўамында Өзбекстан ҳәм Малайзия исбилермен топарлары арасындағы қатнасықларды буннан былай да беккемлеў ушын экономикалық комиссияны дүзиў мәселеси де додаланғаны экономикалық қатнасықта үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Азия раўажланыў банки шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиўге тийисли келисимлерге ерисилди.
Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў мәселесине тоқталатуғын болсақ, қол қойылған келисимлер шеңберинде жоқары билимлендириў мәкемелери арасында профессор-оқытыўшылардың алмасыўы, биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў режелестирилген. Әсиресе, “Visiting Professor” бағдарламасы арқалы маман педагогларымыздың Малайзия университетлеринде жумыс алып барыўы перспективалы бағдар есапланады. Буннан тысқары, Малайзияның жетекши университетлери менен орнатылған байланыслар тийкарында студентлер алмасыў бағдарламаларын жолға қойыў, аралықтан билимлендириў имканиятларынан пайдаланыў бойынша да келисимлерге ерисилди.
Илим тараўында ерисилген келисимлер де айрықша итибарға ылайық. Малайзияның илимий-изертлеў мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў мәселеси турақлы итибарда болады. Атап айтқанда, Ислам ой-пикири ҳәм цивилизациясы халықаралық институты менен қол қойылған меморандум шеңберинде биргеликтеги изертлеўлер алып барыў, илимий-техникалық потенциалды арттырыў имканияты жаратылды. Сондай-ақ, Малайзия тәжирийбесин үйренген ҳалда, илимий-изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў механизмлерин жетилистириў бойынша келисимге ерисилгени үлкен нәтийже беретуғыны сөзсиз.
Еллеримиз арасында мәдений илажлар ҳәм фестиваллар шөлкемлестириў, музейлер ҳәм мәденият мәкемелери арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў бойынша да әҳмийетли келисимлерге ерисилди, усы жылы еки тәрепте де мәденият ҳәптеликлериниң өткерилиўи режелестирилгени пикиримизди тастыйықлайды. Сондай-ақ, Малайзия Ислам көркем өнери музейи менен орнатылған байланыслар мәдений мийрасымызды халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў имканиятын береди. Музей фондында сақланып атырған 200 ден аслам сийрек ушырасатуғын экспонатлар Өзбекстан тарийхы ҳәм мәдениятына байланыслы, оларды үйрениў ҳәм изертлеў бойынша бирге ислесиў жолға қойылғанын айрықша атап өтиў керек. Буннан тысқары, зыярат туризмин раўажландырыў, "Умра плюс" бағдарламасы шеңберинде малайзиялы туристлер ушын қосымша имканиятлар жаратыў мәселелери де додаланды.
Хабарыңыз бар, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимниң Самарқандқа сапары шеңберинде шөлкемлестирилген Өзбекстан - Малайзия исбилерменлер бизнес форумында еки мәмлекет жоқары билимлендириў мәкемелери арасында академиялық бирге ислесиў келисимлерине қол қойылған еди. Өткен дәўир даўамында бул келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде илимий-техникалық тараўда еки мәмлекет илимпазлары арасында тәжирийбе алмасыў жолға қойылды. Биргеликтеги илимий изертлеўлер, конференция ҳәм семинарлар өткерип келинбекте. Малайзияның алдынғы технологиялық жетискенликлерин Өзбекстанға енгизиў бағдарында бирге ислесиў байланыслары орнатылған.
Нәтийжеде билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўындағы өз-ара бирге ислесиў жедел раўажланып, Техникалық бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде мәмлекетимиздиң министрликлери ҳәм уйымлары қәнигелериниң маманлығын арттырыў мақсетинде 850 ден аслам қәниге Малайзияда кәсиплик тәжирийбе арттырды. Ҳәзирги ўақытта Малайзияның абырайлы университетлеринде 500 ден аслам жасларымыз оқып атыр.
Бул бирге ислесиў экономикалық, илимий ҳәм мәдений байланыслардың және де тереңлесиўине хызмет етпекте. Малайзияның абырайлы университетлери менен қоспа билимлендириў бағдарламалары жолға қойылған. Өзбекстанлы студентлер Малайзияда билим алыў имканиятына ийе.
Инновациялық технологиялар, нанотехнологиялар, биотехнологиялар ҳәм басқа да заманагөй бағдарларда қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта. Малайзияның илимий-изертлеў орайларының тәжирийбеси Өзбекстанда кеңнен үйренилмекте.
"Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде жоқары билимлендириў тараўындағы имканиятлар ҳәм басламалар" атамасында болып өткен биринши Өзбекстан - Малайзия билимлендириў форумының шөлкемлестирилгени, оның шеңберинде 50 ден аслам шәртнамаларға қол қойылғаны билимлендириў ҳәм илимий алмасыўларға жаңа руўх бағышлайды. Бул өз гезегинде, еки мәмлекеттиң интеллектуаллық потенциалын арттырыў, инновациялық раўажланыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.
Ерисилген келисимлерге бола, елимиз студентлери ушын Малайзия жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыў ушын грантлар ҳәм жеңиллетилген бағдарламалардың саны арттырылып, илимий-изертлеў ҳәм академиялық алмасыў бағдарламалары кеңейтиледи.
Келешектеги режелерге итибар берсек, еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын көплеген имканиятлар бар екенлигин көриўимиз мүмкин. Булар саўда-экономикалық байланысларды диверсификациялаў ҳәм товар айланысының көлемин арттырыў, инвестициялық бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм қоспа кәрханалардың санын көбейтиў, инновациялық технологиялар тараўында тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў, билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў, мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеўде айқын көринеди.
Қол қойылған келисимлер тек ғана экономикалық ҳәм сиясий тараўларды емес, ал билимлендириў ҳәм мәденият тараўларын да қамтып алады. Бул болса Өзбекстан ҳәм Малайзия қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыў ушын беккем тийкар жаратады.
Жуўмақ орнында атап өтиў керек, Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы бирге ислесиў қатнасықлары турақлы раўажланыў жолында, мәмлекетимиз басшысының Малайзияға рәсмий сапары еки мәмлекет арасындағы қатнасықларда жаңа басқыштың басланыўын белгилеп берди. Қол қойылған стратегиялық шериклик қарарлары регионаллық бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Нодир ЖУМАЕВ,
экономика илимлериниң докторы, профессор