«Zhejiang Red Dragonfly Shoes» компаниясы мәмлекетимиздеги перспективалы жойбарларда бирге ислеседи

    Бизнес 1 желтоқсан 2024 226

    Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан ҳүкимет делегациясы Қытайда болып тур. Делегация қурамында "Өзчармсанаат" ассоциациясы да Қытайдың Ченду қаласында болып өткен Өзбекстан-Қытай бизнес форумында қатнасты. Бул сапар даўамында еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм мәдений байланысларды буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылмақта.

    "Өзчармсанаат" ассоциациясының баслығы А.Султанов Қытайға сапары шеңберинде бир қатар компаниялар менен былғары санаатындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселесин додалады. Сондай-ақ, А.Султанов Қытайдың белгили «Zhejiang Red Dragonfly Shoes» компаниясының басшылары менен ушырасып, жаңа инвестициялық жойбар ҳаққында сөйлесиў өткерди.

    Мағлыўмат ушын: «Zhejiang Red Dragonfly Shoes» компаниясы Қытайдың белгили аяқ кийим бренди болып есапланады. Компания ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын ҳәр қыйлы исбилермен, күнделикли ҳәм спорт аяқ кийимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланады. Оның тийкарғы өндирис орны Қытайдың Чжежианг ўәлаятында жайласқан. «Red Dragonfly» бренди жоқары сапалы материаллардан пайдаланыўы ҳәм заманагөй дизайнға итибар қаратыўы менен белгили. Компанияның өнимлерине тек ғана Қытайда емес, ал пүткил дүнья базарларында да талап жоқары.

    "Сөйлесиўде Өзбекстанда шөлкемлестирилген былғары санааты тараўына қәнигелескен киши санаат зоналары ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Мәмлекетимизде «Red Dragonfly» бренди менен аяқ кийим өнимлерин, терини қайта ислеў, тери өнимлерин ислеп шығарыў бойынша перспективалы жойбарлар додаланды. Компания бул бағдарда бирге ислесиўге таяр екенин мәлим етти.

    Усы мақсетте компания ўәкиллери декабрь айында Өзбекстанға келип, жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген киши санаат зоналары менен танысады.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates