Ҳүжжетте балаларды зорлықтан қорғаў, билимлендириў ҳәм медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм балалардың мәплерине бағдарланған мәмлекетлик қәрежетлерди көбейтиў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар белгиленген.
22-октябрь күни "Балалардың абаданлығына инвестиция киргизиў: келешек әўладлар ушын турақлы ҳәм әдил раўажланыўға қарай жол" атамасындағы Жәҳән саммити жуўмағында Самарқанд декларациясы тастыйықланды. Еки күн даўам еткен саммит 21-22-октябрь күнлери болып өтти.
Илаж Өзбекстан тәрепинен БМШ Бас хаткериниң балаларға болған зорлық мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили, ЮНИСЕФ, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм Жәҳән банки менен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда биринши ханымлар, министрлер, халықаралық шөлкемлер, пуқаралық жәмийети, илимий топарлар ҳәм бизнес ўәкиллери, сондай-ақ, балалар ҳәм жаслар қатнасты.
Балалар ҳуқықлары ҳәм қәўипсизлиги тийкарғы ўазыйпа
Декларацияда қатнасыўшылар Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция принциплерине садықлығын тастыйықлады. Ҳүжжетте балалар дүнья халқының үштен бир бөлегин қурайтуғыны, олардың абаданлығына киргизилген инвестициялар болса денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мийнет өнимдарлығы, социаллық аўызбиршилик ҳәм тынышлықты беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилген.
Мәмлекетлер миллий шараят ҳәм имканиятлардан келип шығып, бир қатар бағдарларда илажлар көриўди нәзерде тутпақта. Соннан:
балалар ҳәм шаңарақлар ушын социаллық қорғаў ҳәм напақа системасын жетилистириў;
балаларды зорлық, мийримсиз мүнәсибет ҳәм эксплуатациядан, соның ишинде, интернет орталығында қорғаў;
ерте балалықтағы раўажланыў, инклюзив билимлендириў ҳәм медициналық хызметлерди қоллап-қуўатлаў;
балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў илажларын күшейтиў;
ата-аналар ҳәм қәўендерлерге жәрдем бериў, балалардың шаңарағынан тийкарсыз ажыратылыўына жол қоймаў;
жасларды санлы ҳәм "жасыл" экономика талапларына таярлаў, олар ушын мүнәсип мийнет имканиятларын кеңейтиў.
Балалар ушын мәмлекетлик қәрежетлер арттырылыўы мүмкин
Декларацияның әҳмийетли бағдарларынан бири қаржыландырыў мәселесине бағышланған. Онда мәмлекетлик инвестицияларды балалардың мәплерине бағдарлаўды избе-из арттырыў, миллий бюджетлердиң ашық-айдынлығын күшейтиў ҳәм бюджет қарарларында балалардың талапларын есапқа алыў зәрүр екенлиги атап өтилген.
Сондай-ақ, халықаралық финанс институтлары, раўажланыў шериклери, қайырқомлық қорлары ҳәм жеке меншик секторды балалардың абаданлығына ажыратылатуғын қаржыларды көбейтиўге шақырылған. Бул, әсиресе, дәраматы төмен ҳәм орташа болған мәмлекетлер, сондай-ақ, қураллы келиспеўшиликлер, климат өзгериўи ҳәм тәбийғый апатшылықлардан жәбир көрген мәмлекетлер ушын әҳмийетли болып есапланады.
Балалар қарар қабыл етиўде де қатнасады
Ҳүжжетте балалар ҳәм жас өспиримлер өзгерислердиң белсенди қатнасыўшылары сыпатында тән алынған. Қатнасыўшылар олардың қарар қабыл етиў процесслеринде қәўипсиз ҳәм мазмунлы қатнасыўын тәмийинлеўге, соның ишинде, декларацияны әмелге асырыўда олардың пикирин есапқа алыўға таяр екенлигин билдирген.
Декларацияда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў миллий сиясат ҳәм бюджетлер арқалы, ҳәр бир мәмлекет өзи белгилейтуғын мүддетлер ҳәм турақлы есабатлар тийкарында алып барылады. Ерисилген нәтийжелерди баҳалаў ушын кейин ала және ушырасыўға келисип алынған.
Саммит қатнасыўшылары илажды Самарқандта шөлкемлестиргени ушын Өзбекстан халқы ҳәм ҳүкиметине миннетдаршылық билдирип, қаланы "цивилизациялар кесилиспеси" деп атады.
Саммит жуўмағын "Оскар" сыйлығының ийеси Эдриан Броуди жуўмақлады. Ол, сондай-ақ, Шаҳноза Мирзиёеваға өзи салған сүўретти саўға етти.