Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм ишки ислер уйымлары менен биргеликте өткерилген оператив илажлар даўамында еки жағдай атап өтилди.
Әндижан қаласындағы туристлик фирмасының ис жүргизиўшиси фирма "Умра" зыяратын шөлкемлестириў ушын тийисли лицензияға ийе болмаса да, Балықшы районында жасайтуғын пуқараның исенимине ерисип, оның төрт туўысқанын Саудия Арабстанына зыяратқа жибериўди ўәде еткен.
Буның ушын ол 4 400 АҚШ доллары талап еткен. Оператив илажда фирма ис жүргизиўшиси соралған пулды алып атырған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.
Ферғана ўәлаятының Таслақ районында да тап усындай жағдай анықланған. 2007-жылы туўылған шахс Ферғана қаласында жасаўшы еки пуқараны Наманган ўәлаятындағы туристлик фирмасы арқалы "Умра" зыяратына жибериўди ўәде еткен.
Ол бул хызмет ушын 2 100 АҚШ доллары талап еткен. Шахс алдыннан 1 000 АҚШ долларын алған ўақытта оның нызамға қайшы ҳәрекетлерине шек қойылған.
Ҳәзирги ўақытта ҳәр еки жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.