Буннан тысқары,
меморандум шеңберинде финтех-инновациялар, ашық банкинг (Open Banking), орайлық
банклердиң санлы валюталары (CBDC), тәртипке салыў "қум қутысы"
механизмлери, сондай-ақ, қәўип-қәтерлерди баҳалаў методологиялары бойынша билим
ҳәм әмелий тәжирийбе алмасыў нәзерде тутылған.
Меморандум
орайлық банклер арасында кәсиплик ҳәм экспертлик қарым-қатнасты беккемлеў,
тийисли бағдарлар бойынша еки тәреплеме жумысшы ушырасыўлар, оқыў илажлары ҳәм
семинарларды шөлкемлестириў, алдынғы тәжирийбе ҳәм заманагөй көзқараслар
алмасыўына жәрдемлесиўге қаратылған.