Илажда Өзбекстан ҳәм Беларусь дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары,
министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик кәрханалар, экспертлер жәмийетшилигиниң
ўәкиллери қатнасты.
Беларусь тәрепинен экономика министри, "Беларусь Республикасы Экспортты
қоллап-қуўатлаў миллий орайы", "Белтаможсервис",
"Халықаралық исбилерменлер альянсы" компаниялары,
"Транстехника" транспорт миллий изертлеў институты ҳәм “IBA IT Park” сырт
ел кәрханасының басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.
Өзбекстан
делегациясы қурамынан Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық
ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ), Өзбекстан Республикасы
Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты,
Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм
логистиканы раўажландырыў машқалаларын үйрениў орайы және Өзбекстан
Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар
агентлиги басшылары ҳәм хызметкерлери орын алды.
Додалаў ўақтында
қатнасыўшылар Өзбекстан - Беларусь бирге ислесиўиниң жағдайы ҳәм
перспективаларын көрип шықты. Өз-ара саўда, санаат ҳәм агросанаат кооперациясы,
транспорт-логистика байланысларын раўажландырыў, жаңа технологиялардан
пайдаланыў мәселелери тийкарғы темаға айланды. Еки тәреплеме бирге ислесиўди
кеңейтиў ҳәм өз-ара пайдалы биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўдың әмелий
механизмлерин излеўге айрықша итибар қаратылды.
Дөгерек сәўбети
жумысын ашып берген БСИИ
директоры Олег Макаров кейинги жылларда Өзбекстанда жүз берип атырған
өзгерислерди жоқары баҳалады. Оның атап өтиўинше, мәмлекет сыртқы сиясий
жумысын сезилерли дәрежеде жеделлестирип, жоқары дәрежедеги көплеген
халықаралық илажларға басшылық етпекте ҳәм региондағы абырайын және де
беккемлемекте.
Оның пикиринше, Беларусь
ҳәм Өзбекстан өз-ара исеним, ашық-айдынлық ҳәм ҳүрметке тийкарланған
қатнасықларды қурған. "Бүгинги күнде Беларусь ҳәм Өзбекстан арасында
дерлик ҳеш қандай тосқынлық жоқ", - деди ол.
Беларусь Республикасының
Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Александр
Огородников Беларусь-Өзбекстан қатнасықлары турақлы ҳәм избе-из раўажланып
атырғанын атап өтти. Дипломатия ўәкилханасының басшысы атап өткениндей,
мәмлекетлеримиз арасында стратегиялық шериклик әмелде қәлиплесип, жаңа жойбар
ҳәм басламалар менен избе-из байып бармақта.
Дипломат анық
нәтийжелерге өтип, саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң унамлы пәтлерин атап
өтти. Ол усы жылдың жуўмақлары бойынша Беларусь ҳәм Өзбекстан өз-ара товар
алмасыўдың 1 миллиард долларлық көрсеткишине ерисип ғана қоймай, оннан артыўына
исеним билдирди. "Кейинги стратегиялық ўазыйпа еки миллиардлық товар
алмасыўға ерисиў болыўы керек. Бул мақсет үлкен болыўына қарамастан, тәреплер
жаңа өсиў ноқатлары ҳәм өз-ара бирге ислесиў бағдарларын излеў нийетинде",
- деп атап өтти ол.
Александр
Огородников перспективалар ҳаққында сөз етип, санаат ҳәм агросанаат
кооперациясын көрсетип өтти. Оның пикиринше, Өзбекстанда Беларусь өндирислерин
локализациялаў үлкен потенциал ашып береди. Республиканың өндирислик
қуўатлылықларынан пайдаланыў, санаат байланысларын кеңейтиў үшинши мәмлекетлер
базарларына биргеликте шығыў ушын беккем тийкар жаратыў имканиятын береди.
Елши
транспорт-логистика потенциалына айрықша итибар қаратып, теңизге тиккелей шығыў
имканиятының жоқ екенлиги Беларусь ҳәм Өзбекстанның нәтийжели транспорт
коридорларынан пайдаланыўдан мәпдар екенин атап өтти. Дипломаттың исенимине
бола, глобал жөнелислер трансформацияланып атырған шараятта заманагөй логистика
инфраструктурасы экономикалық шерикликти алға қойыўда әҳмийетли факторлардан
бирине айланыўы мүмкин.
Өз гезегинде, Беларусь
экономика министри Юрий Чеботарь еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жеделлигин
жоқары баҳалап, соңғы 10 жылда товар алмасыў көлеми 13 еседен зыят, хызметлер
бойынша болса 30 еседен зыят өскенин атап өтти. "Бүгинги күнде Өзбекстан Беларусь
пенен товар ҳәм хызметлер бойынша өз-ара саўда көлеми бойынша үшинши, топланған
Беларусь инвестициялары көлеми бойынша ҒМДА мәмлекетлери арасында екинши орынды
ийелемекте", - деп атап өтти ол.
Министр тийкарғы
бағдарлар қатарында санаат кооперациясына айрықша орын ажыратты. Оның сөзлерине
бола, Беларусь қоспа жойбарларға, соның ишинде, технологиялардың толық
трансферин ҳәм заманагөй жумыс орынларын жаратыўды тәмийинлейтуғын жойбарларға
инвестиция киргизиўге таяр.
Буннан тысқары,
Юрий Чеботарь Беларусь технология ҳәм өндиристи автоматластырыў, туризм ҳәм
хызмет көрсетиў тараўларындағы байланысларды раўажландырыўдан мәпдар екенин
атап өтти.
Илаж жуўмағында
тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўден өз-ара мәпдар екенин
билдирди және Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы қатнасықларды буннан былай да
беккемлеўге хызмет ететуғын әмелий усынысларды ислеп шығыўдың нәтийжели
механизми сыпатында турақлы экспертлер сөйлесиўин даўам еттириў әҳмийетли
екенин атап өтти.