Елимизден Россияға келген оқыўшылар ушын қысқы дем алыс дәўиринде "Ертек тәризли Петербургқа саяхат" экскурсия-билимлендириў бағдарламасы шөлкемлестирилген.

Күтип алыў мәресиминде Россия ғәрезсиз кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары С.Некрасов шығып сөйледи. Ол Россия-Өзбекстан қатнасықларын беккемлеў әҳмийетли екенин ҳәм еки мәмлекет арасында бундай илажлардың әҳмийетин айрықша атап өтти. Баслық орынбасары көрсетилген жәрдем ушын Өзбекстанның Санкт-Петербург қаласындағы Бас консулханасына айрықша миннетдаршылық билдирди.

Илажда ҳәр қыйлы фольклор сахна көринислери қойып берилди. Балалар мийманханаға жайластырылғаннан соң, оларға жаңа жыл саўғалары берилди.

Ушырасыў барысы рус ғалаба хабар қураллары, атап айтқанда, "Россия" телеканалы хабаршылары тәрепинен кеңнен сәўлелендирилди, деп хабар береди "Дунё" МА.