Атап өтилиўинше, усы жылғы бақлаўлардың дәслепки таллаўларына бола, июнь айының бүгинги күнине шекем Республика көлеминде 1 605,4 гектар майдан жағыўға байланыслы 213 жағдай анықланды. Бул Сурхандәрья ўәлаятында 180 (1 324,8 гектар), Сырдәрья ўәлаятында 17 (135,2 гектар), Ташкент ўәлаятында 3 (58,2 гектар), Әндижан ўәлаятында 3 (18,5 гектар), Ферғана ўәлаятында 4 (20,4 гектар), Жиззақ ўәлаятында 2 (21,3 гектар) ҳәм Бухара ўәлаятында 4 (27,0 гектар) ти қурамақта.
Бул жағдайлар бойынша оператив мәлимлемелер Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм басқа да тийисли уйымларға жиберилген.
Дәнли егинлерден босаған майданларды тез ҳәм арзан жол менен жоқ етип жибериўге болған ҳәрекет Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 88-статьясы 3-бөлими менен базалық есаплаў муғдарының 10 есесине шекемги жәрийма қолланылыўына себеп болады. Зыян муғдары үлкен болған жағдайда ҳәттеки жынайый жуўапкершиликке алып келиўи мүмкин.
Көз алдынызға келтириң, 1 гектар жер майданында масақлы дән пақалы жағылғанда, 500 грамм азот оксиди, 379 грамм углеводород, 3 кг күл, 20 кг ийис гази ҳәм углерод оксиди газы атмосфераға тарқалады. Бул таза ҳаўаның патасланыўы менен бирге инсан организминде туберкулёз ҳәм рак кеселликлерин келтирип шығарыўы менен қәўипли.
Еслетип өтемиз, Узсосмос агентлиги бул жағдайларды жасалма жолдас сүўретлери арқалы күнлик мониторинг етип барады. Абайлы болың, мәмлекетимиздиң ең баҳалы ресурсларынан болған аўыл хожалығы егислик жерлерине ҳәр қандай түрдеги зыян жеткериўден сақланың. Барлық процесслер қадағалаў астында.
Ўатанласларымыз усындай унамсыз жағдайларға гүўа болғанда Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң 1207 исеним номерлерине қоңыраў етиўи мүмкин, - делинеди хабарда.

