Таңлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-январьдағы "Шығындыларды
басқарыў системасын жетилистириў ҳәм олардың экологиялық жағдайға унамсыз
тәсирин азайтыў илажлары ҳаққында"ғы ПП-5-санлы Пәрманында белгиленген
ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде өткерилмекте.
Ким қатнасыўы мүмкин
Таңлаўда тиккелей шығындыларды жүклеў, тасыў, жайластырыў ҳәм таңлап алыў
менен шуғылланатуғын санитариялық тазалаў кәрханаларының хызметкерлери,
сондай-ақ, аймақларды тазалаў жумысларын орынлайтуғын абаданластырыў
басқармаларының хызметкерлери қатнасыўы мүмкин.
Тийкарғы
талаплардан бири - тараўда кеминде 10 жыллық нәтийжели ҳәм ҳадал мийнет стажына
ийе болыў.
Таңлаў сондай-ақ,
төмендегилерге қаратылған:
тараўдың
раўажланыўына үлкен үлес қосқан хызметкерлерди атап өтиў;
санитариялық
тазалаў ҳәм абаданластырыў тараўы қәнигелери мийнетиниң абырайын ҳәм жәмийетлик
әҳмийетин арттырыў;
көп жыллық ҳадал
ҳәм пидәкерлик мийнети үлгисин жаслар арасында ғалаба ен жайдырыў;
халықтың экологиялық
мәдениятын ҳәм қоршаған орталыққа жуўапкершиликли қатнасын арттырыў.
Жеңимпазлар не
алады
Таңлаў жеңимпазларының
мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине төлемли-контракт тийкарында
оқыўға кирген перзентлери ҳәм ақлықларына бир оқыў жылы ушын төлемли-контракт
муғдары қаплап берилиўи нәзерде тутылған.
Компенсация
муғдары базалық есаплаў муғдарының 30 есесинен артып кетпеўи керек.
Онда, усы
жеңилликтен пайдаланған студентлер келешекте мәмлекетлик уйымлар ҳәм
шөлкемлерде кеминде 3 жыл мийнет етиўи керек болады.
Қандай ҳүжжетлер
керек
Арзаға
төмендегилер қосымша етилиўи керек:
талабанның
биометриялық паспорты ямаса ID-картасының нусқасы;
3×4 см өлшемдеги
реңли фотосүўрет;
мағлыўматнама-объективка;
талабан тәрепинен
кейинги үш жылда орынланған жумыслар, ерисилген нәтийжелер ҳәм әмелге асырылған
басламалар көрсетилген минезлеме;
талабанның
перзенти ямаса ақлығының мәмлекетлик ЖООда төлемли-коньтракт тийкарында оқып
атырғанын тастыйықлаўшы мағлыўматнама, сондай-ақ, тийисли шәртнаманың нусқасы;
Талабанның
оқыўшыға туўысқанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет.
Арза бериў
мүддетлери
Арзаларды
қабыллаў 1-сентябрьден санитариялық тазалаў кәрханалары ҳәм абаданластырыў
басқармаларында басланады.
Ҳүжжетлер
1-октябрьге шекем қабыл етиледи.
Усынылған
мағлыўматлардың дурыслығы ҳәм исенимлилиги ушын ҳүжжетлерди усынған шөлкемниң
басшысы жуўапкер болады.
Шөлкемлер талабанлар
ҳаққындағы мағлыўматлардың толықлығы, анықлығы ҳәм исенимлилигин тәмийинлеўи,
белгиленген тәртипте ҳүжжетлерди усыныўы зәрүр.