Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан
жерлесимиз Ақтеңге Кеунимжаева 50 кг салмақ категориясында мүнәсип қатнасып,
барлық қарсыласларынан үстем келди.
Кескин беллесиўлер менен өткен жекпе-жеклер жуўмағы менен
Ақтеңге 1-орынды ийелеп, алтын медалды сайланды командамыз есабына жазып қойды.