Қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар заманагөй турақ жайлар, социаллық объектлер, қолайлы инфраструктура жаратыўға хызмет етпекте. Соның менен бирге, қурылатуғын имаратлар қәўипсиз, сапалы, екологиялық ҳәм қала қурылысы талапларына толық жуўап бериўи керек.

Презентацияда мәмлекетлик хызметлерди әпиўайыластырыў, руқсат бериў тәртип-қағыйдаларында бюрократияны азайтыў, қурылыс объектлерин қадағалаўды санластырыў ҳәм инсан факторын қысқартыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Бүгинги күнде қурылысты баслаў ушын рухсат алыў ушын 8 ҳүжжет талап етиледи. Бир қатар жағдайларда бул процесс 3 айдан 12 айға шекем созылады. Соның ушын 2 ҳүжжетти талап етиўди тоқтатыў, және 2 ҳүжжетти санлы интеграция арқалы автоматикалық түрде қәлиплестириў усынысы билдирилди. Нәтийжеде арза бериў ҳәм оны көрип шығыўға 7 есе аз ўақыт кетеди, буйыртпашылардың артықша әўерегершилиги азаяды.

Жаңа тәртипке бола, жойбарлаўға рухсат бериў ҳәм архитектура-режелестириў тапсырмасын бериў процесслери бирден-бир ҳүжжетке бирлестириледи. Бул процесс «ShaffofAI» системасы арқалы автоматикалық түрде, инсан факторысыз әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Нәтийжеде бурын 30 жумыс күнине шекем созылған процесс толық автоматластырылады.

Сондай-ақ, жойбарлаў-изертлеў, қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм эксперт шөлкемлерин лицензиялаўдың жаңа тәртиби енгизиледи. Бүгинги күнде арза бериўде 3 тен 30 ға шекемги ҳүжжетти бириктириў талап етиледи, қарар қабыл етиў ушын болса 14 жумыс күнине шекем ўақыт кетпекте. Усыныс етилип атырған системада мағлыўматлар электрон базалар арқалы автоматикалық түрде тексериледи ҳәм ҳүжжетлерди бириктирип қойыў талабы бийкар етиледи. Енди лицензияны рәсмийлестириў мүддети 14 жумыс күнинен 5 минутқа шекем қысқарады, қарар қабыл етиў процеси 97 процентке тезлеседи.

Қурылыс объектлерин қабыллаў процесин де әпиўайыластырыў режелестирилген. Өткен жылы бул тараўда түрли себеплерге бола 20 мыңнан аслам арза бийкар етилген. Буйыртпашылар кемшиликлерди сапластырыў ушын 1 айдан 3 айға шекем ўақыт жумсаўға мәжбүр болмақта.

Енди мәмлекетлик объектлерди қабыллаўда талап етилетуғын ҳүжжетлер саны 3 тен 1 ге қысқартылады. Техникалық ҳәм авторлық қадағалаў жуўмақлары, муўапықлық ҳаққындағы декларация ҳәм басқа да мағлыўматлар санлы системалар арқалы қәлиплестириледи. Бул арқалы объектлерди қабыллаў мүддети 2 айдан 15 күнге қысқарады.

Соның менен бирге, имараттың беккемлиги ҳәм өрт қәўипсизлигине тәсир етпейтуғын архитектуралық ямаса режедеги өзгерислер себепли объектти қабыллаўдан бас тартыў әмелияты қайта көрип шығылады. Бундай жағдайларда объектти ноқатлы дүзетиўлер киргизген ҳалда қабыл етиў имканияты жаратылады.

Презентацияда қурылыс объектлерин онлайн қадағалаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бүгинги күнде қурылыс объектлеринде видеобақлаў камераларын мәжбүрий орнатыў талабы белгиленбеген. Бул бағдарда биринши басқышта баҳасы 3 миллиард сумнан аслам болған социаллық тараў объектлери, көп қабатлы турақ жайлар, ири саўда ҳәм санаат объектлери, мийманхана ҳәм туризм комплекслеринде камералар орнатыў усынысы билдирилди.

Бул жойбардан өзбасымшалық пенен шегиниў жағдайларын алдыннан анықлаў, қурылыс объектлеринде жумысшылардың анық есабын жүргизиў, мийнет ҳақысын "конверт"те төлеў жағдайларының алдын алыў, жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм мийнет қәўипсизлигин тәмийинлеў имканиятын береди.

Қурылыста техникалық ҳәм авторлық қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў мәселесине де тоқтап өтилди. 2025-жылы техникалық ҳәм авторлық қадағалаў қәнигелери тәрепинен объектлерде 42 мың, кейин ала инспекторлар тәрепинен және 250 мыңнан аслам кемшиликлер анықланған. Бул айырым жағдайларда қадағалаўшылардың жумысы жетерли дәрежеде нәтийжели шөлкемлестирилмегенинен дәрек береди.

Усы мүнәсибет пенен "Шаффоф қурилиш" платформасында техникалық ҳәм авторлық қадағалаў уйымларының реестри ҳәм рейтингин енгизиў усыныс етилмекте. Олардың жумысы аралықтан мониторинг етилип, барлық орынлаў ҳүжжетлери электрон түрге өткериледи. Рейтинги төмен болған қадағалаўшы қәнигелер қайта оқыўға жибериледи, жоқары нәтийже көрсеткенлерге болса аттестат мүддети создырылады.

Қурылыс материалларының сапасын қадағалаў тараўында да тәсиршең механизмлер енгизиледи. Объектке келип түскен ҳәр бир қурылыс материалы nazorat.mc.uz электрон системасында дизимнен өткерилип, сапасын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер мәжбүрий түрде системаға жүкленеди. Сапасыз материаллардан пайдаланған жумысты бөлип алып ислеўшилерге ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилеў усыныс етилди.

Лаборатория сынақлары тараўында да жаңаша қатнаслар енгизиледи. Шетки аймақлардағы қурылыс объектлеринде сынақларды өз ўақтында өткериў ушын мобил қурылыс сынақ лабораторияларын шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул объектлердиң қамтып алыўын 2 есеге арттырыў, сынақ нәтийжелерин оператив түрде алыў ҳәм белгиленген стандартларға әмел етиў имканиятын береди.

Презентацияда нызамсыз қурылыслардың алдын алыў мәселеси де ҳәр тәреплеме додаланды. 1-апрель жағдайына республикамыз бойынша 3 791 нызамсыз қурылыс объекти дизимге алынған. Соннан 1 мың 933 и санаат зоналарына туўра келеди. Айырым объектлерде жерге болған ҳуқық, жойбарлаў ушын рухсатнама, қала қурылысы кеңеси ямаса экспертиза жуўмақлары жоқ екенлиги анықланған.

Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплерге жер участкасына болған ҳуқық пайда болған ўақыттан баслап қурылыс тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң талаплары ҳаққында электрон хабарнама жибериў, "Онлайн мәҳәлле" ҳәм "Шаффоф қурилиш" системаларын интеграциялаў, руқсат етиўши ҳүжжетлерсиз объектлерди қурғаны ушын нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жуўапкершилик илажларын күшейтиў усыныс етилди.

Көп квартиралы турақ жай фондын басқарыў тараўында қадағалаўды күшейтиў мәселеси көрип шығылды.

Әмелдеги нызамшылықта көп қабатлы турақ жайлардың көтериўши конструкцияларын өзбасымшалық пенен бузған шахсларға оперативлик пенен ҳәкимшилик шаралар қолланыў механизмлери жетерли емес. 2023-жылы бундай жағдайлар 563 ти қураған болса, 2025-жылы олардың саны 2 мың 484 ке жетти.

Әсиресе, 50 жылдан аслам ўақыт даўамында пайдаланып киятырған турақ жайларда өзбасымшалық пенен қайта қурыўлар қәўип туўдырады. Елимизде бундай көп қабатлы турақ жайлардың саны 15 мың 270 ти қурайды. Соның ушын олардың категориясын өзгертиў ҳәм реконструкциялаўды шеклеў, инспекцияларға көтерип турыўшы конструкцияларды бузғаны ушын тиккелей жәрийма салыў ўәкиллигин бериў усыныс етилди.

Кадрлар потенциалын арттырыў мәселеси де дыққат орайында болды.

Австрияның Вена ҳәм Италияның Сапиенца университетлери менен биргеликте Ташкент, Наманган ҳәм Қаршы қалаларындағы жоқары оқыў орынларында билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестирип, потенциаллы қәнигелерди раўажланған мәмлекетлерге стажировкаға жибериў, жаңа билим ҳәм көнликпелерди әмелиятқа енгизиў системасын жолға қойыў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз тараўдағы барлық жаңалықлар әмелият пенен тығыз байланыслы болыўы керек екенлигин атап өтти. Мәмлекетимиз басшысы аймақлардағы студиялардан усы тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң пикирлерин тыңлап, усынысларды қоллап-қуўатлап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.