Тек ғана ресурслардың өзи дәрамат дерегине айлана алмайды. Бүгинги күнде шийки затты заманагөй өндирис процесслерине тартқан, алдыңғы технологияларды енгизип, экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойған мәмлекетлер ғана жоқары нәтийжелиликке ерисе алады.
Дүньяда технологиялық металлар ҳәм әҳмийетли минералларға талап кескин артпақта. Электротехника, машина қурылысы, авиация, энергетика, медицина ҳәм басқа да жоқары технологиялы тармақлар ушын зәрүр бундай шийки зат ҳәм өнимлер экономикалық қәўипсизлик ҳәм санаат бәсекиге шыдамлылығының үстини болып бармақта.
Халықаралық таллаў орайларының жуўмағына бола, әҳмийетли минераллар глобал технологиялық бәсекиниң шешиўши факторларынан бирине айланбақта. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлердиң энергетикалық жаңаланыў, санластырыў ҳәм жоқары технологиялы санаатты раўажландырыў бағдарындағы статусы ҳәм орны көп жағынан олардың сийрек ушырасатуғын ҳәм технологиялық металларды жеткерип бериў шынжырын қаншелли қадағалаўына байланыслы белгиленбекте.
Бул бағдарда толық санаатласқан экосистеманы қәлиплестириў үлкен әҳмийетке ийе. Онда қосымша қундың салмақлы бөлеги тийкарынан мәмлекеттиң өзинде жаратылады. Мине усындай қатнас экспорт түсимлериниң турақлы өсиўин тәмийинлеп, экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырады.
Усы мақсетте мәмлекетимизде усы жылдың өзинде 166 миллион долларлық 12 жойбарды иске қосыў режелестирилген. Нәтийжеде жоқары тазалықтағы селен, теллур ҳәм рений сыяқлы 3 түрдеги жаңа металл, унтақ металлургиясы тийкарында автодеталлар сыяқлы 21 түрдеги импорттың орнын басатуғын өнимлер ҳәм сульфат кислотасын ислеп шығарыў жолға қойылады. Сондай-ақ, жаңа қуўатлықлар есабынан жүзлеген жумыс орынлары жаратылады, бюджет түсимлери ҳәм экспорт имканиятлары артады.
15-июнь күни Президентимиз жанында санаат ушын әҳмийетли минераллар шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша болып өткен презентацияда бул бағдарда әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли мәселелер додаланды.
- Мәмлекетимизде бул бағдарда үлкен потенциал бар, - дейди таў-кән санааты ҳәм геология министриниң биринши орынбасары Феруза Ҳамидова. - Бүгин биз мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2024-жылы шөлкемлестирилген Өзбекстан технологиялық металлар комбинатының инвестициялық жойбарларын таныстырдық. Ҳәзирги ўақытта бул кәрхананың тийкарғы жумысы вольфрам ҳәм молибден ислеп шығарыў менен шекленип қалмақта. Жаңа кәнлерди өзлестириў, байытыў фабрикалары, гидро ҳәм пирометаллургия заводларын қурыў арқалы 28 түрдеги әҳмийетли минералларды санаат дәрежесинде ислеп шығарыў имканияты бар.
Бул потенциалды толық иске қосыў мақсетинде 2026-2030-жылларда улыўма баҳасы 4,2 миллиард долларлық 120 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Бул арқалы тармақ көлемин 2028-жылға шекем 1 миллиард долларға, 2030-жылға шекем 2 миллиард долларға жеткериў имканияты бар.
Мәжилисте вольфрам ҳәм молибден бойынша "шийки зат - қайта ислеў - таяр өним" шынжырын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды. Бул арқалы тек ғана концентрат ямаса ярым таяр өним емес, ал жоқары қосымша қунға ийе металл унтақлары, еритпелер, стерженьлер, сымлар, санаат ушын деталлар ҳәм басқа да таяр өнимлерди ислеп шығарыў мақсет етилген.
Жәҳән тәжирийбеси көрсетип атырғанындай, бийбаҳа металлардан ислеп шығарылған таяр өнимниң баҳасы шийки заттан бираз жоқары болады. Соның ушын терең қайта ислеў тек ғана санаат ушын зәрүр фактор болып қалмастан, мәмлекеттиң экспорт потенциалына тиккелей тәсир ететуғын стратегиялық ўазыйпаға айланбақта.
Буның ушын Шыршық қаласында "Келешек металлары" технопарки ҳәм R&D орайының жумысын кеңнен жолға қойыў белгиленген. Ол жерде илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў, жоқары сапалы металлар ҳәм инновациялық өнимлер ислеп шығарыў ушын зәрүр шараят жаратылады.
- Мәжилисте стратегиялық ҳәм әҳмийетли минераллар тараўын жаңа басқышқа алып шығыў, қосымша қунға ийе таяр өнимлерди ислеп шығарыў системасын буннан былай да күшейтиў бағдарында бир қатар ўазыйпалар белгиленди, - дейди "Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты" АЖ басқарма баслығы Фарҳод Абдуллаев. - Тийкарғы мақсет Өзбекстанды шийки зат жеткерип бериўши мәмлекеттен әҳмийетли минераллар бойынша регионаллық технологиялық өндирис ҳәм экспорт орайына айландырыў. Ҳәр қандай тараўдың раўажланыўы ушын жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе. Усы мақсетте Ташкент мәмлекетлик техника университети менен дуал билимлендириў системасы жолға қойылған. Технологиялық металлар комбинатында металлургия ҳәм материалтаныў бойынша 2 кафедра жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда дуал билимлендириўдиң қамтып алыўын кеңейтиў, оқыў бағдарламаларын жаңа жойбарлардың талабына бейимлестириў ҳәм питкериўшилерди жоқары технологиялық өндирислерге бағдарлаў бойынша көрсетпелер берди.
Және бир әҳмийетли тәрепи. Шыршық қаласында шөлкемлестирилип атырған, Орайлық Азияда әҳмийетли минераллар бойынша бирден-бир илимий-изертлеў ҳәм технологиялық орай - наноанализ лабораториясы геология, кәншилик ҳәм металлургия жойбарлары ушын заманагөй анализ хызметлерин көрсетеди. Нәтийжеде бүгин сырт елде орынланып атырған таллаўлар локализацияланады ҳәм мүддетлер қысқарады. Мысал ушын, еки айда орынланатуғын жумыслар бир ҳәптеде таяр болады. Лаборатория толық иске қосылғаннан соң, бир күнде мыңға шекем үлги анализленип, 6,5 миллион долларлық импорт хызметлери локализацияланады, және 4 миллион долларлық хызметлер экспорты жолға қойылады.
Соның менен бирге, тармақта санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Геологиялық мағлыўматларды бирден-бир санлы базаға жыйнаў, излеў жумысларын 3D модельлестириў, өндирис процесслерин реал ўақыт режиминде қадағалаў, базар анализи ҳәм жойбарларды басқарыўды заманагөй платформалар арқалы шөлкемлестириў ўазыйпалары белгиленди.
Өндирис процесслери жедел пәт пенен қурамаласып баратырған шараятта бундай илимий-технологиялық инфраструктураны жаратыўдың әҳмийети және де артады. Себеби, бүгин металлургиядағы бәсекиге шыдамлылық тек ғана ресурсларға ийе болыў менен емес, ал изертлеўлердиң дәрежеси, нәтийжелилиги, инженерлердиң шеберлиги ҳәм миллий технологиялардың қаншелли жетилискенлиги менен де белгиленеди.
Презентацияда белгиленген ўазыйпалар елимиздиң стратегиялық минераллар бойынша технологиялық еркинлигин тәмийинлеў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм әҳмийетли минераллар глобал базарында исенимли қатнасыўшыға айландырыўға тийкар жаратады.
Лутфулла СУВОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы