Ямаса бухаралы Дилноза апа өз атына қайсы телефон номери ҳәм банк картасы бириктирилгенин анық билмейди. Нәтийжеде басқа санлар ямаса мағлыўматлардан пайдаланыў менен байланыслы қәўетерлер пайда болады. Ямаса кеште жат номерден келген гезектеги "шегирме" ҳаққындағы реклама хабары тек ғана тынышлықты бузбайды, ал жеке мағлыўматлар қай жерден тарқалғаны ҳаққында да ойландырып қояды.
Бундай жағдайлар көпшилик ушын таныс. Олардың улыўма себеби болса бирдей: жеке мағлыўматларға байланыслы мәлимлеме түрли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде тарқалған ҳалда сақланады, пуқара болса олар үстинен толық ҳәм қолайлы қадағалаў имканиятына ийе емес.
Бирақ бундай машқалалар әсте-ақырын өтмишке айланбақта. Президентимиздиң 2026-жыл 15-июльдеги "Халыққа көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлерди жетилистириў ҳәм пуқаралар ушын қосымша қолайлықлар жаратыў илажлары ҳаққында"ғы қарары пуқаралар ҳәр күни ушырасатуғын, киши көринседе, турмыс сапасын төменлететуғын мине усындай машқалаларға заманагөй ҳәм системалы шешим жаратады.
Көпшиликке таныс жағдай: ата-анадан мийрас болып қалған турақ жайды өз атына рәсмийлестириўди жумыс, шаңарақ машқалалары ямаса басқа себеплерге бола бир-еки айға кешиктирип қоямыз. Алдын бундай жағдай жәрийма қолланылыўына себеп болатуғын еди. Енди болса 2027-жыл 1-январьдан баслап тәртип өзгереди. Егер мийрас мүлки өз ўақтында рәсмийлестирилмесе, жәрийма емес, ал кешиктирилген күнлер санына пропорционал түрде мәмлекетлик бажы өндириледи. Бул өзгеристиң мәниси сонда, мәмлекет пуқараны жазалаўға емес, ал турмыста ушырасып туратуғын объектив жағдайларды есапқа алған ҳалда әдил ҳәм қолайлы ҳуқықый тәртипти тәмийинлеўге тийкарғы әҳмийет қаратпақта.
Және бир тәрепи. Үйди мийрас ямаса жақын туўысқаннан саўға сыпатында алған болсаңыз, оны сатыўда салықтан азат етиў мүддети енди үй сизиң атыңызға мәмлекетлик дизимнен өткерилген күннен баслап есапланады. Бурын бул бойынша анықсызлық көп еди, адамлар нотариус ҳәм салық уйымы арасында түсиник излеп жүретуғын еди.
Гейде шаңарақ банктен кредит алыў ушын үйин гиреўге қояды, бирақ сол үйде жасаўды даўам етеди. Бирақ рәсмий дизимнен өтиўде машқала шықты - гиреўге алыўшының разылығы керек болатуғын еди. Енди бул қағыйда да жумсартылды. Инсан усы үйде жасаў орны бойынша дизимнен өтиўи мүмкин, тек ғана зәрүр болғанда оннан шығарылыўына алдыннан келисим бериўи керек. Әпиўайы етип айтқанда, кредит алған шаңарақ енди турақ жай ҳүжжетлери себепли иркилмейди.
2026-жыл 1-октябрьден баслап Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (БИМХП) және бир қолайлы электрон хызмет иске қосылады. Енди пуқаралар үйинен шықпастан, әпиўайы смартфон арқалы өз атындағы көшпес мүлк ямаса автотранспорт қуралына гиреў (қадаған) қойыў ямаса оны бийкарлаў бойынша мүрәжат жоллаўы мүмкин болады. Ең әҳмийетлиси, буның ушын банкке ямаса нотариал уйымға барыў талап етилмейди. Шахсты Face-ID технологиясы арқалы тастыйықлаўдың өзи жеткиликли. Сондай-ақ, ким сизиң атыңыздан пайдаланып телефон номери ямаса банк картасын ашқанын да портал арқалы көриў мүмкин. Бүгин, тилекке қарсы, биреўдиң атынан алдап номер ашып, сол арқалы алдаўшылық етиў жағдайлары ушырасып турады. Енди пуқараның өзи буны қадағалаўы мүмкин.
Және бир әҳмийетли жаңалық. Нотариал ҳәрекетлер ҳаққында пуқараларды оператив хабардар етиў системасы енгизиледи. Енди нотариуста сизге тийисли ҳүжжет рәсмийлестирилсе, мәселен, атыңыздан исеним хаты тастыйықланса, бул ҳаққында БИМХП арқалы дәрҳал хабардар етесиз. Бул болса пуқараға ҳәр қандай гүманлы ямаса рухсатсыз әмелге асырылған ҳәрекеттен өз ўақтында хабардар болыў ҳәм зәрүр ҳуқықый илажларды көриў имканиятын береди. Нәтийжеде мүлклик ҳуқықларды қорғаў күшейеди, алдаўшылық ҳәм басқа да нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў имканиятлары кеңейеди.
Айырым адамлар мәмлекетлик хызмет ушын төлем етип атырғанда дәлдалшы системаларға қосымша процент төлеп қойғанын сезбей де қалады. 2026-жыл 1-сентябрьге шекем БИМХП арқалы виртуал төлем картасын ашыў, оған банк картаңыздан пул өткериў ҳәм мәмлекетлик хызмет ушын тиккелей усы карта арқалы төлеў имканияты жаратылады. Және ҳеш қандай комиссиялық жыйымсыз. Егер хызмет кешиктирилсе ямаса тийкарсыз бийкарланса, пулыңыз автомат түрде өзиңизге қайтады. Артықша жазыспа, арзалар енди керек емес.
Жас өспирим балалар өз ҳуқықын қорғаў ушын судқа мүрәжат етсе, олар мәмлекетлик бажыдан толық азат етиледи.
Көпшилик бундай машқалаға дус келген, яғный бир ҳүжжетте аты-фамилиясы бирдей жазылған болса, басқа ҳүжжетте бир-еки ҳәрип айырылып қалады. Нәтийжеде әпиўайы мағлыўматлар айырмашылығы да түрли уйымларға мүрәжат етиў, мағлыўматнамалар жыйнаў ҳәм ўақыт жумсалыўына алып келеди. Фамилиясы ямаса аты рәсмий өзгерген жағдайда бул мағлыўматты барлық уйымларға өзиңиз барып жеткериўиңиз керек еди. 2026-жыл 1-октябрьден баслап буның кереги болмайды. Әдиллик уйымы мағлыўматты өзгерткенде, бул хабар "электрон ҳүкимет" системасы арқалы автомат түрде басқа мәмлекетлик уйымларға да барады, олардың өзи ҳүжжетлерди жаңалайды. Сизге болса БИМХП арқалы әпиўайы хабарнама келеди: "Мағлыўматларыңыз жаңаланды. Ҳүжжетиңизди жаңалаўыңыз керек". Бул арқалы ҳүжжетлердеги мағлыўматлар бирдей сақланады ҳәм кейин ала артықша әўерегершиликлердиң алды алынады.
Түнде белгисиз номерден келетуғын қоңыраўлар, "шегирме" ямаса "утыс" ҳаққындағы күтилмеген хабарлар көпшиликтиң жанына тийген. 2026-жыл 1-ноябрьден баслап бундай тәртип өзгереди. Товар ямаса хызметти реклама етиў мақсетинде телефон, SMS ямаса электрон байланыс қураллары арқалы мүрәжат етиўден алдын реклама тарқатыўшы шахс пуқараның жазба ямаса электрон тәриздеги алдыннан берилген разылығын алыўы шәрт. Қағыйда әпиўайы: разылық болмаса, реклама да болмайды. Бул болса пуқараларды күтилмеген реклама қоңыраўлары ҳәм хабарларынан исенимлирек қорғайды.
Буннан тысқары, саат 18:00 ден ертеңги күни саат 09:00 ге шекем улыўма телефон арқалы реклама қоңыраўлар ҳәм хабарнамаларды тарқатыў қадаған етиледи. Әпиўайы етип айтқанда, кешки аўқат ўақтында ямаса уйқылаў алдынан артықша "реклама" қоңыраўлары енди сизди қыйнамайды.
Жуўмақлап айтқанда, бул қарарда инсанның күнделикли турмысында тез-тез ушырасатуғын, майда болып көринсе де, көп ўақыт ҳәм нерв талап ететуғын машқалаларға анық шешимлер нәзерде тутылған. Мийрасты рәсмийлестириўдеги кешигиўлер, мүлкке қойылған қадаған етиўлер ҳаққында өз ўақтында хабардар болмаў, жеке мағлыўматлар менен байланыслы анықсызлықлар, күтилмеген реклама қоңыраўлары ҳәм хабарларының ҳәр бири бойынша анық ҳуқықый механизм ҳәм әмелге асырыў мүддети белгиленди.
Ең әҳмийетлиси, бул қарар мәмлекетлик хызметлерди пуқара ушын және де әпиўайы, жедел ҳәм қолайлы етиўге қаратылған. Себеби адамлар мәмлекет реформаларын, бәринен бурын, нызам тексти арқалы емес, ал күнделикли турмыста жарататуғын әмелий қолайлықлар арқалы сезеди.
Әзиз аға енди мийрасты аңсатырақ рәсмийлестиреди. Дилноза апа өз атындағы карталарды қадағалайды. Кешки саат тоғыздағы артықша қоңыраў болса, үмит етемиз, кем-кемнен азайып барады.
Айбек ҚЎШБОҚОВ,
Парламент изертлеўлери институты бөлим баслығы,
экономика илимлери бойынша философия докторы