Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов 23-24-апрель күнлери сапар менен Самарқанд қаласында болады.
Италия Республикасы Министрлер кеңесиниң баслығы Жоржа Мелони усы жылдың 25-26-апрель күнлери Өзбекстанға рәсмий сапар менен келеди.
Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Әндижандағы қурылыс жумысларын көзден өткерди.
Бүгин, 15-апрель күни Венгрия қорғаныў министри Кристоф Салай-Бобровниский басшылығындағы делегация Самарқанд ўәлаятына келди.
Президент Шавкат Мирзиёев бүгин Әндижан ўәлаятына барады.
Усы жылдың 4-апрель күни Самарқанд халықаралық аэропортында Жоқары мәртебели мийманларды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитинде қатнасыў ушын Өзбекстанға келди.
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитинде қатнасыў ушын Самарқандқа келди.
Жоқары мәртебели мийманды Самарқанд халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 31-март күни әмелий сапар менен Хоженд қаласында болады.