ЖДСШ ҳәм Жәҳән банки тәрепинен дүзилген Глобал таярлық мониторинги кеңеси экспертлериниң атап өтиўинше, COVID-19 пандемиясы ҳәм алдынғы эпидемиялар, соның ишинде, Эболадан кейин дүнья және де қәўипсиз болмады. Олардың баҳалаўынша, инфекциялық кеселликлердиң ҳәўиж алыўы тек ғана денсаўлықты сақлаў тараўына емес, ал экономика, сиясат ҳәм социаллық турақлылыққа да тәсир етип, барған сайын көбирек ушыраспақта ҳәм қәўипли түс алмақта.

Әсиресе, ҳайўанлардан адамға жуғатуғын зооноз инфекциялар - вируслар қәнигелерди қәўетерге салмақта. Бундай кеселликлерге Эбола, коронавируслар, хантавируслар, күйдирги, қутырыў, кене энцефалити ҳәм басқа бир қатар қәўипли инфекциялар киреди, деп жазады gazeta.ru.

Эбола вирусы адамға жабайы ҳайўанлардан жуғады. Дәслепки белгилери - ыссылық, булшық етлер аўырыўы, бас ҳәм тамақ аўырыўы. Кейинирек бүйрек ҳәм баўыр хызметиниң бузылыўы, айырым жағдайларда ишки ҳәм сыртқы қан кетиўлер басланады. Эбола безгегинен орташа өлим көрсеткиши 50% әтирапында.

Хантавирус кемириўшилерден адамға жуғатуғын вирус. Илимпазлар бундай вируслардың 50 ден аслам түрлерин есаплайды. Кеселлик өкпе ҳәм бүйрекке тәсир көрсетеди. Хантавируслы инфекциялардан өлимшилик кеселликтиң түрине байланыслы. Азия ҳәм Европада 1-15 проценттен аз, Арқа ҳәм Қубла Америкада болса 50 процентке жетеди.

Атап өтилиўинше, эпидемиологиялық қадағалаў ҳәм айрықша жағдайларға глобал таярлық бағдарламаларын қаржыландырыўдың азайыўы нәтийжесинде мәмлекетлердиң жаңа эпидемиялар алдындағы әззилиги артпақта.

Экспертлер, сондай-ақ, мәмлекетлик институтларға исенимсизлик артып атырғаны, жалған мәлимлемениң тарқалып атырғаны, вакциналар ҳәм медициналық жәрдемнен пайдаланыўда теңсизлик сақланып атырғанын атап өтпекте.

ЖДСШ халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў, ерте алдын алыў системаларын раўажландырыў, вакциналар, диагностика ҳәм емлеўден теңдей пайдаланыўды тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтпекте. Болмаса, қәнигелердиң пикиринше, инсаният жаңа кең көлемли санитариялық кризиске дус келиўи мүмкин.