Баслама Саўда-санаат палатасы менен биргеликте алға қойылды.

Ассоциация исбилерменлердиң усыныс ҳәм машқалаларын жуўапкер шөлкемлерге жеткериў, олардың шешимин табыўға жәрдемлесиў менен шуғылланады. Бул ҳаққында ыссыхана хожалықлары менен өткерилген ушырасыўда мәлим етилди.

Жаңа структураның тийкарғы мақсети — ыссыхана ийелериниң даўысын бирлестириў, олардың машқалаларын өз ўақтында көтериў ҳәм шешимин биргеликте табыў.

Сондай-ақ, 22-октябрь күни қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық, ыссыханалар экологиялық талапларға әмел еткен ҳалда жумысын даўам еттириўи мүмкин.

Қарардағы әҳмийетли тәреплерден бири — алдын орнатылған фильтрлер белгиленген нормаларға жуўап берсе, оларды жаңасына алмастырыў шәрт емес. Тийисли сертификат ҳәм рухсатнамалар тийкарында бар үскенелерден пайдаланыў мүмкин.