Өзбекстанның басламасы менен еки күн даўамында халықаралық форум өткерилип, онда балалардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Бүгин, 11-сентябрь күни Ташкент қаласында балалардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мәселелерине бағышланған халықаралық форум өз жумысын баслады. Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан балаларға зорлықты сапластырыў бойынша глобал альянсқа қосылған 46-мәмлекет болды.
Усы жыл 5-августта Ташкенттеги Ботаника бағында "Тәбият балалар нәзеринде" сүўретлер таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.
1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева өз хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң перзентлери менен ушырасыў өткерди.
«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен «Меҳир ҳәм итибар – ҳәр бир бала ушын» сүрени астында илаж өткерилди.
Ҳәр жылы жаз айының биринши күни яғный, 1-июньда – Халықаралық балаларды қорғаў күни елимизде кең түрде белгиленеди. «Балаларға бериң дүньяны» сүрени астында өткерилетуғын бул байрам 1925-жылы Женевада балалар ҳуқықына бағышланған Пүткил жер жүзилик конференциясында шөлкемлестирилген ҳәм арадан 25 жыл өтип, 1950-жылдан баслап халықаралық байрам сыпатында белгиленип келинбекте.
Шоманай районындағы Бәркамал әўлад балалар мектебинде «2025-жыл – Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» мәмлекетлик бағдарламасына тийкарланып “Экология ҳәм биз” атамасында көргизбели кеше болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-ноябрьдеги «Балалардың дем алысын системалы шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў жумысларын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 27-февралдағы 84-санлы «Балалардың дем алысын шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў жумысларын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында, мектеп оқыўшыларының дем алысы (жазғы, гүзги, қысқы ҳәм бәҳәрги) дәўиринде шөлкемлестирилиў илажлары белгиленген.
Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева Жаңа жыл алдынан елимизде даўаланып атырған палестиналы балалардан хабар алып, Шавкат Мирзиёевтиң сәлеми менен жақсы тилеклерин жеткерди.