2026-2027-жылларда республикада ыссыханаларды раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:
Сурхандәрья ўәлаятының Шерабад районында кеминде 940 гектар майданда заманагөй ыссыхана комплекслерин жайластырыў;
энергияны үнемлейтуғын ҳәм альтернатив энергия дәреклерине тийкарланған ысытыў системаларының үлесин кеминде 50 процентке жеткериў;
атмосфераға зыянлы шығындыларды шығаратуғын субъектлердиң жумысын басқышпа-басқыш қысқартыў.
Қарарға муўапық, Шерабад районында "Сурхон-Агро" еркин экономикалық зонасы шөлкемлестириледи.
"Сурхон-Агро" зонасы аймағында жумыс алып барып атырған ыссыхана хожалықларына төмендеги жеңилликлер ҳәм преференциялар бериледи:
жер участкаларын онлайн-аукцион арқалы 5 жыл даўамында бериўде ижара төлеминиң ноллик ставкасы қолланылады;
ийелери ыссыханаларды суўғарыў ҳәм технологиялық процесслер ушын пайдаланылатуғын ақаба ҳәм жер асты суўлары ушын төлемлерден 3 жыл мүддетке азат етиледи;
аномал суўық дәўиринде экологиялық нормаларға әмел еткен ҳалда, айрықша тәризде көмирден пайдаланыўға руқсат бериледи.