Президентимиздиң 2025-жыл 1-апрельдеги қарары менен Қоңырат районын 2025-2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланған еди. Бағдарлама себепли басланған дөретиўшилик жумыслары аймақтың инфраструктурасын жаңалап, руўхый ҳәм мәдений келбетин түп-тийкарынан өзгертип атыр.

Бул аймақ әзелден уллы цивилизациялар, халықлар ҳәм мәдениятлар тутасқан орын болған. Бул жерден өткен саўда жоллары - Уллы жипек жолының тармақлары әсирлер даўамында регионның экономикалық ҳәм мәдений орайы болып хызмет еткен. Қоңырат тек ғана алды-сатты емес, ал илим-ағартыўшылық ҳәм тәжирийбе алмасыў майданы болған. Ҳәзир де әййемги кәрўанлардың изи, тарийх нәпеси ҳәм ата-бабалардың естелиги ҳәр қәдемде сезилип турады. Тарийхый ҳүжжетлер ҳәм архив мағлыўматларына бола, Қоңырат қаласы XVIII–XX әсирлерде беккем дийўаллар менен қоршалған болып, халықты сыртқы қәўип-қәтерлерден қорғаўда әҳмийетли роль атқарған. Жергиликли халықтың айтыўына қарағанда, ҳәтте XIV әсирде де Қоңырат қорғанында саўлатлы дәрўазалар болған. XIX әсирде Төребий қорганының арқа бөлиминде жайласқан Мустафа ийшан дәрўазасы аймақтың әҳмийетли кириў ноқаты есапланған.

Қоңырат қаласының батыс тәрепинде жайласқан бас дәрўаза болса 1930-жылларға шекем өз жағдайын сақлап келген. Үстирт тегислигиндеги және бир тарийхый орын - Белеўли кәрўансарайы дәрўазасы орта әсирлер архитектурасының жоқары үлгиси болып есапланады. Белеўлы имараты аймақлық кәрўансарайларға тән планировкаға ийе болып, оның әтирапы жабық төртмүйешлик ҳәўли, бөлмелер ҳәм хожалық ханалары менен қоршалған. Көринип турғанындай, әййемги Қоңыратта дәрўаза түсиниги тек ғана архитектуралық атама емес, ал қәўипсизлик, қут-берекет ҳәм миймандослық тымсалы есапланған. Бүгин районның сол тарийхый ҳақыйқатлықлары қайта тикленбекте.

Президентимиздиң қарары тийкарында Қоңырат районы орайына кириўши ҳәм шығыў жолларын түп-тийкарынан реконструкциялаў басланды. Жойбар район логистикасын жақсылаў ҳәм халыққа қолайлық жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе. Жол бойында саўда ҳәм сервис хызметлери ашылады. Бул болса жаңа жумыс орынларын жаратып, халықтың абаданлығын арттырады. Жолдың басланыў бөлегинде Қоңырат районының өзине тән мирәт қағазына айланыўы күтилип атырған заманагөй дәрўаза бой тиклейди.

Бул жойбар бойынша жақында район ҳәкими Беҳзод Мадаминовтың қатнасыўында нураныйлар, белсенди жаслар ҳәм зыялылар менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Атап өтилиўинше, бул дәрўаза әпиўайы қурылма емес, Қоңырат халқының әзелден қәлиплескен миймандослық, ашық-айдынлық ҳәм шын жүректен ибарат қәдириятларының рәмзий көриниси болады. Әййемги дәрўазалар дәстүри заманагөй архитектура менен байланыстырып, жаңа раўажланыў басқышына қәдем қойып атырғанымызды аңлатады.

Бул жер келешекте туристлер ушын тартымлы орынға айланатуғыны сөзсиз. Себеби, дәрўазадан кирип келген ҳәр бир инсан даңқлы тарийх ҳәм жарқын келешек үнлеслигин көреди. Және бир факт. Белеўли кәрўансарайы Қарақалпақстан мәдений мийрас объектлери дизимине киргизилип, қорғаўға алынған. Жаңадан қурылатуғын заманагөй дәрўазада да тап усындай нағыслар ҳәм архитектуралық шешимлерден пайдаланылады. Бул да аймақтың тарийхый көринисин сақлап қалыўға хызмет етеди. Ҳәр бир раўажланған аймақ өз көринисин мине усындай саўлатлы белгилер арқалы көрсетеди. Районды раўажландырыў бағдарламасы шеңбериндеги жумыслар жергиликли халық тәрепинен үлкен қанаатланыўшылық пенен күтип алынбақта. Буны нураныйлар ҳәм белсенди жаслар менен өткерилген сөйлесиўлер ўақтында анық сездик. Олар бул ислерде белсенди болыўға таяр.

Жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы жол ҳәм дәрўаза қурылысы менен шекленип қалмаған, әлбетте. Онда социаллық тараўлар, соның ишинде, билимлендириў ҳәм медицинаны жақсылаў, жаңа санаат кәрханаларын қурыў да нәзерде тутылған. Бул болса Қоңыратты тек ғана Қарақалпақстан емес, ал пүткил мәмлекет көлеминдеги ең раўажланған районлардан бирине айландырады.

Тез арада Қоңыратқа келген мийманлар жаңа, заманагөй ҳәм көркем дәрўаза арқалы район аймағына өтеди. Олар дәрўазадан ишке кирген сайын жаңа өмир нәпесин, раўажланыў ҳәм миймандослықты сезип барады.

 

Үмитай ТИЛЕЎМУРАТОВА,

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы

Қоңырат районы бөлиминиң баслығы