Бул сыйлық “Financial Times Group” қурамына киретуғын “fDi Intelligence” басылымы тәрепинен ҳәр жылы бизнес ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша нәтийжели стратегияларды әмелге асырып атырған экономикалық зоналарға бериледи.

Бул тән алыў “IT Park Uzbekistan”ның бәсекиге шыдамлы технологиялық экосистеманы раўажландырыў, халықаралық компаниялар ҳәм инвестицияларды тартыў, сондай-ақ, мәмлекеттиң санлы кадрлар потенциалын беккемлеў бағдарындағы жумысына берилген баҳа болып есапланады.

“IT Park Uzbekistan” мағлыўматларына бола, "Бир миллион өзбек программистлери" жойбары шеңберинде 1,7 миллион жас, "Бес миллион жасалма интеллект жетекшиси" басламасы шеңберинде болса 1,3 миллион қатнасыўшы билим алған.

Халықаралық IТ сертификатлары қәрежетлерин қаплаў бағдарламасы арқалы 4 926 жас қәниге қоллап-қуўатланған. Халықаралық көлемде тән алынған IТ сертификатлары ҳәм билимлендириў қәрежетлерин қаплаў ушын 18 миллиард сумнан аслам қаржы қаратылған.

Сондай-ақ, “IT-Talents” бағдарламасы шеңберинде питкериўшилери IT экспорт етиўши компанияларға жумысқа жайласқан билимлендириў шөлкемлерин қоллап-қуўатлаў ушын 3,17 миллиард сум ажыратылған.

“ICT4Girls”, стартапларды инкубациялаў бағдарламалары ҳәм миллий технологиялық таңлаўлар да жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың технология тараўындағы имканиятларын кеңейтиўге қаратылған. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилген 20 жасалма интеллект лабораториясы да санлы көнликпелерди раўажландырыўға хызмет етпекте.

Бүгинги күнде “IT Park Uzbekistan” экосистемасы 4 100 ден аслам резидент компанияны, соның ишинде, сырт ел қатнасыўындағы 1 200 ден аслам компанияны бирлестиреди. Бул компанияларда 56 мыңнан аслам қәниге жумыс алып барады.

1 100 ден аслам экспортёр компания дүньяның 102 мәмлекетине хызмет көрсетпекте. “IT Park Uzbekistan” мағлыўматларына бола, мәмлекетте мәлимлеме-коммуникация технологиялары экспорты 1,1 миллиард АҚШ долларынан артқан.

Бәсекиге шыдамлы салық жеңилликлери, раўажланып атырған инфраструктура ҳәм халықаралық бирге ислесиў сырт ел технология компанияларын тартыў және экспортқа бағдарланған бизнести раўажландырыўға хызмет етпекте.

“StartupBlink Global Startup Ecosystem Index 2026” рейтингинде Өзбекстан "2026-жыл мәмлекети" деп тән алынған. Мәмлекеттиң стартап экосистемасы 227,3 процент өсиў көрсеткиши менен дүньядағы ең тез раўажланып атырған экосистема сыпатында атап өтилген.

Еки жыл даўамында Өзбекстан жәҳән рейтингинде 31 текше жоқарылап, 79-орынды ийелеген. Ташкент болса дүнья стартап қалалары арасында 229-орында жайласқан.

“Dealroom” мағлыўматларына бола, 2026-жылы Өзбекстан стартап экосистемасының болжаўлы улыўма баҳасы 4,3 миллиард АҚШ долларына жеткен.

“IT Park Uzbekistan”ның халықаралық сыйлыққа ерисиўи мәмлекетте технологиялық исбилерменликти раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм санлы кадрлар таярлаў бағдарындағы ҳәрекетлериниң халықаралық көлемде тән алынып атырғанын көрсетеди.