Бул ҳаққында Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында жайластырылған "Жанылғы-энергетика тараўында базар принциплерине өтиў процесинде халықты социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы Президент пәрманы жойбарында сөз барады.
Жойбарға бола, жәрдем алыўшылар тек ғана Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлар менен шекленбейди. Жан басына туўра келетуғын дәраматы Минимал тутыныў қәрежетлериниң еки есесине шекем болған, бирақ реестрге киргизилмеген мүтәж шаңарақларды да қосымша дизим тийкарында қамтып алыў мүмкин.
Сондай-ақ, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын компенсация алыўда дәрамат нормасын Минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен еки есесине шекем кеңейтиў усыныс етилмекте.
Газлестирилмеген ҳәм тәбийғый газ жеткерип бериў қыйын болған аймақларда ысытыў мәўсими ушын электр энергиясының базалық нормасын 200 кВт.сааттан 350 кВт.саатқа шекем арттырыў да нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, халық ушын ысытыў ҳәм ыссы суў хызметлерине жаңа тарифлерди енгизиў, суйылтырылған газдиң баҳасын бир килограмм ушын 5 мың сум етип белгилеў усыныс етилмекте.
Жәрдемге мүтәж шаңарақларға болса 2030-жыл 1-январьға шекем ҳәр айда 20 килограммға шекем суйылттырылған газ ушын ҳәр бир килограмм ушын 3 мың сумнан компенсация төлеў режелестирилген.
Пәрман жойбары менен усы силтеме арқалы танысыў мүмкин.