Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети
баслығының орынбасары И.Қутбиддинов басшылығындағы делегацияның Корея
Республикасына сапары шеңберинде экологиялық профессионал билимлендириў, қәнигелер
таярлаў ҳәм билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиў бойынша Корея
тәжирийбеси үйренилди.
Сапардың нәтийжелеринен бири “Green University” ҳәм “Ulsan College” арасында бирге ислесиў меморандумының тастыйықланыўы болды. Ҳүжжетте
академиялық ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў,
профессор-оқытыўшылар, ҳәкимшилик хызметкерлер ҳәм студентлер алмасыўы,
биргеликтеги изертлеўлер өткериў, сондай-ақ, лекциялар, семинарлар ҳәм
симпозиумлар шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
“Korea Polytechnics”те
Өзбекстан делегациясы кәсипке таярлаў ҳәм әмелиятқа бағдарланған оқытыў
системасы, сондай-ақ, мийнет базарының заманагөй талапларын есапқа алған ҳалда
қәнигелер таярлаў ҳәм экологиялық бағдарланған технологияларды енгизиў бойынша
көзқараслар менен танысты.
Кәсиплик ҳәм
әмелий билимлендириў, сондай-ақ, билимлендириў процесинде заманагөй экологиялық
технологияларды қолланыў бойынша Корея миллий аўыл ҳәм балықшылық колледжиниң
тәжирийбеси үйренилди.
Сапардың
жуўмақлары бойынша кәсиплик билимлендириўди өндирис пенен жақынластырыў,
студентлерде әмелий көнликпелерди раўажландырыў ҳәм экологиялық бағдардағы
заманагөй билимлендириў бағдарламаларын жетилистириў бойынша Корея тәжирийбеси
тийкарында жаңа имканиятлар белгиленди.
Ерисилген
келисимлер Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасында экологиялық билимлендириў,
"жасыл" экономика ушын маман қәнигелерди кәсипке таярлаў ҳәм
қәлиплестириў тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге хызмет етиўи
күтилмекте.