Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен халықтың мүтәж қатламына социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм жәмийетте теңдей имканиятлар жаратыў мақсетинде бүгинги күнде аймақтағы 452 мәҳәлледе 448 социаллық хызметкер жумыс алып бармақта.
Бул хызметти 2025-жыл 1-апрельден Ташкент, Әндижан ҳәм Самарқанд қалаларында пилот жойбар сыпатында, 2025-жылдың ақырына шекем болса республиканың басқа аймақларында басқышпа-басқыш енгизиў белгиленди.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Төрткүл районының «Өзбекстан», «Туркман коли», «Яхтилик», «Машал» мәҳәллелеринде жасайтуғын пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады.
Ташкентте ҳаял-қызларға қарсы зорлыққа шек қойыў халықаралық күни мүнәсибети менен "Зорлыққа қарсы 16 күнлик белсенди ҳәрекет" глобаллық кампаниясы басланды.