Ҳәр жылы бәҳәр-жаз айларында масақлы дән егинлери жыйнап алыныўы менен атызларда сабан, пақал ҳәм басқа да органикалық қалдықларды нызамсыз түрде жағып жибериў сыяқлы жағдайлар бақланады. Бул экологиялық машқалаға қарсы гүресиў мақсетинде "Узсосмос" агентлиги бир неше жыллардан берли жасалма жолдаслар арқалы космослық мониторингти алып бармақта.
Мойнақ районында район ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм сектор басшыларының қатнасыўында гүзги-қысқы мәўсимде жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды күшейтиў мақсетинде гүзги-қысқы штабқа жуўапкер хызметкерлердиң жуўапкершилик жағдайы үйренилди.