Улыўма, мәҳәлледе жаслардың бәнтлигине айрықша итибар берилмекте. Атап айтқанда, жаслар жетекшиси "қызыл" категориядағы нәўқыран әўлад пенен индивидуал ислесиў нәтийжесинде олардың төртеўине жумыс табылды. Және екеўине жеңиллетилген кредит ҳәм биреўине жер ажыратылып, социаллық бейимлесиўи ушын жәрдем берилди. Буннан тысқары, "Жаслар дәптери"ндеги бир студенттиң төлемли контракты төлеп берилди. Мәҳәлледеги 320 дан аслам жигит-қыз ҳәр қыйлы спорт ҳәм пән дөгереклерине тартылған. Бир нураныйға 10 жасты бириктириў системасы жынаятшылықтың алдын алыўда нәтийже бермекте.
Мәҳәллениң және бир умтылыўшаң жасларынан бири Шерзод Тожимуротов ҳәким жәрдемшисиниң жәрдеминде 50 миллион сум жеңиллетилген кредит алды. Бул пулға жаңа мебель цехын иске қосты. Нәтийжеде қосымша 2 жумыс орны жаратылып, жаслардың бәнтлигине мүнәсип үлес қосылды.
Мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси тәрепинен өткерилген хатлаў нәтийжесинде турақлы дәраматқа ийе болмаған 236 пуқара анықланды. Олардың 102си түрли кәрхана ҳәм шөлкемлерге жумысқа жайластырылды. Исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде 88 пуқараға жәми 120 миллион сумнан аслам, және 45 пуқараға болса 450 миллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылған. Бундай имканияттан 5 ири исбилермен де пайдаланып, дерлик 360 миллион сум жеңиллетилген қаржы алған. Нәтийжеде мәҳәлледе 22 микрожойбар иске қосылып, 6 жаңа жеке тәртиптеги исбилермен ҳәм 2 жуўапкершилиги шекленген жәмийет шөлкемлестирилди, 12 жаңа жумыс орны жаратылды.
Мәҳәлледе ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлап, социаллық белсендилигин арттырыў бағдарында да итибарға ылайық жумыслар исленбекте. Соның ишинде, исбилермен ҳаяллардан бири Малика Йўлдашева нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў цехын иске қосты.
- Усы жылдың басында 265 шаңарақ ушын индивидуал реже ислеп шығылып, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға мәнзилли жәрдем көрсетилди. Атап айтқанда, социаллық қорғаўға мүтәж, жумыссыз 29 ҳаялдың 17 и жумыс пенен тәмийинленди. Және 7 и тигиўшилик курсларында оқытылды. Психологиялық қоллап-қуўатлаўға мүтәж 32, хирургиялық операцияға мүтәж 1 ҳәм ҳуқықый жәрдем сораған 57 ҳаялға жәрдем берилди. Бир ҳаял 10 миллион сум кредит алып, исбилерменликти баслады, - дейди Қызылшалы мәҳәллеси ақсақалы Ғофур Эримбетов.
Аймақтағы 12 саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшасы мәҳәллениң тийкарғы экономикалық өсиў драйвери болып есапланады. Салық хызметкериниң ҳәрекетлери менен дерлик 380 миллион сум мүлк ҳәм жер салығы жыйналып, мәҳәлле бюджетине түскен 10 проценти аймақ инфраструктурасын жақсылаўға қаратылды.
Әмиўдәрья районындағы Фаровон мәҳәллесиндеги ҳәким жәрдемшиси Муқаддас Бекназарова басшылығында халықтың дәрамат дәреклерин кеңейтиў бойынша системалы ҳәм мәнзилли жумыслар исленбекте. Бул бағдарда, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар берилмекте.
- Усы жылдың өткен 6 айы даўамында пуқаралардың мүрәжатлары, исбилерменлик пенен шуғылланыў нийети ҳәм мүтәжликлери терең талланды. Усы тийкарда анық мәнзилли илажлар ислеп шығылды. Бизнес баслаў нийетинде болғанларға бизнес реже дүзиў ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде жақыннан жәрдем көрсетилди. Нәтийжеде 58 пуқараға жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, олардың барлығы soliq.uz электрон платформасы арқалы рәсмий дизимнен өткерилип, бәнтлиги тәмийинленди, - дейди Муқаддас Бекназарова. - Сондай-ақ, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға тигиўшилик, шарўашылық, ыссыхана хожалығы, саўда, қусшылық ҳәм хызмет көрсетиў сыяқлы дәраматлы тараўларды раўажландырыў бойынша кредитлер ажыратылып, көплеген шаңарақлардың финанслық турақлылығы тәмийинленбекте. Бәнтликти тәмийинлеў бағдарында халық, әсиресе, жасларды кәсип-өнерге оқытыўға айрықша итибар қаратылған. Усы жылдың өткен дәўири даўамында 31 пуқара, соның ишинде, 5 жас кәсип-өнер курсларында оқытылды. Ҳәзирги ўақытта халыққа кооперацияның абзаллықлары ҳәм мәмлекетлик субсидиялар ҳаққында кең көлемли мағлыўматлар берилип барылмақта.
Жаратылып атырған бундай шараятлар орынларда жаңа бизнес субъектлериниң пайда болыўына беккем тийкар жаратпақта. Мәселен, усы мәҳәлледе жасайтуғын жас исбилермен Жаҳонгир Раҳимбаев мәмлекетлик жәрдемнен үнемли пайдаланып, ветеринария дәриханасын ашты. Халықтың талабын пуқта үйренип жумыс баслаған исбилермен ҳәзир шарўаларға зәрүр дәри-дәрмақлар ҳәм азықлық қосымшаларын үзликсиз жеткерип бермекте. Келешекте хызмет түрлерин және де кеңейтип, қосымша жумыс орынларын жаратыўды мақсет еткен.
Және бир интакер жаслардан бири Ёрқиной Еримбетова жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында тигиўшилик цехын ашты. Бүгинги күнде нәтийжели жумыс алып барып атырған цехта ҳаял-қызлар ушын миллий ҳәм заманагөй кийимлер, той кийимлери пишип-тигилмекте. Ёрқинойдың келешектеги режелери үлкен. Ол заманагөй үскенелер сатып алыў арқалы мәҳәлледеги жумыссыз ҳаял-қызларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў нийетинде.
- Мәҳәлледеги социаллық қорғаўға мүтәж қатламды мәнзилли қоллап-қуўатлаў системасы итибарға ылайық. Аймақтағы жәми 998 шаңарақ толық хатлаўдан өткерилип, 54 и социаллық реестрге киргизилген. Олардан 23 и мәмлекет тәмийнатындағы, 25 и кәмбағал ҳәм 6 ы кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ, - дейди "Фаровон" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Баҳадыр Бекберганов. - Реестрге киргизилген барлық шаңарақлардың шараятын есапқа алып индивидуал бағдарлама ислеп шығылған. Усы тийкарда бүгинги күнге шекем 35 пуқараның машқаласы унамлы шешилди. Сондай-ақ, кәмбағал шаңарақларды қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде 3 пуқараға әсбап-үскене сатып алыў ушын дерлик 15 миллион сум ссуда берилди.
Мине, усындай системалы ҳәм кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде "Фаровон" мәҳәллесинде кәмбағаллық дәрежеси 2,5 процентке түсирилди. Бул көрсеткиш әпиўайы статистика емес, ал адамлардың турмыстан разы болып, ертеңги күнге исеним менен умтылып атырғанының әмелий көриниси болып есапланады.
Әмиўдәрья районындағы Ақалтын аўылында жылдың басында жаслар толық хатлаўдан өткерилди. Процессте жәми 2305 жигит-қыздың социаллық жағдайы үйренилди. Олардан 83 и жумыссыз екени анықланды. Олар аймақтағы 4 кәрхана ҳәм шөлкем басшыларына бириктирилди. Ҳәр бири ушын мақсетли жол картасы ислеп шығылып, әмелге асырылды. Сондай-ақ, және 3 жас аймақтағы басқа да басшы хызметкерлерге бириктирилип, аталыққа алынды.
- Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде дийқаншылық ушын жер ажыратыў әмелияты жақсы нәтийже берип атыр. Атап айтқанда, аўыл аймағындағы "Сарагул Йўлдашева" фермер хожалығынан электрон аукцион платформасы арқалы ашық саўдаға шығарылған 42 сотых жерди жумыссыз жаслардан бири Ойдинай Турсунбаева жеңип алған еди. Ҳәзир бул жерде овощ ҳәм палыз егинлерин жетистирип, шаңарағының бюджетине қосымша дәрамат алып келмекте, - дейди мәҳәлле жасларының жетекшиси Сардор Қурабаев. - Бул әмелият аймақлардағы азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге де хызмет етеди.
Ҳақыйқатында да, жерге ийелик етип атырған жигит-қызлар мийнет базарында өз орнын излеўге мәжбүр болмайды. Керисинше, өзи жаңа қун ҳәм өним жаратыўшы мүлк ийесине айланады. Бул процесс жасларда жерге меҳир оятып, еркин турмысқа қәдем қойыў ушын финанслық тийкар жаратады. Сол себепли, бул бағдардағы жумыслар үзликсиз даўам еттирилип, 14 фермер хожалығының ғәлледен босаған майданлары есабынан жумыссыз 80 жастың ҳәр бирине 10 сотыхтан жер берилди.
Жасларды бизнеске тартыў арқалы олардағы бағынышлылық кейпияты жоғалып, социаллық жуўапкершилик сезими артады. Өз мийнети менен дәрамат табатуғын жас әўлад ўәкиллери мәмлекеттиң турақлы экономикалық өсиўин тәмийинлейтуғын ең белсенди қатламға айланады.
Бүгин Әмиўдәрья районында жаслар әне усындай белсенди, социаллық жуўапкершиликти сезетуғын әўлад болып камалға келмекте.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы