"Өзгидромет"тиң
хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с,
12-14 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Ҳаўаның температурасы 33-35°.
Таў
алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып,
гүлдирмама болыўы күтиледи. Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларының
таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12
м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди.