Илажға Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы “Сувхўжаликназорат” инспекциясының баслығы Р.Рахимов, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Юсупов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илаждың ашылыўында атап өтилгениндей, бүгинги күнде регионымызда суў ресурсларына болған талап жыл сайын артып атырған, климат өзгериўи ҳәм суў тамтарыслығы барған сайын әҳмийетли мәселеге айланған шараятта суўдан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

Мине, усы реформалардың әмелий нәтийжелеринен бири сыпатында 1970-жылы пайдаланыўға тапсырылған “Соралы”  каналында кең көлемли реконструкция жумыслары исленди. Узақ жыллар даўамында капитал оңланбаған каналдың техникалық жағдайы төменлеп, гидравликалық параметрлери өзгерген, суў өткериў қуўатлылығы төменлеген еди.

Жойбар шеңберинде каналдың 6,6 километр бөлеги толық бетонластырылды, бас суў алыў имараты, 3 суў тосыўшы гидротехникалық қурылма ҳәм 40 суў алыў имараты реконструкцияланды.

Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде суўдан пайдаланыў коэфициенти 0,60 тан 0,95 ке шекем артты. Соның есабынан Нөкис районы «Арбашы» АПЖ аймағындағы 25 фермер хожалығы ҳәм халықтың қыйтақ жериниң 2 мың 943 гектар суўғарылатуғын жер майданы суў тәмийнаты сезилерли дәрежеде жақсыланды.

“Соралы” каналын реконструкциялаўдың жуўмақланып, елимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы алдында пайдаланыўға тапсырылыўы мәмлекетимизде суў ресурсларын сақлаў, заманагөй ирригация инфраструктурасын қәлиплестириў ҳәм аўыл хожалығын турақлы раўажландырыў жолында әмелге асырылып атырған избе-из реформалардың және бир әмелий нәтийжеси болды.

                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги.