Атом энергетикасын раўажландырыў мәмлекеттиң энергетикалық қәўипсизлигин беккемлеў, турақлы тийкарғы генерация қуўатлықларын жаратыў ҳәм энергия дәреклерин диверсификациялаўда стратегиялық әҳмийетке ийе.

Интеграцияласқан атом электр станциясының жойбары усы жылы 4-июнь күни қурылыстың жедел басқышына кирди. Бүгинги күнге шекем реактор имараты ушын қазылған котлован толық жуўмақланып, 1 миллион куб метрден аслам топырақ қазып шығарылды. Фундамент плитасы участкасына 916 куб метр бетон төселди. Қурылыс-монтажлаў базасы аймағында 100 гектар майданда қазыў жумыслары әмелге асырылды.

Ҳәзирги ўақытта қурылыс майданында 450 жумысшы ҳәм қәниге, 100 ден аслам арнаўлы техникалар жумыс алып бармақта.

Жойбардың улыўма баҳасы 9,5 миллиард долларды қурайды. Қурылыс процесинде 3 мыңға шамалас өним ҳәм үскенелерден пайдаланыў нәзерде тутылған.

Дәслепки есап-санақларға бола, жойбарда жергиликли өнимлердиң үлеси 21 процент ямаса 1,9 миллиард долларды қурайды. Мәмлекетимиз басшысы бул көрсеткиш жетерли емеслигин атап өтти.

Жойбарда жергиликли өнимлердиң үлесин кеминде 30 процентке жеткериў, қурылыс-монтажлаў жумысларының 65 процентин миллий кәрханалар тәрепинен орынланыўын тәмийинлеў, 7 мың жергиликли жумысшы ҳәм қәнигелерди тартыў ўазыйпасы қойылды.

Усы мақсетте Фориш районында қурылыс материалларын ислеп шығарыўға қәнигелескен 200 гектарлық санаат зонасын шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Оның аймағында кеминде 100 қоспа кәрхананы жайластырыў ҳәм технологиялар трансфери арқалы 15 бағдарда өним ислеп шығарыўды локализациялаў нәзерде тутылмақта.

Президентимиз бул усынысты мақуллап, усы жылдың ақырына шекем санаат зонасы қатнасыўшыларына салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бериў бойынша қарар жойбарын киргизиўге тапсырма берди.

Қурылыслардың сапасы ҳәм қәўипсизлиги сөзсиз тийкарғы бағдар болып қалыўы, барлық жумыслар МАГАТЭ талаплары ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап бериўи зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Презентацияда усы жылдың 22-26-июнь күнлери МАГАТЭның комплексли баҳалаў миссиясы өткерилгени, оның жуўмақлары бойынша Өзбекстанның миллий ядролық инфраструктурасының раўажланыў дәрежеси жоқары баҳаланғаны атап өтилди.

Станцияның сыртқы инженерлик инфраструктурасын жаратыў шеңберинде 388 километр электр тармақлары, 110 киловолтлы подстанция, 21 километр ишимлик ҳәм 120 километр техникалық суў тармақлары, 39,5 километр автомобиль ҳәм 11 километр темир жол қурылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул объектлерди қурыўда жергиликли өнимлер ҳәм хызметлердиң үлесин 60-70 процентке жеткериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Қурылыс дәўиринде жумысшылар, қәнигелер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын мүнәсип шараят жаратыў мақсетинде атомшылар қалашасының жойбары да көрип шығылды.

200 гектар майданда дерлик 33 мың халыққа мөлшерленген 10 мыңға шамалас турақ жай, соның ишинде, биринши басқышта 3 мың квартира қурыў нәзерде тутылмақта.

Атомшылар қаласында энергия үнемлейтуғын көп қабатлы турақ жайлар, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, денсаўлықты сақлаў, спорт ҳәм мәденият объектлери, дем алыў орынлары, кең жасыл аймақлар шөлкемлестирилген. Қурылыста заманагөй ыссылық изоляциясы технологиялары, альтернатив энергия дәреклери ҳәм "ақыллы" жақтыландырыў системалары қолланылады.

Жойбар басқарыўын жетилистириў, техникалық қадағалаўды күшейтиў ҳәм технологиялық шешимлерди еркин экспертизадан өткериў мақсетинде жетекши сырт ел инжиниринг компанияларының қатнасыўында қоспа кәрхана шөлкемлестириў усыныс етилди. Сондай-ақ, мыңға шамалас тармақ стандартларын миллий системаға бейимлестирип, енгизиў илажлары белгиленди.

Келешекте станцияны басқаратуғын жоқары маман оператор, инженер ҳәм радиация қәўипсизлиги бойынша қәнигелерди мәнзилли таярлаўды ҳәзирден баслаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

2023-жылдан берли Россия Миллий ядро изертлеў университетиниң Ташкент филиалын 216 студент питкерди. Олардың 83 и Қытай, Венгрия, Франция, Италия ҳәм Корея Республикасының жетекши жоқары оқыў орынларында магистратура ҳәм аспирантурада оқыўын даўам еттирмекте. Және 100 қәниге елимиздеги 4 жоқары билимлендириў мәкемесинде оқытылмақта.

"Өзатом" агентлиги ҳәм АЭС қурылысы дирекциясының ўазыйпалары кеңейтилип атырғанын есапқа алып, олардың шөлкемлестириўшилик ҳәм кадрлар потенциалын басқышпа-басқыш беккемлеў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге атом электр станциясы ҳәм атомшылар қалашасы қурылысының жоқары сапасын, қәўипсизлигин ҳәм мүддетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў, жергиликли кәрханалардың қатнасын кеңейтиў, инфраструктура жойбарлары ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламаларын өз-ара келисилген ҳалда әмелге асырыў бойынша анық тапсырмалар берди.