Атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаў, қала ҳәм аймақларда жасыл аймақларды кеңейтиў, экологиялық билимлендириў ҳәм мәдениятты арттырыў, шөллениўге қарсы гүресиўдиң илимий-әмелий тийкарларын беккемлеўге қаратылған басламалар көрип шығылды.
Бәринен бурын, "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Ташкент қаласында ҳаўаның белгиленген нормалардан артықша патасланыў жағдайлары анықланбақта. Бундай жағдай Наўайы, Ферғана, Шыршық ҳәм Термиз қалаларында да бақланбақта. Санааттың раўажланыўы, углерод жанылғысынан кеңнен пайдаланыў, транспорт қуралларының көбейиўи, тәбийғый факторлар ҳәм қадағалаўдың жетерли дәрежеде емеслиги патасланыўдың тийкарғы факторлары сыпатында атап өтилди.
Бул бағдарда 2030-жылға шекемги тийкарғы мақсетлер, яғный атмосфераға шығып атырған патасландырыўшы элементлер көлемин азайтыў, санаат объектлеринде услап қалынатуғын шығындылардың үлесин арттырыў, транспорттан шығып атырған зыянлы шығындыларды азайтыў, ПМ2,5 дәрежесиниң белгиленген нормадан жоқары болған күнлерин азайтыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.
Атап өтилгениндей, көрилген оператив илажлар нәтийжесинде Ташкент қаласында ҳаўа сапасы белгили дәрежеде жақсыланған. Атап айтқанда, усы жылдың январь-февраль айларында ПМ2,5 тиң концентрациясы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда сезилерли дәрежеде азайған. Енди бул бағдарда басқышпа-басқыш аймақлық бағдарламалар қабыл етилип, ҳәр бир ўәлаятта анализ ҳәм диагностика, ҳаўаны мониторинг етиўдиң бирден-бир системасы ҳәм патасландырыў дәреклерин хатлаў шөлкемлестириледи.
"Таза ҳаўа" жойбарында энергетика ҳәм санаатқа айрықша итибар қаратылған. Өнимлериниң бир бөлегин альтернатив энергия дәреклери есабынан ислеп шығаратуғын кәрханаларға салық жеңилликлери ҳәм қаржылай жеңилликлер бериў, автоматикалық мониторинг станциялары, фильтрлер, шаң-газ ҳәм энергия үнемлейтуғын үскенелерди кеңнен енгизиў нәзерде тутылған. Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақлардағы санаат кәрханаларында мәжбүрий автоматластырылған мониторинг постлары орнатылып, мағлыўматлар бирден-бир геомәлимлеме системасына интеграцияланады. Бул талапларды орынламаған субъектлер ушын компенсация төлемлери кескин арттырылады.
Қурылыс тараўында да экологиялық талаплар күшейтилмекте. Жаңа ири объектлерди жойбарластырыўда көклемзарластырыў үлесин арттырыў, қурылыс материалларын жабық орынларда сақлаў, шығындыларды арнаўлы қубырлар ҳәм контейнерлер арқалы таслаў, аймақларды қорғаўшы тосықлар менен қорғаў, онлайн бақлаў камераларын орнатыў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, "самал жоллары"н сақлап қалыў, қурылыс процесинде экологиялық экспертиза жуўмақларын мәжбүрий есапқа алыў, қалада экологиялық ҳәм суў ресурсларын басқарыў бойынша мастер-реже ислеп шығыў усыныс етилди.
Тәбийғый шаңның тәсирин азайтыў бойынша да анық илажлар белгиленди. Ташкент қаласы әтирапында "жасыл белбеў" жаратыў, Сурхандәрья ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында шаң боранларының алдын алыў мақсетинде жасыл тосықлар шөлкемлестириў, жасалма көллер ҳәм суў бассейнлерин жаратыў, пайтахт районларында фонтанларды көбейтиў, жапырақларды компост ҳәм мулчаға қайта ислеўди жолға қойыў усылардың қатарына киреди. Булардың барлығы ҳаўада шаң бөлекшелериниң концентрациясын азайтыўға ҳәм қала орталығын саламатландырыўға хызмет етиўи керек.
Транспорт тараўында да айрықша бағдарлар белгиленди. Мотор жанылғысы стандартларын басқышпа-басқыш күшейтиў, автотранспорт қуралларын экологиялық классификациялаў, оларға "қызыл", "сары" ҳәм "жасыл" категориялы стикерлер бериў, техникалық көриктен өткериўди экологиялық талаплар менен байланыстырыў, ескирген автопаркти жаңалаў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм жәмийетлик транспорт үлесин арттырыў нәзерде тутылған. Бул, бәринен бурын, ири қалалардың орайларында жол ҳәрекети менен байланыслы патасланыў көлемин азайтыў имканиятын береди.
"Таза ҳаўа" жойбарының әҳмийетли бөлеги сыпатында ыссыханалар мәселеси де көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында ыссыхана хожалықлары көп муғдарда жәмленген болып, жылытыў дереги сыпатында көмир, мазут ҳәм стандарт емес жанылғылардан пайдаланатуғын ыссыханалардың үлеси жоқары болып, NO₂, SO₂ ҳәм ПМ2,5 сыяқлы қәўипли элементлердиң шығыўы ҳаўа сапасына үлкен унамсыз тәсир көрсетпекте. Буннан тысқары, Ташкент ўәлаятында қуяш инсоляциясы басқа аймақларға салыстырғанда әдеўир төмен болғаны себепли бул жерде ыссыханаларда өним жетистириў қәрежетлери бир қанша жоқары. Мәселен, январь айында Ташкент қаласында орташа ҳаўа температурасы +6 дәреже болса, Термиз қаласында +10,8 дәреже болады. Ташкент ўәлаятында 1 тонна ыссыхана өнимин жетистириўдиң өзине түсер баҳасы 11,9 миллион сумды, Сурхандәрья ўәлаятында болса 4,9 миллион сумды қурайды.
Ыссыхана хожалықларының финанслық турақлылығы ушын да, ишки базарда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ушын да өнимлерди инсоляция дәрежеси жоқары болған аймақларда жетистириў пайдалы болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақлардағы ыссыхана хожалықларын басқышпа-басқыш тәбийғый-климат шараяты қолайлы ҳәм энергия үнемлеўшилиги жоқары районларға көшириў усыныс етилди. Соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаятының Шерабад районында кеминде 940 гектар майданда агропарк шөлкемлестириў режелестирилген. Бул аймақ жоқары қуяш инсоляциясы, қыстың жумсақлығы ҳәм ысытыў қәрежетлериниң әдеўир азлығы менен ажыралып турады, бул болса өнимниң өзине түсер баҳасын кескин азайтыў имканиятын береди.
2026-жыл 1-октябрьден баслап Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақларда жаңа ыссыханалар шөлкемлестириўди шеклеў, көширилип атырған хожалықларға инфраструктура, кредит ҳәм логистика бойынша жеңилликлер бериў режелестирилмекте.
Презентацияда "Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңбериндеги ботаника бағлары ҳәм дендрология бағлары концепциясы ҳаққында да мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, ботаника бағлары жергиликли ҳәм сырт ел өсимликлерин үйрениў, сақлаў, көбейтиў ҳәм көрсетиўге хызмет етсе, дендрология бағлары терек ҳәм пута түрлерин интродукциялаў, климатластырыў ҳәм илимий тийкарда тәрбиялаўға қәнигелескен. Концепцияға муўапық, ботаника бағларында ҳәр қыйлы флоралық экспозициялар, оранжереялар, нәлханалар, көллер, ишки жоллар, беседкалар, гүл майданлары шөлкемлестириледи.
Ҳәзирги ўақытта елимизде 3 ботаника бағы жумыс алып бармақта, жойбар шеңберинде және 12 ботаника бағы ҳәм 16 дендрология бағын шөлкемлестириў режелестирилген. Онда, ҳәр бир аймақ ушын топырақ-ықлым шараятларынан келип шығып, ең қолайлы терек ҳәм пута түрлери таңлап алынады.
2028-жылға шекем Қарақалпақстан Республикасы, барлық ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 100 гектардан кем болмаған ботаника ҳәм дендрология бағларын шөлкемлестириў режелестирилген. Нәтийжеде 2030-жылға барып мәмлекеттиң улыўма көклемзарластырыў дәрежеси 14,2 проценттен 30 процентке артыўы, ПМ2,5 ҳәм ПМ10 концентрациясы 20-25 процентке азайыўы ҳәм климаты қыйын аймақларда орташа ҳаўа температурасы 1,5-2 дәрежеге төменлеўи күтилмекте.
Соның менен бирге, пайтахтымызда Миллий дендрология бағын шөлкемлестириў концепциясы да таныстырылды. Бул үлкен жасыл аймақтың улыўма майданы 108 гектар болады. Жойбар шеңберинде 50 мың түп терек нәли ҳәм 100 мың түп пута нәли егиў режелестирилген. Бағ биологиялық көп түрлиликти сақлаў, ҳаўа сапасын жақсылаў, углеродты жутыўды көбейтиў, илимий-изертлеў ҳәм селекция жумысларын раўажландырыў, қаладағы микроклиматты саламатландырыўға хызмет етеди. Ол ҳаўа температурасын 2-4 дәрежеге төменлетиўи, ығаллықты 10-15 процентке арттырыўы күтилмекте.
Миллий дендрология бағы тек ғана жасыл аймақ емес, ал илимий, ағартыўшылық ҳәм жәмийетлик мәкан сыпатында да қәлиплеспекте. Бул жерде "Дүнья тереклери" зонасы, алты климат поясының өсимликлер коллекциясы, мийўели ҳәм жергиликли терек нәллери массивлери, дәрилик өсимликлер бағы, оранжерея, гүлзарлар, дем алыў орынлары, пиядалар ҳәм велосипед жоллары, автомобиль турыў орны, мийманларды қабыллаў майданшасын шөлкемлестириў режелестирилген.
Бағдың орайлық бөлиминде 1 гектарлық жасалма көл ҳәм оның әтирапында сакура бағы қурылады. Инфраструктурада заманагөй экологиялық технологиялар - қуяш панеллери, қайта исленген материаллардан исленген скамейка ҳәм беседкалар, автоматластырылған тамшылатып суўғарыў системасы қолланылады. Бул бағ Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) ушын тәбийғый лаборатория, халық ушын болса биотуризм ҳәм экологиялық ағартыўшылық орайы болады.
"Экологиялық мәденият" улыўмамиллий жойбары шеңберинде экологиялық билимлендириў, илим ҳәм ағартыўшылықты бирлестиретуғын жаңа системаны қәлиплестириў режелестирилген.
Бул тараўда халықаралық стандартларға сәйкес қәнигелердиң жетиспеўшилиги, халықтың экологиялық сана-сезими ҳәм турақлы әдетлер дәрежеси елеге шекем жетерли емеслиги, инновациялар ҳәм климат технологияларын әмелиятқа енгизиўге уқыплы кадрлардың жетиспеўшилиги сақланып атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен 2026-2027-оқыў жылынан баслап 14 аймақта "жасыл техникумлар" шөлкемлестириледи ҳәм олар академиялық бирге ислесиў тийкарында "Жасыл университет" системасына қосылады. Жойбарға бола, оқыўшылардың саны жыл сайын артып барады ҳәм 2028/2029-оқыў жылына шекем 10 мыңға жетеди. Бакалавриат ҳәм магистратурада қоршаған орталық ҳәм турақлы басқарыў, жасыл экономика, экологиялық инженерлик, климат өзгериўи, шөллениўге қарсы гүресиў, турақлы қала қурылысы ҳәм турақлы энергия алмасыўына байланыслы жаңа бағдарлар ашылады. Билимлендириў процесинде теориялық билим ҳәм әмелиятты үйлестириўди тәмийинлейтуғын дуал система енгизиледи. Сондай-ақ, университет билимлендириў системасын раўажландырыў, илимий-инновациялық жойбарлар ҳәм ағартыўшылық жумысларына үлкен қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.
Халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў ушын "10 мың қәдем" басламасын қайта тиклеў, "Саламат турмыс тәризи" платформасын иске қосыў, сондай-ақ, Самарқандта GEF-8 ассамблеясы ҳәм Eco Expo Central Asia 2026 халықаралық көргизбесин өткериў режелестирилген.
Презентацияда шөллениўге қарсы гүресиў стратегиясының жойбары да айрықша көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан аймағының 70 проценти қурғақ аймаққа тийисли болып, жерлердиң 70 проценттен асламы деградацияға ушыраған. Жер ресурслары жағдайының төменлеўи ҳәр жылы экономикаға 830 миллион доллар муғдарында зыян келтирмекте. Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде 3 миллион гектар жер жарамсыз жағдайға келип, аймақтың 56 проценти самал эрозиясы тәсирине ушыраған.
Усы мүнәсибет пенен Green University жанында регионаллық биргеликтеги илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул Орайлық Азияда шөлистанласыў процесслерин басқарыў бойынша биринши илимий хаб болыўы нәзерде тутылмақта. Орайдың қурамында 15 қәнигелескен лаборатория жумыс алып барады, жерлердиң жағдайын спутник мағлыўматлары, GIS ҳәм аралықтан зондлаў технологиялары тийкарында санлы мониторинг етиў жолға қойылады, қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлердиң генетикалық банки қәлиплестириледи, топырақты химиялық ҳәм физикалық анализлеў системасы жетилистириледи.
Бул арқалы шөллениў процесслерин прогнозлаў ҳәм карталастырыўдың миллий системасын жаратыў, Аралбойы ҳәм қурғақшыл аймақларда жасыл қапламаны кеңейтиў, жайлаўлардан турақлы пайдаланыўды жолға қойыў, шөл экономикасы моделлерин енгизиў мүмкин болады.
Мәмлекетимиз басшысы усыныс етилген жойбарлар экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, халықтың саламатлығын сақлаў, қала ҳәм аўыл орталығының қолайлылығын буннан былай да арттырыў, тараўға илим ҳәм заманагөй технологияларды кеңнен енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтип, усыныс етилген басламаларды мақуллады.