Соңғы жыллары мәмлекетимизде санлы мәмлекетлик хызметлерди кеңейтиў,
мәмлекетлик уйымлар жумысына заманагөй мәлимлеме системаларын енгизиў, халық
ҳәм исбилерменлик субъектлерине қолайлықларды арттырыў бойынша кең көлемли
жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул арқалы Өзбекстан БМШтың электрон ҳүкиметти раўажландырыў бойынша
рейтингинде 24 текшеге көтерилди. 2030-жылға барып мәмлекетимизди бул бағдарда дүньяның
30 жетекши мәмлекети қатарына киргизиў мақсет етилген.
Усы жылы санлы
мәмлекетлик хызметлер саны 860 ға, олардан пайдаланыўшылар саны болса 15,5
миллионға жетиўи күтилмекте. Салыстырыў ушын: 2024-жылы 4 миллион
пайдаланыўшыға 525 мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў имканияты жаратылған.
Соның менен
бирге, мәмлекетлик басқарыў тараўындағы мағлыўматлар базалары ҳәм мәлимлеме
системалары айырым уйымлар кесиминде бөлек-бөлек қәлиплестирилип атырғаны,
оларды таллаў ҳәм қарар қабыл етиў процесслеринде бирден-бир көзқарастың
жетиспей атырғаны көрсетип өтилди.
Бул бағдарда
мәмлекетлик басқарыўдың бирден-бир интеграцияласқан санлы платформасын
басқышпа-басқыш енгизиў усыныс етилди. Бул система арқалы аймақлардың
экономикасы, инвестициясы, экологиясы, қәўипсизлик мәселелери, халықты қыйнап
атырған машқалалар, мәҳәллелердиң абаданлық дәрежеси, геокосмослық
мағлыўматлар, объектлер ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм картографиялық қатламлар
бир платформаға бирлестириледи.
Платформа жасалма
интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда мағлыўматларды таллаў, аймақлар
кесиминде машқалаларды алдыннан анықлаў, қабыл етилген қарарлардың орынланыўын
мониторинг етиў, ресурсларды нәтийжели бөлистириў ҳәм мәмлекетлик басқарыўдың
сапасын арттырыў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз
басшысы бул санлы басқарыў системасын усы жылы пайтахтымызда, келеси жылдан
баслап барлық аймақларда енгизиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Презентацияда
товарлар ҳәм хызметлерди классификациялаўдың бирден-бир миллий системасын иске
қосыў мәселеси де көрип шығылды. Бүгинги күнде бажыхана, салық, статистика ҳәм
басқа да уйымлар ҳәр қыйлы товарлар классификаторларынан пайдаланады. Бул бизнес
қәрежетлериниң артыўына, есабатлардың анықлығының төменлеўине ҳәм уйымлараралық
мағлыўмат алмасыўдың қыйынласыўына алып келеди.
Бирден-бир миллий
классификациялаў системасының енгизилиўи исбилерменлик субъектлери ушын артықша
бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды қысқартыў, мәмлекетлик уйымлар арасында
мағлыўматлар алмасыўын әпиўайыластырыў ҳәм статистикалық есабатлардың анықлығын
арттырыў имканиятын береди.
Миллий навигация
системасын жаратыў басламасы да билдирилди. Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта
мәмлекетимизде тийкарынан сырт ел навигация платформаларынан пайдаланылмақта.
Миллий навигация системасы геомағлыўматларды бирден-бир стандарт тийкарында
қәлиплестириў, сондай-ақ, транспорт, логистика, қыстаўлы жағдайлар, қала
қурылысы ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў жумысларын сапалы шөлкемлестириў
имканиятын береди.
Презентацияда IT-хызметлер
экспортын ҳәм стартаплар экосистемасын раўажландырыў режелери де көрип шығылды.
2030-жылға шекем IT-хызметлер экспортын 5 миллиард долларға жеткериў, 5 мың
стартап шөлкемлестириў ҳәм 2 миллиард доллар инвестиция тартыў режелестирилген.
“StartupBlink” халықаралық
рейтингинде Өзбекстан 31 текшеге көтерилип, дүньядағы ең тез өсип атырған
стартап экосистема сыпатында тән алынғаны, Ташкент Орайлық Азия қалалары
арасында биринши орынды ийелегени, Самарқанд ҳәм Ферғана биринши мәрте дүньяның
ТОП-1000 стартап қалалары қатарына киргени атап өтилди.
Тараўды буннан
былай да раўажландырыў мақсетинде сырт елли қәнигелер ҳәм инвесторларға
кәрхананы аралықтан турып дизимнен өткериў, банк есап бетин ашыў ҳәм
халықаралық банк картасын рәсмийлестириў имканиятын беретуғын “Talent Hub” бағдарламасын
иске қосыў режелестирилген. IT-Park резидент компанияларының жумысшылары ушын
салық жеңилликлерин 2040-жылға шекем созыў, “IT Visa” ҳәм “Zero Risk” бағдарламаларын
кеңейтиў усыныс етилди.
Сондай-ақ, IT-хызметлерин
экспорт етиўши кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, мийнет ҳақы төлеў
қәрежетлери ҳәм сырт елли буйыртпашылар менен қәнигелердиң релокциясы менен
байланыслы қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў, халықаралық сертификат алыў
қәрежетлерин компенсациялаў механизмлери нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары,
Бухара ҳәм Ферғанада 20 дан аслам акселератор бағдарламаларын шөлкемлестириў,
стартапларды ири халықаралық базарларға алып шығыў бойынша усыныслар
билдирилди.
Мәжилисте
телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды. Кейинги жыллары елатлы пунктлерди телекоммуникация хызметлери менен
қамтып алыў дәрежеси 41 проценттен 98 процентке, интернеттиң улыўма өткериў
қәбилети болса 65 есеге артты.
Соның менен
бирге, телекоммуникация хызметлери тараўындағы бизнес жергиликли исбилерменлер
ушын елеге шекем тартымлы емеслиги, алыс аймақларда сымлы интернеттен
пайдаланыўшылардың үлеси оғада төменлиги атап өтилди.
Тараўда
исбилерменлик орталығын жақсылаў мақсетинде телекоммуникация тармақларын
жойбарлаў ҳәм қурыў бойынша 2 түрдеги лицензияны бирлестириў, лицензия бериў
мүддетин 25 жумыс күнинен 10 жумыс күнине қысқартыў усынысы билдирилди.
Көп қабатлы турақ
жайларды жобаластырыў ҳәм қурыўда жоқары тезликтеги интернетке жалғаныў талабы
киргизиледи. Бул қурылыс басқышында оптикалық талшықлы байланыс
инфраструктурасын жаратыў ҳәм халықты сапалы санлы хызметлер менен тәмийинлеў
имканиятын береди.
Буннан тысқары,
телекоммуникация тараўында исбилерменлик жумысын басламақшы болған жасларға
"Келешек исбилермен" бағдарламасы шеңберинде 7 жыл мүддетке еки
жыллық жеңиллетилген дәўир менен 15 процент ставкада 530 миллион сумға шекем
жеңиллетилген кредитлер бериў усыныс етилди. Алыс ҳәм шетки аймақларда жумыс
ислеп атырған исбилерменлер ушын жеңиллетилген тариф режелери ислеп шығылады.
Президентимиз
билдирилген усынысларды мақуллап, тараўда мәмлекетлик уйымлардың мағлыўматларын
интеграциялаў, санлы хызметлердиң сапасын арттырыў, киберқәўипсизликти ҳәм жеке
мағлыўматларды қорғаўды тәмийинлеў, жеке меншик сектор ушын және де қолайлы
орталық жаратыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.