Бул бағдарда көплеген нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, тараў алдына қойылған ўазыйпалар барынша орынланып келинбекте. Нәтийжеде мектепке шекемги билимлендириў реформалардың нәтийжеси сезилип атырған тараўға айланды.

Президентимиздиң усы жыл 5-февральдағы "Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм тапсырмалар белгиленди.

Биринши гезекте, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия системасын сырт ел тәжирийбеси тийкарында жетилистириўге итибар қаратылмақта. Бул өз-өзинен бақшаларда зәрүр шараят ҳәм имканиятлар жаратыўды талап етеди. Сондай-ақ, перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме жетик тәрбияланыўы ушын тәрбияшы-педагогларды жоқары мағлыўматлы етиў, оларға дуал билимлендириў түринде оқыў имканияты берилмекте. Буннан тысқары, системада мәмлекетлик емес секторды қоллап-қуўатлаў, исбилерменлерге бир қатар жеңилликлер бериў сыяқлы әҳмийетли мәселелер пәрманда өз сәўлелениўин тапқан.

Мектепке шекемги билимлендириў системасында сапаны арттырыў мақсетинде бақшалар ушын локомотив болып хызмет ететуғын "Жаңа әўлад" мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тармағын шөлкемлестириў де белгиленди. Бул бойынша Қубла Корея, Япония, Қытай, Германия сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилди. Соннан келип шығып, биз де ойынға тийкарланған билимлендириў методы менен мектепке шекемги билимлендириў системасын жетилистириўди режелестирип атырмыз.

"Жаңа әўлад" мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тармағы Балаларды раўажландырыў инновациялық орайларын қамтып алады. Бул бақшаларға балалар белгиленген тәртипте қабыл етиледи.

2026-жылы Ташкент қаласы ҳәм Қарақалпақстанда, 2027-жылы және 6 аймақта, 2028-жылы қалған 6 аймақта "Жаңа әўлад" мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери шөлкемлестириледи. Олардағы инновациялық орайларда ата-аналар ушын да, педагоглар ушын да тәрбия бағдарында заманагөй, жаңа технологиялар изертленеди. Орайларда дөретиўшилик ҳәм көркем өнер, илим ҳәм математика, физикалық белсендилик ҳәм қызығыўшылық, тил ҳәм қыял, робототехника бағдарында тематикалық ойын майданшалары да шөлкемлестириледи.

Инновациялық орайларды басқарыў ушын бир директор орынбасары ҳәм ҳәр бир тематикалық ойын майданына инструктор лаўазымлары шөлкемлестирилмекте. Бул да тараўда жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм саламат бәсеки орталығын жаратыўға хызмет етеди. Талабанлар өз үстинде шын кеўилден ислейди, тынымсыз изленеди.

Быйылғы оқыў жылынан баслап педагогикалық жоқары билимлендириў шөлкемлеринде мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў бағдары бойынша бакалаврлар халықаралық алдынғы тәжирийбе тийкарында таярланады. Сонлықтан, тәрбияшы-педагоглардың маманлығын арттырыў ҳәм орта арнаўлы мағлыўматлыларды жоқары мағлыўматлы етиў бойынша да айрықша тапсырма бар. Буның ушын тийисли жоқары билимлендириў шөлкемлери дуал билимлендириў (5+1) тийкарында мектепке шекемги билимлендириў бағдарында төлемли-шәртнама тийкарында бакалаврлар таярлаўды жолға қояды. Өз-өзинен мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм жумыс орынлары көбейеди. Қысқасы, орта арнаўлы мағлыўматлы педагоглардың да жоқары мағлыўматлы болыўы ушын имканият жаратылады. Бул, әлбетте, балалар бақшасында тәлим-тәрбия сапасын арттырыўға хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жумыс ислеп атырған басшы хызметкерлер, педагогларды қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў мақсетинде олардың айлық мийнет ҳақысына 20 процент үстеме қосыў бойынша тапсырма берди. Бул да тараў ўәкиллери ушын хошамет, материаллық мәп сыпатында, тәлим-тәрбияның сапасын арттырыўда әҳмийетли фактор болады.

Бул пәрман менен мектепке шекемги билимлендириў системасында жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў және де күшейтиледи. Әйне усы мәселе бойынша өз алдына тапсырмалар бар.

2026-жыл 1-апрельден баслап Ташкент қаласын есапқа алмаған ҳалда мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўы 80 проценттен төмен болған район (қала) лардағы исбилерменлик субъектлери ушын бир қатар жеңилликлер енгизилмекте. Атап айтқанда, мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң бос жер майданында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыўға рухсат бериледи.

Онда 30 жыл ижара төлеми өндирилмейди. Ҳәр бир бала ушын 9 саатлық жумыс режиминдеги мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң бир тәрбияланыўшысына жумсалатуғын қәрежеттиң 50 проценти муғдарында электрон қатнас тийкарында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисиминиң әмел етиў мүддети даўамында субсидия бериледи. Бул жеңиллик қамтып алыў дәрежеси 80 проценттен төмен болған район (қала) ларда 2024-жылдан баслап шөлкемлестирилип атырған мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине де қолланылады. Мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыўы 80 проценттен төмен болған район (қала) лардың дизими болса Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланады ҳәм бул дизим ҳәр қаржы жылы ушын жаңаланып барылады. Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тармағын кеңейтиў ушын енгизилип атырған жеңилликлер де орынларда қосымша орынларды ашыў имканиятын береди.

2027/2028-оқыў жылынан баслап мектепке таярлаў топарлары оқыў түри мәжбүрий орта билимлендириўдиң дәслепки басқышы сыпатында киргизилетуғыны белгиленди. Яғный улыўма орта билимлендириў системасы төрт басқыштан ибарат болмақта. Демек, биринши басқышта бир жыллық мәжбүрий мектепке таярлаў бағдарламасы 6-7 жасар балалар ушын, кейингиси баслаўыш класслар - 7-11 жасарлар ушын. Бул басқыш 1-4-классларды қамтып алады. Таяныш орта билим бериў 5-9-класларда 12-16 жаслыларға бериледи. Ақырғысы - орта билим бериў 10-11 класслар, яғный 17-18 жасар балалар қатнасыўында болады.

Мектепке таярлаў топарларында оқыған балаларға мәжбүрий мектепке таярлықтан өткенлиги ҳаққындағы электрон сертификат бериледи. Яғный мәжбүрий мектепке таярлаў билимлендириў бағдарламасы баслаўыш билимлендириў бағдарламасы менен үйлестириледи. Буның ушын "Билимлендириў ҳаққында"ғы нызам ҳәм мектепке шекемги билимлендириў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер киргизилиўи белгиленди.

Системада қабыл етилип атырған ҳәр бир ҳүжжет, бәринен бурын, қамтып алыўды арттырыў, сондай-ақ, тараўдың дүньялық көриниске ийе болыўына хызмет етеди. Солай екен, мәмлекетимиздиң абырайын илим менен қорғайтуғын жас әўлад ушын да билимлендириўдиң тырнағын беккем қурыўымыз зәрүр.

Эъзозхан КАРИМОВА,

мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри