Ол Өзбекстанда кибернетика илиминиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына үлкен үлес қосқан жетик илимпаз, Илимлер академиясы Кибернетика институтының шөлкемлестириўшиси ҳәм биринши директоры сыпатында жоқары тән алынады.

Бул институт 1966-жыл 26-апрель күни шөлкемлестирилген болып, усы күнлерде оның 60 жыллық юбилейине кеңнен таярлық көрилмекте. Соның ишинде, 15-16-апрель күнлери пайтахтымызда "Кибернетика - заманагөй жасалма интеллект тийкары" халықаралық илимий-әмелий конференциясы болып өтеди.

1968-жылы институт базасында өткерилген "Шекли автоматлар теориясы ҳәм машиналы ойлаў" атамасындағы халықаралық конференция республикамызда жасалма интеллект бағдарындағы дәслепки илимий изертлеўлердиң басланыўына тийкар салды. Бул конференция нәтийжесинде Өзбекстанда жасалма интеллекттиң ең әҳмийетли фундаментал машқалаларынан бири - тәбийғый тилди қайта ислеў тараўында дәслепки илимий изленислер жолға қойылды. Бул изертлеўлер "тәбийий тил ‒ предикатлар тили ‒ электрон есаплаў машинасы тили" көринисиндеги избе-изликти формал тәриплеўге қаратылған еди. Кейинирек бундай формализм ислеп шығылды ҳәм усы тил өтиўлерин әмелге асырыў ушын математикалық тәмийнатты ислеп шығыў жумыслары басланды. Соның менен бирге, ҳәр қыйлы тәртиптеги предикатлар логикасына тийкарланған теоремаларды автоматикалық дәлиллеўдиң интеллектуал алгоритмлерин жаратыў бойынша да илимий изертлеўлер өткерилди.

Бул алгоритмлерди әмелде қолланыў мақсетинде программалық тәмийнат ислеп шығылып, теоремаларды дәлиллеўде қолланылатуғын аксиомалардың толық системасын қәлиплестириў жоллары анықланды. Солай етип, бул машқалаларды шешиў бойынша ерисилген нәтийжелер өткен әсирдиң 60-жылларының ақырында-ақ республикамызда жасалма интеллект тараўындағы илимий изертлеўлер қәлиплескенинен дәрек береди.

Жасалма интеллект бойынша изертлеўлердиң раўажланыўына Кибернетика институтының илимпазлары тәрепинен тимсолларды танып алыў, эксперт системалары, сүўретлерди қайта ислеў ҳәм логикалық программаластырыў бағдарларында алынған фундаментал ҳәм әмелий нәтийжелер де әҳмийетли түртки болды. Бул бағдарлар бүгин жасалма интеллект тараўының тийкарғы илимий бағдарлары сыпатында тән алынбақта.

Өткен әсирдиң 70-80-жыллары Кибернетика институты жумысының раўажланыў дәўири болып, ол күшли илимий-техникалық базаға ийе ири илимий-изертлеў мәкемесине айланды. Бул дәўирде республика автоматластырылган басқарыў системасы ҳәм де бөлистирилген информация-есаплаў орайлары тармағын жаратыў жумыслары басланды. Институт жанында Автоматластырыў ҳәм есаплаў техникасы арнаўлы жойбарлаў-конструкторлық бюросының шөлкемлестирилиўи арқалы толық илимий-өндирислик базаны қәлиплестириўге тийкар салынды. Бюро негизинде "Кибернетика" илимий-өндирислик бирлеспеси шөлкемлестирилди. Бул бирлеспе қурамына Өзбекстан Илимлер академиясы Кибернетика институты, Автоматластырыў ҳәм есаплаў техникасы бойынша арнаўлы жойбарлаў-конструкторлық бюросы, Республикалық автоматластырылған басқарыў системасы бойынша арнаўлы жойбарлаў-конструкторлық бюросы, сондай-ақ, тәжирийбе-экспериментал завод киргизилди. Кейин ала бул бирлеспе қурамында "Алгоритм" ҳәм "Системалы изертлеўлер" илимий-изертлеў институтлары шөлкемлестирилди.

"Кибернетика" илимий-өндирислик бирлеспеси 3000 нан артық хызметкерди бирлестирген еди. Илим ҳәм өндиристи басқарыўды үйлестириўге қаратылған бундай структура республикамызда биринши мәрте жаратылған болып, академиялық илим шеңберинде өзине тән сийрек ушырасатуғын модел сыпатында тән алынған.

Жас қәнигелер таярлаў мақсетинде "Кибернетика" илимий-өндирислик бирлеспесиниң қатнасыўында бир қатар жоқары оқыў орынларында кибернетика бағдары бойынша қәнигелескен факультет ҳәм кафедралар ашылды. "Кибернетика" илимий-өндирислик бирлеспесиниң илимпазлары әҳмийетли бағдарлар бойынша илимий мектеплер қәлиплестирди. Усы илимий мектеплер шеңберинде нефть-газ ҳәм кәншилик санааты, биохимиялық өндирис, аўыл хожалығы, социаллық-экономикалық системаларды моделлестириў, мәлимлемени тармақлы қайта ислеў, технологиялық процесслерди басқарыўдың интеграцияласқан системаларын жаратыў, сондай-ақ, оптимал ҳәм өзин-өзи бейимлестириўши системалар теориясы тараўларында мәселелерди аналитикалық ҳәм санлы шешиўдиң жаңа усыллары ислеп шығылды.

Мәмлекетимизде кибернетика илими ҳәм жасалма интеллект тараўының раўажланыўындағы гезектеги әҳмийетли қәдемлерден бири Президентимиздиң 2021-жыл 17-февральдағы "Жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў ушын шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында"ғы қарарының қабыл етилиўи болды. Усы ҳүжжетке муўапық, Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги жанында заманагөй, жаңа типтеги Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилди.

Жаңа институт Кибернетика институтының тарийхый мийрасхоры сыпатында бүгин санлы технологиялар раўажланыўының заманагөй тенденцияларына сәйкес түрде, экономика ҳәм социаллық тараўда моделлестириў, болжаў ҳәм басқарыўдың қурамалы мәселелерин шешиўде жасалма интеллект потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған илимий излениўлерди даўам еттирмекте. Бул бағдардағы изертлеўлер Кибернетика институтында онлаған жыллар алдын жаратылған беккем илимий тийкарға тийкарланған ҳалда орынланбақта.

Ҳәзирги ўақытта институт илимпазларының ҳәрекети бир қатар илимий машқалаларды шешиўге қаратылған. Компьютер көриўи бағдарында биометриялық параметрлер тийкарында шахсты танып алыў, аралықтан зондлаў ҳәм медициналық сүўретлерди қайта ислеў, сондай-ақ, олардағы объектлерди танып алыў; тәбийғый тилди қайта ислеў бағдарында сөйлеўди текстке, текстти сөйлеўге өткериў, сөйлеў тийкарында шахсты танып алыў, текстлерди интеллектуал таллаў ҳәм де өзбек тили ушын үлкен тил моделлерин ислеп шығыў усылардың қатарына киреди. Қалаберди, санлы технологиялар бағдарында ақыллы системалар ҳәм буйымлар интернетин раўажландырыў, машина оқытыў бағдарында нәтийжели танып алыў усыллары ҳәм алгоритмлерин жаратыў, сондай-ақ, үлкен мағлыўматларды интеллектуал таллаўдың заманагөй қатнасларын ислеп шығыў; терең үйрениў бағдарында нейрон тармақларды синтезлеў, ислеп шығыў ҳәм жетилистириў, олардың архитектураларын оптималластырыў ҳәм ҳәр қыйлы әмелий мәселелерди шешиўге бейимлестириў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, интеллектуал қарар қабыл етиўди қоллап-қуўатлаў системалары бағдарында қурамалы процесслерди таллаў, усыныслар ислеп шығыў ҳәм басқарыў қарарларын қабыл етиўди автоматластырыў; жасалма интеллект агентлери бағдарында бир неше агент системаларының биргеликте ислеўи, биргеликте қарар қабыл етиўи ҳәм қурамалы ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў усылларын ислеп шығыў; халықаралық бирге ислесиўдиң жасалма интеллект тараўындағы тийкарғы бағдарлары тийкарында басқарыў ҳәм өндирис процесслерин автоматластырыў ушын әмелиятта талап жоқары болған инновациялық өнимлер - базалық моделлер, алгоритмлер ҳәм программалық тәмийнатты жаратыў мақсет етилген.

Институттағы фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер, бир тәрептен, жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў, соның ишинде, компьютер көриўи, тәбийғый тилди қайта ислеў, қарар қабыл етиўди интеллектуаллық қоллап-қуўатлаў сыяқлы бағдарлар менен, екинши тәрептен, машина оқытыў ҳәм математикалық моделлестириў усылларын жетилистириў менен байланыслы. Бул изертлеўлер, бәринен бурын, инсан сыяқлы түрли ўазыйпаларды орынлаў, пикирлеў, өз-ара тәсирлесиў ҳәм өзгериўшең шараятларға бейимлесе алыў қәбилетине ийе, универсал, яғный күшли жасалма интеллектти жаратыў менен байланыслы қурамалы илимий-техникалық машқаланы шешиўге қаратылған.

Институттың илимпазлары топары бир қатар әҳмийетли фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырып, әҳмийетли илимий нәтийжелерге еристи ҳәм Өзбекстанда санлы тараўды раўажландырыўда әмелий қолланылып атырған программалық өнимлерди ислеп шықты. Бул болса институттың заманагөй жасалма интеллект технологиялары ҳәм мәлимлеме системаларын ислеп шығыў тараўындағы жетекши илимий орайлардан бири сыпатындағы абырайын және де беккемлеп, жаңа Өзбекстанның турақлы инновациялық раўажланыўына хызмет етпекте.

Мирзажан КАМИЛОВ,

Өзбекстан Илимлер академиясы академиги,

Анвархожа ҚОДИРОВ,

Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў

илимий-изертлеў институты директоры