Япония пайтахтындағы Миллий көркем өнер сарайында усы жылы 23-январь - 2-февраль күнлери болып өтип атырған "Көркем өнер - шегарадан асып" атамасындағы сүўретлер көргизбесинде Өзбекстан балаларының сүўретлери мүйеши шөлкемлестирилди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2016-жылы "Өзбекстан халық шайыры Еркин Ваҳидов туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеў ҳаққында"ғы қарарға қол қойып, тарийхый әдилликти тиклеген еди. Мәмлекетимиз басшысы уллы дөретиўшилерди еслеп, бундай уллы инсанлар миллеттиң мақтанышы, абырайы, ғәзийнеси екенин айтқан ҳәм: "Ҳәмме нәрсе итибар ҳәм мүнәсибетте", деп атап өткен еди. Соннан кейин елимизде әдебиятқа, миллет руўхыйлығына қаратылған реформалардың жаңа дәўири басланды.