Сөйлесиўде тәреплер бир-бирин Рамазан ҳайыты менен қутлықлап, пүткил мусылман үммети ушын тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў тилеклерин билдирди.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасында избе-из беккемленип атырған шерикликти буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалады.
Сондай-ақ, Жақын Шығыстағы жағдай бойынша пикир алысылып, регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, барлық мәселелерди сиясий ҳәм дипломатиялық жоллар менен шешиў зәрүр екенлиги атап өтилди, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.