Бул компания 350 ден аслам түрдеги, соның ишинде, капсулаланған
фитосборлар, өсимлик экстрактлары, арнаўлы косметика ҳәм кондитер өнимлерин,
соның ишинде, қумшекер қосылмаған түрдеги өнимлерди ислеп шығарыўға
қәнигелескен.
Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан базарында, әсиресе, Россияның Алтай
үлкесинен жоқары технологиялы фитотерапиялық өнимлердиң болыўы әҳмийетли
екенлигине айрықша итибар қаратылды.
"Алфит"
компаниясы Өзбекстан кәрханалары менен емлеў өнимлери - шыпалы шөплер
тийкарында таярланатуғын дәри-дәрмақлар, сондай-ақ, азық-аўқат ҳәм күтим
өнимлерин ислеп шығарыў тараўында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўдан оғада
мәпдар екени атап өтилди.
Өзбекстан тәрепи
"Алфит" компаниясы менен бирге ислесиўге, соның ишинде, усы район
аймағында өсетуғын дәрилик шөплер тийкарында биргеликте өним ислеп шығарыўға
таяр екенин билдирди.
Ушырасыў соңында
"Алфит" компаниясы ўәкилиниң Яккабағ районына барып, аймақтың
потенциалы менен танысыўына келисип алынды.