Буннан соң жоқары мәртебели мийман "Жаңа Өзбекстан" бағына барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Мәмлекетимиздиң өтмиши ҳәм келешегин сәўлелендиретуғын Ғәрезсизлик монументи Жаңа Өзбекстанның руўхый уллылығының көриниси болып есапланады. Монументте дүнья цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ата-бабаларымыздың сүўретлери сәўлелендирилген.

Чехия Бас министри гүллер қойып, комплекс алдында бас ийип, өз өмирин Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы, илим ҳәм ағартыўшылық жолында хызмет еткен ата-бабаларымыздың естелигине терең ҳүрмет көрсетти.

Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиштиң елимизге рәсмий сапары шеңберинде Ташкентте Өзбекстан-Чехия бизнес-форумы болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиш қатнасты.

Форумда еки мәмлекеттиң жетекши санаат кәрханалары, инвестициялық компаниялары ҳәм қаржы структураларының ўәкиллери қатнасты. Атап айтқанда, Чехия делегациясынан машина қурылысы, енергетика, фармацевтика, химия санааты, транспорт-логистика тараўларында жумыс алып барып атырған 50 ден аслам ири компаниялардың басшылары қатнасты.

Кейинги сегиз жылда Өзбекстан ҳәм Чехия арасындағы товар алмасыў көлеми еки есеге артқаны атап өтилди. Бүгинги күнде елимизде Чехия капиталының қатнасыўында 36 қоспа кәрхана жумыс алып бармақта. Фармацевтика, азық-аўқат санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм туризм бирге ислесиўдиң табыслы бағдарлары сыпатында атап өтилди.

Сөйлесиўлерде экономикалық шерикликтиң перспективалы бағдарлары додаланды.

Чехия компанияларына мыс ҳәм басқа да реңли металларды қазып алыў, терең қайта ислеў, кән үскенелерин ислеп шығарыўды локализациялаў жойбарларында қатнасыў усыныс етилди.

Гидроэлектр станцияларын қурыў, когенерацион қурылмаларды енгизиў, тараўды санластырыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстандағы IТ-парклер ҳәм 100 мыңнан аслам тараў қәнигелериниң потенциалынан пайдаланып, үшинши мәмлекетлер базары ушын қоспа санлы өнимлер жаратыў имканиятлары додаланды.

Өзбекстан химия кластерлери негизинде минерал төгинлер, полимерлер ҳәм турмыслық химия ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, фармацевтика тармағында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Еки мәмлекет географиялық жайласыўының стратегиялық әҳмийети атап өтилди. Атап айтқанда, Өзбекстан ушын Чехия Европа базарларына шығыўда әҳмийетли буўын есапланса, Чехия ушын мәмлекетимиз Орайлық Азияға кириў "қапысы" болып есапланады. Сол себепли теңлик тийкарында саўда үйлери ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.

Өзбекстан тәрепи арнаўлы санаат парклеринде чех инвесторлары ушын жаратылған имканиятлар, Европа компанияларына берилген жеңилликлер ҳаққында айтып өтти.

Чехия Бас министри, өз гезегинде, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин билдирди ҳәм анық инвестициялық усынысларды билдирди.

Форум жуўмағында еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли ҳүжжетлер ҳәм келисимлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиш мәмлекетимизге рәсмий сапары шеңберинде тек ғана миллий байлық емес, ал пүткил ислам дүньясының дүрданасы болған Ташкент қаласындағы Ислам цивилизациясы орайына барды.

Ислам цивилизациясы орайы - өтмиш пенен ҳәзирги күнди илимий, ағартыўшылық ҳәм тарийхый өлшемлерде байланыстыратуғын өзине тән көпир болып есапланады. Бүгинги күнде бул саўлатлы комплекс өзиниң көлеми ҳәм әҳмийети менен пүткил дүньяның итибарын тартпақта.

Орайда халықаралық хызмет көрсетиў стандартларына муўапық келиўшилер ушын тарқатпа материаллар, брошюра ҳәм китаплар таярланған. Өзбекстан музейлери тәжирийбесинде биринши мәрте халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда заманагөй химия-физика лабораториясында барлық музей экспонатларының химиялық қурамы ҳәм жаратылыў ўақты анықланды, технологиялық паспортлары таярланды.

Экспонатлар халықаралық ISO стандартларына муўапық санластырылған ҳәм бирден-бир электрон платформаға жайластырылған. ЮНЕСКО ҳәм ИКОМ талаплары, сондай-ақ, дүньяның жетекши музейлери тәжирийбеси тийкарында 8 бағдар бойынша экспонатлар этикеткасының стандартлары ҳәм классификациялары ислеп шығылған. Ҳәр бир експонатқа QR-код жайластырылғаны себепли мобил телефон ямаса планшет арқалы дәслеп үш, кейин ала сегиз тилдеги видео ҳәм аудиоконтент пенен танысыў мүмкин.

Буннан тысқары, Британия музейи, Лувр ҳәм Метрополитен музейиндеги сыяқлы робот-гидлер, видео ҳәм аудио танысыў ушын планшетлер, аудиогидлер, радиогидлер ҳәм жол көрсетиўши наушниклерден пайдаланыў нәзерде тутылған.

Чехия Бас министри Андрей Бабиш дүньяның жетекши музейлериниң коллекциялары менен теңлесетуғын бийбаҳа дүрданалар сақланып атырған Ислам цивилизациясы орайының экспонатлары менен танысып, ата-бабаларымыздың бай мийрасына ҳәўес етти.

Сапар бағдарламасына муўапық 30-апрель күни Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, оларда көп қырлы Өзбекстан-Чехия бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.

Өз-ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, "жасыл" энергетика, химия, фармацевтика ҳәм транспорт тараўларында кооперацияны тереңлестириў дыққат орайында болады. Мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланады.

Халықаралық күн тәртиби, соның ишинде, көп тәреплеме майданларда бир-бирин қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысылады.

Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиштиң елимизге рәсмий сапары даўам етпекте.