Ҳаўа сапасы төменлеп, температура көтерилип атырған бир ўақытта "жасыл" инфраструктура халықтың саламатлығы, қала орталығының турақлылығы ҳәм келешек қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын стратегиялық факторға айланбақта.
Елимизде бул бағдарда әҳмийетли жумыслар исленбекте.
Мәмлекетимиз басшысының "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары
шеңберинде Миллий дендрология бағын қурыўға старт бериўи бул процесстиң әмелий
түс алғанын көрсетеди. Бул баслама көклемзарластырыўды әпиўайы нәл егиў
дәрежесинен илимий тийкарланған, узақ мүддетли экологиялық система жаратыў
басқышына алып шығыўға қаратылған.
Дендрология бағлары тек ғана пейзаж ушын емес, ал
әмелий әҳмийетке ийе болған илимий майдан болып есапланады. Оларда ҳәр қыйлы
мәмлекетлерден алып келинген терек ҳәм пута түрлери жергиликли климат
шараятында сынақтан өткериледи. "Яғный қайсы терек қурғақшылыққа шыдамлы,
қайсы бири суўыққа шыдай алады, қайсы түр қала шараятында, шаң, газ ҳәм
шекленген суў орталығында жақсы өседи" сыяқлы әҳмийетли сораўларға жуўап
әйне усы жерде табылады.
Нәтийжеде қала ҳәм аўыллар ушын ең мақул, жасаўшы ҳәм
турақлы терек түрлери таңлап алынып, көклемзарластырыў жумысларында қәтелерди
азайтыў, ресурсларды үнемлеў ҳәм экологиялық нәтийжелиликти арттырыў имканиятын
береди.
Усы жағынан дендрология бағлары қала қурылысы ҳәм экология
кесилиспесинде жайласқан өзине тән илимий лаборатория ўазыйпасын атқарады.
Оларда алынған нәтийжелер әмелиятқа енгизилип, көшелер, бағлар, қыябанлар ҳәм
турақ жай массивлерин көклемзарластырыўда қолланылады.
Санлар артындағы стратегия
Бүгинги күнде мәмлекетимизде үш ботаника бағының бар
екенлиги "жасыл" инфраструктураны раўажландырыў бағдарында еле әмелге
асырылыўы керек болған жумыслардың көлеми кең екенин көрсетеди. Усы
көзқарастан, "Жасыл мәкан" шеңберинде 2028-жылға шекем 12 ботаника
ҳәм 16 дендрология бағын шөлкемлестириў режеси стратегиялық жақтан әҳмийетли
қәдем болып есапланады. Бул баслама тек ғана жасыл аймақлар майданын кеңейтиў
емес, ал оларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўды да нәзерде тутады.
Алдын нәл егиў жумыслары көп жағдайларда улыўма
қатнас тийкарында, белгили бир аймақтың тәбийғый өзгешеликлери жетерли дәрежеде
есапқа алынбаған ҳалда әмелге асырылғаны бақланған. Бул болса айырым терек
түрлериниң бейимлесе алмаўы, қуўрап қалыўы ямаса күтилген нәтийжени бермеўине
себеп болған. Жаңа көзқарас болса мине усы кемшиликлерди сапластырыўға
қаратылғаны менен әҳмийетли.
Енди ҳәр бир аймақ ушын нәл таңлаў процеси илимий
таллаўлар тийкарында өтеди. Топырақ қурамы, ығаллық дәрежеси, климаттың өзине
тән өзгешеликлери, самал бағыты, ҳәттеки қала орталығындағы экологиялық басым
дәрежеси сыяқлы факторлар терең үйрениледи. Усы тийкарда ең қолайлы, шыдамлы
ҳәм узақ өмир сүретуғын терек ҳәм путалар таңлап алынады. Нәтийжеде егилген
нәллердиң өмиршеңлигин арттырыў, тәрбиялаў қәрежетлерин азайтыў, ең әҳмийетлиси,
турақлы жасыл аймақларды қәлиплестириў имканияты жүзеге келеди.
Жаратылатуғын бағ ҳәм парклер тек ғана сыртқы
көриниси менен емес, ал экологиялық нәтийжелилиги менен де ажыралып турады.
Яғный олар ҳаўаны тазалаў, микроклиматты жақсылаў, шаң ҳәм шаўқымды азайтыў
сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды узақ мүддет даўамында турақлы түрде орынлай
алады. Усы мәнисте бул санлардың артында әпиўайы статистика емес, ал илимий
тийкарланған, узақты гөзлеген ҳәм системалы экологиялық стратегия жәмленген.
Ташкент ушын тәбийғый кондиционер
108 гектарлық Миллий дендрология бағы көплеген терек
ҳәм путаларды өз ишине алған үлкен жасыл мәканға айланып, қала экосистемасының
ажыралмас бөлеги болыўы күтилмекте. Бул тек ғана гезектеги дем алыў бағы емес,
ал пайтахттың экологиялық турақлылығын тәмийинлеўге хызмет ететуғын қурамалы
ҳәм нәтийжели тәбийғый система болып есапланады.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, бундай көлемдеги жасыл
аймақлар қала орталығына көп қырлы унамлы тәсир көрсетеди. Бәринен бурын, олар
ҳаўадағы зыянлы шаң бөлекшелери - РМ2.5
ҳәм РМ10 муғдарын сезилерли дәрежеде, яғный 20-25 процентке шекем азайтыўға имканият береди. Бул экологиялық көрсеткишлерди жақсылайды, халықтың саламатлығына да тиккелей унамлы тәсир етеди. Әсиресе, дем алыў жоллары кеселликлериниң алдын алыўда бундай тәбийғый фильтр ўазыйпасын атқаратуғын аймақлардың әҳмийети жүдә үлкен.
Дендрология бағы қала климатын жумсартыўда да әҳмийетли
роль атқарады. Жаз айларында ҳаўа температурасын орташа 2-4 дәреже төменлетиўи
мүмкин. Жасыл аймақларда ығаллылық дәрежесиниң артыўы болса инсан организми
ушын және де қолайлы орталық жаратады, улыўма климат шараятын турақластырады.
Усы тәризде Миллий дендрология бағы пайтахт ушын
өзине тән "тәбийғый кондиционер" ўазыйпасын атқарып, қала орталығын
саламатландырыў, халыққа қолайлы жасаў шараятын жаратыў ҳәм заманагөй
урбанизация процесслерин экологиялық турақлылық пенен үйлестириўде әҳмийетли
орын ийелейди.
Экологиядан экономикаға шекемги тәсир
Дендрология бағлары тек ғана экологиялық турақлылықты
тәмийинлеў менен шекленип қалмастан, экономикалық раўажланыўға да сезилерли
үлес қосады. Заманагөй қала қурылысында жасыл аймақларға тек ғана тәбиятты
қорғаў қуралы емес, ал аймақтың инвестициялық ҳәм социаллық тартымлылығын
арттырыўшы әҳмийетли фактор сыпатында қаралмақта.
Жасыл мәканлар көбейгени сайын қала орталығы және де
қолайлы, саламат ҳәм эстетикалық жақтан тартымлы түс алады. Бул, өз гезегинде,
ишки ҳәм сыртқы туристлердиң ағымын арттырыў, хызмет көрсетиў тараўын
раўажландырыў ҳәм жергиликли экономикаға қосымша дәрамат дәреклерин жаратыў
имканиятын береди.
Соның менен бирге, дендрология бағлары әтирапында
жаңа экономикалық белсендилик қәлиплеседи. Ландшафт дизайны, нәл жетистириў,
агротехнологиялар, тәрбиялаў ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында қосымша жумыс
орынлары жаратылады. Бул процесс жергиликли халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге,
әсиресе, жас қәнигелер ушын жаңа имканиятлар ашыўға хызмет етеди. Сондай-ақ,
бундай жойбарлар шеңберинде илимий-изертлеў жумыслары жеделлесип, ботаника, экология
ҳәм аграр тараўларда жаңа қолланбалар пайда болады.
Дендрология бағлары экологиялық билимлендириў ҳәм
мәдениятты раўажландырыўда да үлкен әҳмийетке ийе. Олар халық, әсиресе, жаслар
ушын тәбиятты аңлаў, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм жуўапкершиликли мүнәсибетте болыў
көнликпелерин қәлиплестиретуғын ашық майдан ўазыйпасын атқарады. Ҳәр қыйлы оқыў
бағдарламалары, экскурсиялар ҳәм әмелий шынығыўлар арқалы экологиялық билимлер
ғалаба ен жаяды, бул узақ мүддетли келешекте жәмийеттиң тәбиятқа мүнәсибетин
унамлы тәрепке өзгертеди.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы