Илажда Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Сербия Президенти Александр Вучич, Болгария Президенти Илияна Йотова, Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе, Қазақстан Бас министри Олжас Бектенов, БМШтың елатлы пунктлер бойынша бағдарламасының атқарыўшы директоры Анаклаудия Россбах, сондай-ақ, бир қатар сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларының басшылары қатнасты.

Форумда қалаларды турақлы раўажландырыў, халықты арзан турақ жай менен тәмийинлеў, қала орталығының сапасын арттырыў, климат турақлылығын беккемлеў, турақ жай қурылысын қаржыландырыў механизмлерин жетилистириў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде форумның "Ҳәмме ушын турақ жай: қәўипсиз ҳәм турақлы қалалар ҳәм мәҳәллелер" темасы жедел урбанизацияласыў шараятында айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Ҳәр қыйлы есап-санақларға бола, XXI әсирдиң орталарына келип, дүнья халқының дерлик 70 проценти қалаларда жасайды.

Мәмлекетимиз басшысы урбанизация процесслери жеделлесип, социаллық қәўип-қәтерлер артып атырғанын атап өтти. Бүгинги күнде дүньяда дерлик 3 миллиард адам турақ жай шараятына ийе емес, 1 миллиардтан асламы рәсмий емес елатлы пунктлерде ҳәм қарабақаналарда жасап атыр, 300 миллионнан аслам адам болса улыўма турақ жайдан айырылған. Климат өзгерислери, халықаралық кескинлик ҳәм экономикалық кризислер глобал миграцияның жаңа толқынларын келтирип шығарып, қалаларға қосымша басым түсирмекте.

- Әпиўайы етип айтқанда, урбанизация процесслери глобал турақлылық ҳәм қәўипсизликке тиккелей тәсир ететуғын үлкен факторға айланбақта, - деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Жаңа Өзбекстан ушын қалаларды турақлы раўажландырыў стратегиялық тийкарғы бағдарлардан бири екенин атап өтти. Келеси 15 жылда мәмлекетимиз халқы 38 миллионнан 50 миллионға, урбанизация дәрежеси болса 51 проценттен 65 процентке артыўы күтилмекте.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимизде қала инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм турақ жай қурылысы бойынша кең көлемли бағдарлама әмелге асырылмақта. Соңғы 10 жылда ҳәр жылы қурылып атырған турақ жайлардың көлеми 10 есеге артты. 2025-жылы 238 мың турақ жай қурылған болса, 2030-жылға барып бул көрсеткиш және бир ярым есеге артады. Ҳәр жылы арзан турақ жайлар ушын мәмлекетлик бюджеттен 2 миллиард долларға шамалас қаржы қаратылмақта.

Рәсмий емес турақ жайлар машқаласын шешиў мақсетинде 2024-жылы өз алдына нызам қабыл етилип, 100 мыңға шамалас турақ жайлардың ҳүжжетлери рәсмийлестирилген. Сондай-ақ, елимизде жаңаланатуғын турақ жай фондының үлесин 15 проценттен 60 процентке арттырыўды нәзерде тутатуғын ескирген турақ жайларды реновациялаў бағдарламалары әмелге асырылмақта.

Бул процесслерди муўапықластырыў ушын Урбанизация бойынша миллий комитет дүзилди.

Қалалардың экологиялық турақлылығына айрықша итибар қаратылмақта. "Жасыл мәкан" ҳәм "Таза ҳаўа" бағдарламалары шеңберинде 2030-жылға шекем қалалардың көклемзарласыў дәрежесин 30 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы аймақларды абаданластырыў, халықтың турмыс сапасын арттырыўда мәҳәлле институтының әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Заманагөй "жасыл", "ақыллы", "қәўипсиз" ҳәм "15 минутлық" қала принциплери тийкарында әмелге асырылып атырған "Жаңа Ташкент" мегажойбары менен таныстырылды. Биринши басқышта улыўма баҳасы 25 миллиард доллардан аслам инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў баслап жиберилген.

- Ең әҳмийетлиси, бундай "Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў жойбарлары тек ғана пайтахтымызда емес, ал елимиздиң барлық аймақларында әмелге асырылмақта. Ҳәзирги күнге шекем 61 сондай массив қурылған болса, 2030-жылға барып олардың саны 100 ге жетеди, - деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан Президенти шығып сөйлеген сөзинде бир қатар халықаралық басламаларды алға қойды.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы киши ҳәм орта қалаларды үнлес раўажландырыў ушын "баланслы урбанизация" принциплерин кеңнен енгизиўге шақырды.

Қала басқарыўын санлы трансформациялаў тараўында технологиялар, стандартлар ҳәм ең жақсы тәжирийбелерди алмасыў ушын платформаға айланатуғын халықаралық "Ақыллы ҳәм қәўипсиз қалалар альянсы"н шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Жаслардың ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларының сапалы турақ жайдан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў мақсетинде 2027-жылы Самарқандта турақ жай қурылысына қаржы ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша жаңа көзқарасларға бағышланған халықаралық форум өткериў усыныс етилди.

Экологиялық турақлы қалалардың раўажланыўын хошаметлеў мақсетинде БМШ-Хабитат "Жасыл қала" халықаралық сыйлығын шөлкемлестириў усынысы және бир баслама болды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти 2030-жылы Жаңа Ташкент қаласында "Қалаларды турақлы раўажландырыўда мәҳәллелердиң рольи" темасында Пүткил жер жүзилик урбанизация форумының 15-сессиясын өткериўди усыныс етти.

Саммитте басқа да сырт ел делегацияларының басшылары шығып сөйледи.