Мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердеги көп жыллық нәтийжели
мийнети, елимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты, түрли миллет ҳәм халық
ўәкиллери арасындағы мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге, өз-ара
ҳүрмет ҳәм кеңпейиллик идеяларын үгит-нәсиятлаўға қосып атырған мүнәсип үлеси,
миллий мәдениятлар, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерди раўажландырыў, жас әўладты Ўатанға
муҳаббат ҳәм садықлық, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў
жолындағы ибратлы жумысы, жәмийетлик турмыста белсене қатнасып атырғаны ҳәм
туўылған күниниң 75 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Қырғыз миллий мәдений
орайының баслығы Жабборов Раҳматулла Маматовичке "Өзбекстан
Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы” ҳүрметли атағы берилсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев