Ушырасыўда Армения, Беларусь, Қазақстан ҳәм Россия ҳүкиметлериниң
басшылары, Евроазия экономикалық комиссиясы Коллегиясының баслығы Бакытжан
Сагинтаев та қатнасты. Өзбекстан Евроазия экономикалық аўқамы жанындағы
бақлаўшы мәмлекет сыпатында таныстырылды, деп хабар бермекте Қырғызстан
Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайты.
Садир Жапаров
қатнасыўшыларды қутлықлап, Қырғызстан ЕАЭАға
тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти раўажландырыў, экономикалық
интеграцияны тереңлестириў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын әҳмийетли
майдан сыпатында қарайтуғынын атап өтти. Республикамыз буннан былай да Аўқам
жумысында белсене қатнасыўға таяр екенин тастыйықлады.
Сондай-ақ,
Қырғызстан Президенти гезектеги Евроазия экономикалық форумы 2027-жылы
мәмлекеттиң ЕАЭА уйымларына басшылығы дәўиринде Қырғызстанда өткерилетуғынын
мәлим етип, форум қатнасыўшыларының шеңберин бирге ислесиўши мәмлекетлер ҳәм
халықаралық шөлкемлер есабынан кеңейтиўди усыныс етти.
Ушырасыўда санаат
ҳәм агросанаат тармақларында кооперациялық жойбарларды раўажландырыў,
сондай-ақ, Аўқамға ағза мәмлекетлердиң қоллап-қуўатлаў ҳәм қаржыландырыў
механизмлеринен теңдей пайдаланыўын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды. Өзбекстан ЕАЭА менен тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди
раўажландырыўды даўам еттирген ҳалда илажда бақлаўшы мәмлекет статусында
қатнасты.