Нәтийжеде, бир ўақытлары үлкен суў бассейни болған үлкен аймақтың үлкен бөлеги бүгин қурып, шорлы ҳәм қурғақшыл майданға айланған.
Бирақ соңғы жыллардағы илимий изертлеўлер Аралдың қурыған ултаны пүткиллей жансыз емес екенлигин көрсетпекте. Керисинше, бул жерде қурамалы, әсте, бирақ белгили бир нызамлықларға тийкарланған тәбийғый тиклениў процеси болып өтпекте.
Бүгин илимпазлар Арал теңизиниң қурыған ултанында өсимлик қапламының қалай қәлиплесип атырғанын тек ғана дала бақлаўлары емес, ал космослық сүўретлер жәрдеминде де талламақта. Усындай заманагөй усыллардан бири NDVI, яғный өсимлик қапламының жағдайын баҳалаўға хызмет ететуғын көрсеткиш болып табылады. Ол жасалма жолдас сүўретлери арқалы аймақтағы жасыл масса муғдары ҳәм вегетация белсендилигин анықлаў имканиятын береди. Усы усыл жәрдеминде Арал ултанындағы өсимликлер қапламының өзгериўи узақ жыллар даўамында бақланып, тийкарғы тенденциялары анықланған.
Изертлеў нәтийжелерине бола, 1986-2023-жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында өсимлик қапламы бирдей пәтте раўажланбаған. Айырым жылларда вегетация төменлеген болса, айырым дәўирлерде керисинше, тиклениў күшейген. Мәселен, 1986, 1995 ҳәм 2000-жылларда NDVI көрсеткиши бираз төменлеген болса, 2010-жылда ең жоқары нәтийже - 0,89 диң есабында дизимге алынған. 1990, 2015, 2020 ҳәм 2023-жылларда болса вегетация салыстырмалы турақлы дәрежеде сақланып қалған. Бул көрсеткишлер теңиздиң қурыған түбинде өсимлик қапламының қәлиплесиўи тоқтамағанын, ал тәбийғый шараятқа сәйкес түрде даўам етип атырғанын көрсетеди.
Бул процесс, бәринен бурын, климат факторлары менен тығыз байланыслы. Температура ҳәм жаўын муғдарының өзгериўи өсимликлердиң өсиўи ҳәм биомасса топлаўына күшли тәсир көрсетеди. Изертлеўлерге қарағанда, 1983-жылдағы жоқары температура, 1984-1986-жыллардағы суўық қыс ҳәм вегетация дәўиринде жаўын-шашынның аз болыўы 1986-жылда NDVI төменлеўине себеп болған. Керисинше, 2010-жылы бәҳәр айларында, әсиресе март-майда жаўын-шашынның көп болыўы вегетацияның раўажланыўына қолайлы шараят жаратқан ҳәм жасыл қапламның артыўына алып келген. Демек, Арал ултанында өсимлик тиришилиги климат шараяты, әсиресе, бәҳәрги ығаллық пенен үзликсиз байланыслы.
Усы көзқарастан, NDVI анализи Аралдың қурыған ултанындағы экологиялық жағдайды баҳалаўда әҳмийетли қуралға айланбақта. Ол аймақтың қаншелли жасылласқанын көрсетип ғана қоймастан, қайсы дәўирде ҳәм қандай тәбийғый шараятларда өсимлик қапламы жедел қәлиплесип атырғанын да ашып береди. Бул болса экологиялық мониторинг, тиклеў илажлары ҳәм келешектеги илимий прогнозлар ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Бирақ Аралдың қурыған ултанында өсимлик қапламының қәлиплесиўин тек ғана климат факторлары менен түсиндирип болмайды. Көп жыллық геоботаникалық бақлаўлар бул процестиң және де терең нызамлылықларын ашып берди. Илимлер академиясы Ботаника институтының илимпазлары тәрепинен өткерилген 35 жыллық фундаментал изертлеўлер тийкарында Арал теңизиниң қурыған ултанында қәлиплесип атырған өсимлик ҳәм экосистемалардың узақ мүддетли динамикасы үйренилди. Бул изертлеў нәтийжелери дүньяның абырайлы илимий басылымларынан бири - “Ecological Indicators” журналында басып шығарылғаны да теманың халықаралық көлемдеги әҳмийетлилигин көрсетеди.
Бул бақлаўлар даўамында Арал теңизиниң қурыған ултанында бес тийкарғы экосистема түри қәлиплескени анықланған. Бул жүдә әҳмийетли жуўмақ. Себеби ол аймақтағы өсимлик қапламы тосыннан емес, ал белгили экологиялық факторлар тәсиринде, нызамлы түрде қәлиплесип атырғанын тастыйықлайды. Изертлеўшилер 30 дан аслам доминант өсимлик түрлериниң алмасыў процесин бақлап, бул жағдайды топырақтың механикалық қурамы, шорланыў дәрежеси ҳәм жер асты суўларының жайласыў тереңлиги менен байланыстырған.
Атап айтқанда, қумлы ҳәм орташа тығызлықтағы топырақлар және 1-1,5 метр тереңликте жайласқан жер асты суўы бар аймақларда фитомасса ҳәм биокөптүрлилик салыстырмалы жоқары екенлиги анықланған. Керисинше, күшли шорланған аўыр топырақларда әдетте жүдә әпиўайы, монодоминант галофит жәмәәтлер қәлиплеседи. Бул болса Арал теңизи қурыған ултанының түрли бөлимлеринде вегетация дәрежеси ҳәм қурамы бир-биринен не ушын парықланыўын түсиндиреди.
Изертлеўлерде және бир әҳмийетли тәреп анықланған: Аралдың қурыған ултанында өсимликлердиң тиклениўи әпиўайы ҳәм туўры сызықлы процесс емес. Бул процесс мозаикалық ҳәм айырым жағдайларда дәўирлик өзгешеликке ийе. Яғный аймақтың бир бөлиминде өсимлик қапламы салыстырмалы түрде тез қәлиплесип атырған болса, басқа жерлерде шорланыў, қурғақшылық ямаса топырақ шараяты себепли бул процесс әдеўир әсте өтеди. Демек, Арал ултанын бирден-бир тәбийғый мәкан емес, ал ҳәр қыйлы экологиялық шараятларға ийе қурамалы система сыпатында көриў керек.
Көп жыллық бақлаўлар даўамында 65 экотоп қәлиплескени атап өтилген. Бул Арал теңизиниң қурыған ултанындағы экологиялық процесслер қаншелли қурамалы ҳәм көп қатламлы екенин көрсетеди. Усы мағлыўматлар тийкарында арнаўлы экологиялық классификация шкаласы ислеп шығылған ҳәм экосистемалардың келешектеги раўажланыў бағдарлары да прогноз етилген. Болжаўлар Арал теңизиниң қурыған ултанында ўақыт өтиўи менен салыстырмалы турақлы өсимлик жәмәәтлериниң қәлиплесиў итималы бар екенлигин аңлатады.
Әлбетте, бул унамлы процесслер менен бир қатарда қәўип-қәтерлер де сақланып қалмақта. Климат өзгериўи күшейип баратырған ҳәзирги шараятта температураның артыўы, қурғақшылық дәўириниң көбейиўи ҳәм жаўын-шашынның азайыўы вегетация ушын айрықша басым факторына айланбақта. Изертлеўлерде атап өтилиўинше, бундай жағдай NDVI көрсеткишлериниң төменлеўи, демек, өсимлик биомассасы көлеминиң азайыўына алып келиўи мүмкин. Әсиресе, вегетация дәўириндеги ығаллық жетиспеўшилиги фотосинтез ҳәм транспирация процесине унамсыз тәсир көрсетеди. Сонлықтан, Арал ултанындағы тәбийғый қайта тиклениў процеси жүдә нәзик экологиялық тең салмақлылыққа сүйенеди.
Солай болса да, илимий бақлаўлар Аралдың қурыған ултаны тек ғана экологиялық апатшылық тымсалы емес екенлигин де көрсетпекте. Бул аймақ соның менен бирге тәбияттың экстремал шараятында да бейимлесиў ҳәм қайта тиклениў потенциалын көрсетип атырған бийбаҳа тәбийғый лаборатория болып есапланады. Бул жерде өсимлик қапламының қәлиплесиўи, жаңа экосистемалардың пайда болыўы ҳәм биокөптүрлиликтиң әсте-ақырын артып барыўы тиклениў стратегияларын ислеп шығыўда әҳмийетли илимий тийкар болып хызмет етеди.
Арал теңизиниң қурыған ултанында өсимлик қапламының қәлиплесиўи узақ мүддетли, қурамалы ҳәм көп факторлы экологиялық процесс болып табылады. NDVI тийкарындағы таллаўлар бул аймақта өсимлик қапламы климат факторларына қаншелли тәсиршең екенин көрсетсе, көп жыллық дала бақлаўлары тиклениўдиң ишки механизмлерин ашып берди. Ең әҳмийетлиси, бул изертлеўлер Арал ултанында тиришиликтиң қайта қәлиплесиўи мүмкин екенлигин, ақыр-аяғында, экологиялық реставрация илимий тийкарда алып барылса, регион ушын үмит бар екенлигин көрсетпекте.
Жасур САДИНОВ,
Ботаника институты Геоботаника лабораториясы
киши илимий хызметкери