Жаңа илажлар мүддети өткен ўақытша 10 процентлик тарифтиң орнын басқан. Сондай-ақ, олар Жоқары суд тәрепинен бурынғы "жуўап" бажылардың бир бөлеги бийкар етилгеннен кейин, Дональд Трамп ҳәкимшилигиниң биринши ири саўда басламасы болды.

Бажылар 1974-жылғы "Саўда ҳаққында"ғы нызамның 301-бөлими шеңберинде енгизилген. АҚШ саўда ўәкили басқармасы (USTR) мағлыўматларына қарағанда, олар Америка импортының шама менен 99,4 процентин қамтып алады, бирақ барлық товарларға да тийисли емес.

Жаңа тарифлер шеңберинен нефть ҳәм газ, төгинлер, айырым азық-аўқат өнимлери, әҳмийетли минераллар, самолётлар ҳәм комплектлеўши бөлеклер, сондай-ақ, автомобильлер, полат, алюминий ҳәм басқа да басқа тийкарлар бойынша салыққа тартылатуғын өнимлер шығарылды.

10 процентлик ставка Канада, Уллы Британия, Ҳиндстан, Мексика, Малайзия, Пакистан, Индонезия, Бангладеш ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлердиң товарларына қолланылады. 12,5 проценти Қытай, Россия, Въетнам ҳәм және 35 мәмлекет ушын белгиленген. Европа Аўқамы, Япония, Қубла Корея, Швейцария ҳәм Тайван ушын да жуўмақлаўшы тариф жүги әмелдеги бажыларды есапқа алған ҳалда 10-12,5 процентти қурайды.

Орайлық Азия мәмлекетлеринен дизимге тек ғана Қазақстан киргизилген болып, оған салыстырғанда 12,5 процентлик бажы енгизилген. Өзбекстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан дизимге киргизилмеген, соның ушын оларды АҚШқа экспорт етиўге жаңа шеклеўлер қолланылмайды.

Вашингтонда жаңа илажлар мәжбүрий мийнеттен пайдаланған ҳалда ислеп шығарылған товарлар импортына қарсы гүресиўге қаратылғаны айтылды.

"АҚШ дерлик бир әсирден берли бундай импортты қадаған етип келмекте ҳәм бул қадаған етиўге қатаң әмел етпекте. Бизиң саўда шериклеримиз де солай ислеўи ушын ўақыт жетип келди", - деп АҚШтың саўда ўәкили Джеймисон Грирдиң сөзлерин келтирмекте "Reuters" агентлиги.

Бир қатар мәмлекетлер әллеқашан АҚШтың бул қарарын сынға алды. Қытай бир тәреплеме тарифлерге қарсы шыққан, Австралия, Бразилия ҳәм Норвегия оларды тийкарсыз деп атаған, Европа Аўқамы болса Вашингтон алдын келисилген шекленген тарифлерди сақлап қалғанын атап өткен.