Бул ҳаққында Х социаллық тармағында Швейцарияның Бюргеншток қаласында
болып өткен Иран ҳәм Вашингтон арасындағы сөйлесиўлерди жуўмақлап, Иран сыртқы
ислер министри Аббос Арағчи мәлим етти, деп жазбақта Report.
Оның айтыўынша, тәреплер Иранның нефть ҳәм нефть-химия өнимлериниң экспортына
шеклеўлерди, Иран портларының блокадасын бийкар етиўге келисип алған.
"Иранның музлатылған активлериниң бир бөлеги блокдан шығарылды.
Соның менен бирге, Иранды тиклеў ҳәм раўажландырыў бойынша кең көлемли реже
басланды", - деп анықластырды Арагчи.
Буннан алдын Қатар ҳәм Пакистан сыртқы ислер министрликлери сөйлесиўлер
жуўмағындағы биргеликтеги билдириўинде Вашингтон ҳәм Тегеран арасындағы соңғы
келисимге ерисиў бойынша жол картасы келисилгенин айтқан еди.
Иран ҳәм АҚШ
18-июньға түнде аралықтан турып, 28-февральда басланған әскерий келиспеўшиликти
жуўмақлаўды нәзерде тутатуғын меморандумға қол қойды.
Тәреплер 21-июнь
күни Швейцарияның Бюргеншток қаласында сөйлесиўлер өткериў ушын ушырасты, бирақ
Иран делегациясы тез арада АҚШ президенти Дональд Трамптың Иранға соққы бериў
ҳаққындағы қәўип-қәтерлерине наразылық билдирип, имаратты тәрк етти. Кейин ала “Al
Hadath” телеканалы тәреплер арасындағы додалаўлар дәлдалшылар арқалы даўам
еткенине анықлық киргизди.